Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында

    Орайлық Азия өз раўажланыўының жаңа, тарийхый әҳмийетке ийе басқышына қәдем қоймақта. Бүгин биз ҳақыйқый тилеклеслик басқышына өтпектемиз. Бизиң регионымызда узақ жыллар даўамында биргеликте алға қарай барыўымыз ушын тийкар болып хызмет етип атырған өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм ҳүрмет орталығы қәлиплеспекте.

    Бул - өз-өзинен пайда болған процесс емес, ал улыўма тәғдири ҳәм биргеликте раўажланыў потенциалын аңлап жеткен мәмлекетлеримиз жетекшилериниң анық мақсетке қаратылған ҳәрекетлери ҳәм сиясий ерк-ықрары нәтийжеси болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул процесс өз-ара исеним орталығында барған сайын жеделлесип атырғаны Орайлық Азия мәмлекетлери халықлары тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған регионаллық бирге ислесиў кең көлемдеги зәрүрликке айланғанынан дәрек береди.

    Бирге ислесиўимизди регионаллық жақынласыўдың жаңа басқышына алып шығыў ушын мәмлекетлеримиз дәрежесинде шараят жаратылғанын көрип турмыз. Алдымызда ерисилген келисимлерди пуқаралар ҳәм бизнес ушын анық нәтийже ҳәм қолайлықларға айландырыўдай стратегиялық ўазыйпа тур. Орайлық Азия қарарлар ҳүжжет сыпатында емес, ал регион мәмлекетлеринде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм адамлардың күнделикли турмысын жақсылаў ушын қабыл етилетуғын, имканиятлардан биргеликте пайдаланылатуғын улыўма мәканға айланыўы керек.

    Салыстырмалы қысқа мүддетте регионаллық бирге ислесиў ҳәм исенимли қарым-қатнастың нәтийжели механизмине айланған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары регионымызда болып атырған өзгерислердиң айқын көриниси болып есапланады. Бул ушырасыўлар Орайлық Азияның бүгинги раўажланыўы ҳәм келешегине байланыслы стратегиялық мәселелер бойынша улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын тийкарғы сөйлесиў майданы сыпатында қәлиплести.

    Болажақ Ташкент саммити турақлы, өз-ара байланыслы ҳәм абадан Орайлық Азияны биргеликте қурыўда жаңа әҳмийетли басқышты баслап береди.

    Мәмлекет басшыларының Ташкенттеги ушырасыўы биз баслаған жолдың даўамы сыпатында еллеримиздиң өз-ара түсинисиў ҳәм шериклик руўхына садықлығын тастыйықлаўы, регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўде түпкиликли бурылыс жасаўы керек.

    Жәҳән тәртибиниң кең көлемде трансформацияға ушыраўы, глобал экономиканы ыдыраўға қаратылған қәўип-қәтерлер, климат өзгериўи, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги менен байланыслы машқалалардың кескинлесип атырғаны ҳәрекетлеримизди бирлестириў жолындағы умтылысымызды күшейтти.

    Булардың барлығы Орайлық Азия мәмлекетлеринен және де бирлесип ҳәрекет етиўди талап етеди. Мине соның ушын да бүгинги күнде бирге ислесиўимизди беккемлеў тек ғана сиясий мақсет емес, ал стратегиялық зәрүрлик болып табылады. Орайлық Азия турақлылық ҳәм дөретиўшилик аймағына, регионаллық өз-ара байланыслылық турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсизлик ушын беккем тийкар болып хызмет етип атырғанының үлгисине айланды.

    Мәсләҳәт ушырасыўлары форматы жолға қойылған 2017-жыл регионаллық бирге ислесиў тарийхында түпкиликли бурылыс жасады. Регион жетекшилери көп жыллар даўамында биринши мәрте сыртқы дәлдалшыларсыз системалы ҳәм турақлы сөйлесиўди баслады. Бул исенимге, ашық-айдынлық ҳәм улыўма мәплерди аңлаўға тийкарланған жаңаша сиясий ойлаў символына айланды. Әйне Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңбериндеги сөйлесиў себепли ески дәўирден қалған бир қатар келиспеўшиликлерди сапластырыў ҳәм исенимсизликтен ҳақыйқый бирге ислесиўге өтиўге ерисилди.

    Регионаллық бирге ислесиў бағдарында басланған жаңа басқыштың ең әҳмийетли жетискенликлеринен бири - шегара мәселелери үзил-кесил шешилгени болып есапланады. Жақын-жақынға шекем илажсыз болып көринген бул машқаланың шешими бүгин реал жағдайға, бир ўақытлары бизлерди ажыратып турған шегаралар болса дослық ҳәм бирге ислесиў көпирине айланды. 2025-жыл март айында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында үш мәмлекеттиң шегаралары тутасқан ноқат ҳаққындағы Шәртнама ҳәм Хоженд декларациясының қол қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя болып есапланады. Буны ҳақылы түрде тарийхый ўақыя деп атаў мүмкин.

    Регион мәмлекетлериниң ғәрезсиз раўажланыў тарийхында биринши мәрте өз ара шегаралардың барлығы ҳуқықый жақтан рәсмийлестирилди, онлаған жыллар даўамында кескинлик дәреги болып келген мәселеге нуқта қойылды.

    Усы жылдың октябрь айында болып өткен Ферғана тынышлық форумы мәмлекетлеримиздиң Ферғана ойпатлығында тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўге болған өз-ара умтылысының айқын әмелий тастыйығы, Орайлық Азияда болып атырған дөретиўшилик процесслериниң көриниси болды.

    Бурын кескин келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықларға себеп болып келген суў-энергетика тараўында да принципиаллық унамлы өзгерислер жүз бермекте. Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан арасында Қамбарата ГЭС-1 жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққындағы келисим регионның суў-энергетика ресурсларынан биргеликте пайдаланыў әмелиятында жаңа бет ашқаны туўысқанлық бирге ислесиўдиң айқын дәлили болып табылады.

    Ташкент ҳәм Бишкек арасында Чашма булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққындағы келисим ақылға уғрас маўасаға мысал бола алады.

    Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның қатнасыўында Зарафшан дәрьясында Яван ҳәм Фондәрья ГЭСлерин қурыў бойынша бирге ислесиў алға илгерилемекте, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қазақстан арасында Баҳри Тәжик суў сақлағышын вегетация дәўиринде келисилген тәртипте ислетиў бойынша келисимлерге ерисилди.

    Түркменстан менен ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде Әмиўдәрья суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша келисимге ерисилди. Бул суў ресурсларын биргеликте басқарыўды жақсылайды ҳәм экологиялық машқалалар қәўпин азайтады.

    Булардың барлығы исеним, өз-ара мәпдарлық ҳәм улыўма ресурсларға әдил қатнас жасаўға тийкарланған жаңа бирге ислесиў руўхын қәлиплестирмекте. Бундай жойбарлар халықтың экономикалық белсендилигин қоллап-қуўатлаў ҳәм регионның энергетикалық қәўипсизлигин беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

    Соның менен бирге, шегара тәртип-қағыйдалары ҳәм гуманитарлық байланыслар тараўында әҳмийетли өзгерислер жүз бермекте. 2023-жыл сентябрь айынан баслап Өзбекстан ҳәм Қырғызстан пуқаралары ID-карталары тийкарында шегарадан өтип атырғаны адамлардың еркин ҳәрекетлениў аймағын қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Қазақстан ҳәм Тәжикстан менен де усындай келисимлер ислеп шығылмақта. Аймақлар арасындағы байланыслар кеңеймекте, шегара алды саўда көлеми артпақта, гуманитарлық ҳәм мәдений байланыслар беккемленбекте.

    Бирге ислесиўди институционаллық жақтан рәсмийлестириў бойынша қәдемлер де үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда 2023-жылы Душанбе қаласында өткерилген бесинши Мәсләҳәт ушырасыўын атап өтиў керек.

    Бул ушырасыўда мәмлекет басшыларының келисимлерин таярлаў ҳәм әмелге асырыўдың турақлы механизми сыпатында Миллий муўапықластырыўшылар кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бул механизмниң иске қосылыўы Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына системалы түр бериў ҳәм биргеликте алға қойылған басламаларды әмелге асырыўда избе-изликти тәмийинлеў имканиятын берди. Сондай-ақ, парламентлераралық сөйлесиў ҳәм Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери дәрежесинде турақлы ушырасыўлар жолға қойылған.

    2022-жылы болып өткен Шолпаната ушырасыўы жуўмақлары бойынша суверен теңлик, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм регион келешеги ушын биргеликтеги жуўапкершилик принциплерин беккемлеген XXI әсирде Орайлық Азияны раўажландырыў мақсетлеринде дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы шәртнамалық-ҳуқықый базаны буннан былай да беккемлеўге хызмет етти. 2025-жылы Тәжикстанның бул ҳүжжетке қосылғаны регионаллық тилеклесликти беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Биз бул қарарды қоллап-қуўатлаймыз ҳәм жақын келешекте Орайлық Азияда өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик руўхын пүткиллей беккемлеўге хызмет ететуғын бул шәртнамаға регионның барлық мәмлекетлери тәрепинен қол қойылыўын күтип қаламыз.

    2022-жылы мәмлекет басшылары тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлериниң көп тәреплеме форматлар шеңбериндеги бирге ислесиў концепциясы да тастыйықланды. Онда регион мәмлекетлери халықаралық платформаларда, соның ишинде, "Орайлық Азия плюс" форматларында өз-ара муўапық ҳәрекет етиўдиң бағдарлары белгилеп алынды.

    2024-жылы Астана саммитинде қабыл етилген "Орайлық Азия - 2040" регионаллық кооперацияны раўажландырыў концепциясы әҳмийетли бағдарламалық ҳүжжет болды. Онда регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлеримиздиң раўажланыўына қаратылған бирге ислесиўдиң узақ мүддетли тийкарғы бағдарлары беккемлеп қойылды.

    Усы тәризде көп қырлы өз-ара бирге ислесиў архитектурасын қурар екенбиз, раўажланыў ушын үлкен дәреклерди ашып бердик.

    Мәмлекетлердиң ҳәрекетлери менен регионда жаңа экономикалық ҳақыйқатлық қәлиплеспекте. Соңғы сегиз жыл даўамында Орайлық Азия мәмлекетлериниң жалпы ишки өними дерлик еки ярым есеге өсип, 520 миллиард долларға, сыртқы саўда көлеми болса еки еседен зыят көбейип, 253 миллиард долларға жетти. Соның менен бирге, регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда көлеми 2 есеге артып, дерлик 11 миллиард долларға, өз-ара инвестициялар болса 5,6 есеге жетти. Бир ғана елимизди алатуғын болсақ, Өзбекстанның регион мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 2016-жылдағы 2,4 миллиард доллардан 2024-жылы 7,2 миллиард долларға жетти, қоспа кәрханалардың саны болса 1800 ден асты.

    Санаатта Орайлық Азия турақлы түрде жылына 6 процент әтирапындағы өсиўди көрсетпекте, бул дүньядағы орташа өсиў пәтинен еки есеге жоқары. Бундай табыс өндирис кооперациясының жаңа формаларын жолға қойыў - қоспа инвестициялық фондларды (соның ишинде, Өзбекстан-Қырғызстан, Өзбекстан-Тәжикстан ҳәм Қазақстан-Қырғызстан) шөлкемлестириў, автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы тараўларында жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы. Регион мәмлекетлери тәрепинен тастыйықланған 2025-2027-жылларда санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер режеси бирге ислесиўдиң әҳмийетли қуралына айланбақта. Киши ҳәм орта бизнестиң өсиўине көмеклесетуғын шегара алды саўда зоналары ҳәм халықаралық санаат кооперациясы орайлары жедел раўажланбақта.

    Гуманитарлық тараўда да кейинги жылларда байланыслар беккемленбекте. Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының қарым-қатнасы ҳәм Жаслар платформасы шөлкемлестирилди, 2022-жылдан баслап ректорлар ҳәм илимпазлар форумлары өткерилмекте.

    Ең әҳмийетлиси, туўысқан халықларымыз болып атырған барлық унамлы өзгерислерди өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте. Жаңа өткериў пунктлериниң ашылғаны, авиақатнаўлар, темир жол ҳәм автобуслардың жолға қойылғаны өз-ара барыс-келислерди бир неше есеге арттырыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў имканиятын берди. Регион мәмлекетлериниң улыўма туристлик ағымында ишки регионаллық туризмниң үлеси 80 проценттен артты.

    Жақын-жақынға шекем әрман болып көринген еркин ҳәрекетлениў, өз-ара ҳүрмет, жақынлық ҳәм исеним сезими бүгин әмелдеги ҳақыйқатлыққа айланбақта.

    Әсте-ақырын Орайлық Азияның жаңа регионаллық өзгешелиги пайда болмақта. Бул өзгешеликлеримизди тән алыў ҳәм соның менен бирге халықларымыздың улыўма тарийхын, уқсас мәдениятын, тәғдирлеримиз өз-ара байланыслы екенин терең аңлаўға тийкарланады. Қоңсышылық - қәўип емес, имканият, бир тәрептиң табысы - ҳәммениң табысы деген бирден-бир регионаллық мәканға тийислилик сезими қәлиплеспекте.

    Мине усындай исеним, өз-ара түсинисиў ҳәм улыўма келешек руўхы бүгинги күнде регионаллық бирлесиўди және де беккемлеў, яғный турақлы ҳәм өз-ара байланыслы, абадан Орайлық Азияны биргеликте қурыў бойынша Орайлық Азия процесин баслаў ушын ең әҳмийетли таяныш тийкар болып есапланады.

    Орайлық Азияның ҳәр бир мәмлекети өз ҳәрекетлерин экономиканы раўажландырыў, исенимди беккемлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиўге бағдарлаў арқалы регионымыздың турақлылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеўге сезилерли үлес қосып атырғанын атап өтиў орынлы.

    Қазақстан транспорт коридорларын жедел раўажландырмақта, шегара пунктлерин модернизацияламақта, саўда тосқынлықларын сапластырмақта ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша жойбарларды әмелге асырмақта. Қырғызстан ҳәм Тәжикстан музлықлардың ериўи менен байланыслы мәселелерде избе-из бирге ислесип келмекте, энергетика системаларын модернизациялаў ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырмақта. Түркменстан тынышлық ҳәм исенимди беккемлеў, регионның транспорт-транзит потенциалын арттырыў, БМШтың Арал бассейни ҳәм климат технологиялары бойынша бағдарламасын қабыл етиўге байланыслы әҳмийетли басламаларды алға қоймақта.

    Әмелий ҳәрекетлеримиз, келешек ушын жуўапкершилигимиз, жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм өз-ара пайда принциплерине садықлығымыз соны дәлилледи: Жаңа Орайлық Азия тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм дөретиўши шериклик жолын таңламақта. Символикалық мәнисте айтқанда, биз дийўал емес, көпир қурып атырмыз.

    Регионаллық бирлесиў бағдарындағы жетискенликлер себепли бүгинги күнде Орайлық Азия халықаралық қатнасықлардың өз мәплери ҳәм раўажланыў жолларын анық көз алдына келтиретуғын бийғәрез ҳәм жуўапкершиликли қатнасыўшысы сыпатында қәлиплести.

    "Орайлық Азия плюс" бирге ислесиў форматлары регионның халықаралық ҳуқық субъекти сыпатындағы орны күшейип баратырғанының көриниси ҳәм турақлылық ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли орайы сыпатындағы ролиниң тән алыныўы болды.

    Бурын сыртқы бирге ислесиўшилер байланысларды тийкарынан еки тәреплеме тийкарда қурған болса, бүгинги күнде дүньяның жетекши мәмлекетлери ҳәм бирлеспелери Орайлық Азия менен қатнасықларды тутас регионаллық шерик сыпатында раўажландырмақта.

    Бул регионның басқа шериклер менен қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығады: Орайлық Азия сыртқы шериклер менен халықаралық қатнасықлардың бирден-бир субъекти сыпатында сөйлессе, оның ҳаўазы бәлентирек ҳәм исенимлирек жаңлайды, позициямыз күшлирек болады, инвестицияларды тартыў, басқа мәмлекетлер менен барлық бағдарларда да бирге ислесиўди күшейтиў бойынша ўазыйпаларды және де нәтийжели шеше аламыз.

    Дүньяға ашықлығымыз, нийетлеримиздиң ашық-айдынлығы ҳәм қатнасыққа бейимлигимиз халықаралық майданда Орайлық Азияны жаңаша қабыл етиўимиз ушын тийкар болды.

    Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азияны дүняның жетекши мәмлекетлери ҳәм бирлеспелери менен байланыстыратуғын оннан аслам "Орайлық Азия плюс" форматлары жумыс алып бармақта. Усы жылдың өзинде "Орайлық Азия - Европа Аўқамы," "Орайлық Азия - Қытай," "Орайлық Азия - Россия" ҳәм "Орайлық Азия - АҚШ" саммитлериниң болып өткени регионның глобал сиясаттағы жеделлиги ҳәм стратегиялық әҳмиети артып атырғанын тастыйықлайды.

    Жаңадан-жаңа "Орайлық Азия плюс" сөйлесиўлери мәмлекет басшылары дәрежесине көтерилип атырғаны олардың әмелий әҳмиети ҳәм сиясий қунының артып атырғанынан дәрек береди. Бир қатар форматларда болса енергетика, транспорт, "жасыл экономика" ҳәм санластырыў тараўларында анық жойбарларды ислеп шығыў ушын жумысшы топар ҳәм секретарьиатлар шөлкемлестирилмекте.

    Аўғанстан менен байланыслы мәселелерди шешпей турып, регионаллық турақлылықты беккемлеп болмайды. Бўл мәмлекет улыўма регионымыздың бир шетинде емес, ал оның тәбийий бир бөлеги есапланады. Пүткил Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықтың беккем болыўы көп тәреплеме Аўғанстанның тиклениўи ҳәм раўажланыўына байланыслы.

    Аўғанстанның жапакеш халқы терең гуманитарлық кризис шараятында жасаўды даўам етпекте. Усы мүнәсибет пенен регион мәмлекетлери Аўғанстанды регионаллық ҳәм халықаралық процесслерге избе-из тартыў зәрүрлигинен келип шықпақта. Бул болса усы мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм кең регионымызда турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

    Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын Трансаўған темир жолын қурыў үлкен әҳмиетке ие. Бул жойбардың әмелге асырылыўы саўда, инвестициялар ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылық ушын жаңа имканиятлар жаратады, сондай-ақ, Аўғанстанның экономикалық тиклениўи ушын тийкар болып хызмет етеди.

    Соның менен бирге, аўған халқына гуманитарлық ҳәм билимлендириў бағдарында жәрдем көрсетиў, энергетика тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, экономиканың әҳмийетли тармақлары ушын қәнигелер таярлаў жумыслары даўам етпекте.

    Аўғанстан улыўма тынышлық ҳәм қәўипсизлик, бирге ислесиў ҳәм раўажланыў мәканының бир бөлегине айланыўы зәрүр. Бул регионның барлық мәмлекетлериниң мәплерине жуўап береди ҳәм Орайлық Азияның қубла шегараларында турақлылық белбеўин қәлиплестириўге хызмет етеди.

    Жоқарыда айтып өтилгениндей, бүгинги күнде Орайлық Азия өзиниң жедел раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қоймақта. Биз еки тәреплеме мәселелерди шешиўден климат өзгериўи, энергетика тараўындағы өтиў, суў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, санлы технологияларды раўажландырыў сыяқлы тийкарғы регионаллық қәўиплерге биргеликте шешим табыўға қарай бармақтамыз. Еллеримиз алдында улыўма жуўапкершилик, өз-ара исеним ҳәм келешегимиз ҳаққындағы бирдей көзқарасқа тийкарланған бирге ислесиўдиң жаңа шеклери ашылмақта.

    Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия жақын он жыллықларда қандай раўажланады, деген принципиал сораўға биргеликте жуўап бериўимиз зәрүр.

    Орайлық Азия халқы 80 миллионлық шегарадан өтип болды, БМШ прогнозларына бола, 2050-жылға барып, бул көрсеткиш 100 миллионнан артады. Сондай-ақ, Орайлық Азия дүньяның ең жас регионларынан бири болып, халқының орташа жасы тек ғана 29 жасты қурамақта.

    Алдымызда бул демографиялық ресурсты раўажланыў ҳәм инновацияның қүдиретли факторына айландырыў, жасларымыздың талант ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў ўазыйпасы тур.

    Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлеримиздиң өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў суверенитет, тең ҳуқықлылық ҳәм ишки ислерге араласпаў бағдарындағы беккем тийкар тийкарында әмелге асырылыўы зәрүр деген салмақлы көзқарасын атап өтиў әҳмийетли болып табылады. Ҳеш ким регион мәмлекетлерине жат моделлерди тығып қоймаўы ямаса миллий структуралардан үстин туратуғын структураларды жаратпаўы лазым.

    Орайлық Азиядағы бирге ислесиў ықтыярлы, прагматикалық ҳәм мәмлекетлеримиз халықларына пайда келтиретуғын реал нәтийжелерге бағдарланған болып қалыўы керек.

    Ҳәзирги басқышта алдымызда оғада әҳмийетли мәселелер тур, регионымыздың турақлылығы ҳәм раўажланыў пәтлери олардың шешилиўине байланыслы.

    Бириншиден, регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўди даўам еттириў - бар механизмлерди беккемлеп, оларға турақлы түр ҳәм әмелий мазмун бағышлаў зәрүр. Ақыр-аяғында нәтийжели регионаллық институтларсыз бирге ислесиўди системалы раўажландырыў ҳәм қабыл етилип атырған қоспа қарарларды сапалы әмелге асырыўды тәмийинлеп болмайды.

    Екиншиден, қәўипсизлик тараўындағы мақсетимиз - қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша улыўма потенциалды қәлиплестириўден ибарат. Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери, арнаўлы хызметлер, қорғаныў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының турақлы ушырасыўларын даўам еттириў лазым. "Қәўипсизликтиң бөлинбеўи" принципи тийкар болып қалыўы керек. Соның менен бирге, регионаллық бирге ислесиў әмелдеги халықаралық механизмлер менен тығыз байланыслы болыўы, турақлылықты беккемлеў ҳәм мәмлекетлер және улыўма, регион қәўипсизлигине болған қәўип-қәтерлердиң кең шеңберине қарсы турыў бойынша өз потенциалын қәлиплестириў зәрүр.

    Үшиншиден, экономикалық тараўда ишки регионаллық саўданы раўажландырыў, шегаралардан өтиў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм өз-ара инвестициялар ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли. Санаат кооперациясын жеделлестириў, регионаллық ҳәм аймақлараралық жеткерип бериў шынжырларын қәлиплестириў, шегара алды саўда зоналарын раўажландырыў, транспорт ҳәм экономикалық коридорлар тармағын кеңейтиў, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм санлы экономика тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў зәрүр.

    Бирге ислесиўдиң экологиялық тәрепине - климат өзгерислерине бейимлесиў, трансшегаралық суў ресурсларын ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, "жасыл" энергетикаға ҳәм кем углеродлы технологияларға өтиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерге айрықша итибар қаратыўымыз керек.

    Орайлық Азия турақлы экологиялық раўажланыў регионы ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершиликли мүнәсибеттиң үлгиси бола алады ҳәм сондай болыўы керек.

    Төртиншиден, гуманитарлық бирге ислесиў тийкарғы бағдар болып қалмақта. Инсан капиталын раўажландырыў, билимлендириў, илим ҳәм мәдений байланысларды беккемлеў орайлық ўазыйпа болып есапланады. Улыўма мәлимлеме мәканын жаратыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаўдың сапасын арттырыў, улыўма, социаллық тараўды, соның ишинде, туризмди ҳәм жасларға байланыслы қоспа бағдарламаларды раўажландырыў - булардың барлығы халықлар арасындағы өз-ара түсинисиўди беккемлеўге тиккелей хызмет етеди. Улыўма қәдириятлар, мәдений жақынлық ҳәм абаданлыққа биргеликте умтылыўға тийкарланған регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

    Бесиншиден, Орайлық Азия мәмлекетлериниң сыртқы сиясатында келисилген көзқарасларды ислеп шығыў әҳмийетли бағдар есапланады.

    Геосиясий турақсызлық барған сайын артып атырған ҳәм дүнья күш орайлары арасында бәсеки күшейген шараятта регион мәмлекетлериниң халықаралық майдандағы позицияларын муўапықластырыў турақлылық ҳәм улыўма мәплерди қорғаўдың әҳмийетли факторына айланбақта. Усы көзқарастан тийкарғы шериклер менен прагматикалық байланысларды жолға қойыўда өзиниң нәтийжелилигин дәлиллеген "Орайлық Азия плюс" форматларын буннан былай да раўажландырыў зәрүр.

    Ҳәзирги басқышта "Орайлық Азия плюс" форматлары ҳәм басқа да халықаралық сөйлесиў майданларында регионаллық муўапықласыўды раўажландырыў, сыртқы шериклер менен бирге ислесиў мәселелери бойынша келисилген тийкарғы бағдарлар менен позицияларды ислеп шығыў стратегиялық ўазыйпаға айланбақта. Тек усы жол менен ғана дүньяның жетекши мәмлекетлери ҳәм бирлеспелери менен бирге ислесиўимизди мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионның экономикалық және технологиялық раўажланыўына, турақлылығына хызмет ететуғын анық жойбарлар тийкарында байытыўымыз мүмкин.

    Өзбекстан ушын регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў тактикалық таңлаў емес, ал Орайлық Азияның келешеги ушын улыўма жуўапкершиликти аңлаўдан келип шығатуғын саналы стратегиялық қарар болып табылады.

    Глобал анықсызлық дәўиринде жақсы қоңсышылық, ҳәм тәреплемелик ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў - Орайлық Азияның тийкарғы ресурсы екенине исенемиз. Регион мәмлекетлери жеке ҳалда шешиўи қыйын болған улыўма қәўипсизлик машқалалары ҳәм раўажланыў ўазыйпалары биргеликтеги ҳәрекетлер менен табыслы шешилиўи мүмкин. Исеним ҳәм шерикликти беккемлеў өз келешегин улыўма туўысқан үлкемиз - Орайлық Азияның тынышлығы, турақлылығы ҳәм раўажланыўы менен байланыстырған миллионлаған адамлардың мәплерине жуўап береди.

    Бүгин биз күшли, турақлы ҳәм абадан регион - Жаңа Орайлық Азияның беккем тырнағын жаратпақтамыз.

    Регионымызда жүз берип атырған процесслер - бул саналы ҳәм артқа қайтпайтуғын таңлаў. Бул жол бизден тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлерди емес, ал улыўма келешегимиз ушын жуўапкершиликти өз мойнымызға алыўға таяр болыўымызды да талап етеди.

    Күш ҳәм имканиятларымызды бирлестирип, улыўма ўазыйпаларды шешпектемиз, сондай-ақ, халықаралық жәмийетшиликке тыныш ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўдиң ўақыт ҳәм турмыс сынағынан өткен - исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўға тийкарланған өз моделимизди усынбақтамыз. Ҳәм бүгин Орайлық Азияны кең регионымызда жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлар ушын бирден-бир тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў мәканына айландыратуғын бул тарийхый пәтти сақлап қалыўымыз ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

    Шавкат МИРЗИЁЕВ,

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates