Регуляторға бола, экономикадағы инфляция процесслерине фундаменталлық монетар факторлардың тәсири әсте-ақырын азайып бармақта. Соның менен бирге, усы жылы 1-майдан баслап айырым тәртипке салынатуғын тарифлердиң еркинлестирилиўи улыўма инфляцияға бир мәртелик тәсир көрсетиўи мүмкин.

Орайлық банк басқармасы әмелдеги пул-кредит шәртлери инфляцияның жаңаланған прогноз коридорының жоқарғы шегарасына салыстырғанда салыстырмалы қатаң фазада қәлиплесип атырғанын есапқа алып, тийкарғы ставканы өзгериссиз, жыллық 14 процент муғдарында сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Улыўма инфляция дәрежеси жыл басынан төменлеўди даўам еттирип, март айында жыллық 8 процентке жетти. Соның менен бирге, азық-аўқат инфляциясының сезилерли дәрежеде төменлеўи бақланды. Сыртқы азық-аўқат базарларында баҳалардың өзгериўи импорт инфляциясына төменлеўши тәсир көрсетти.

Экономикада жоқары талаптың сақланып қалыўы ҳәм айырым тәртипке салынатуғын баҳа ҳәм тарифлердиң артыўы фонында кейинги айларда хызметлер инфляциясы турақлы өсип бармақта.

Базалық инфляция сезилерли дәрежеде пәсейди ҳәм март айында жыллық есапта 7,6 процентти қурап, жыл басынан берли улыўма инфляция дәрежесинен төмен қәлиплести.

Халықтың ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтилмелери инфляцияның ҳәзирги ҳәм прогноз дәрежесинен жоқары болып қалмақта. Соның менен бирге, тәртипке салынатуғын баҳалардың өзгертилиўи ҳәм апрель айынан баслап бир қатар товарлар ҳәм хызметлерге қосымша қун салығының енгизилиўи тәсиринде инфляциялық күтиўлер динамикасының артыўы мүмкин.

Жоқарыдағы факторларды есапқа алған ҳалда жаңаланған макроэкономикалық прогнозларға бола, 2024-жылы тийкарғы сценарий бойынша улыўма инфляция прогнозы 9-11 процентке шекем арттырылды.

Прогноз коридорының кеңирек диапазоны халыққа бир мәртелик төлемлер, сондай-ақ, социаллық норма ҳәм еки айлық жеңиллетилген дәўир сыяқлы жумсартыўшы илажлардың бар екенлиги шараятында тарифлердиң көтерилиўиниң халық ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтиўлерине тәсирин баҳалаўдың қурамалылығы менен түсиндириледи.

Базалық инфляция турақлы төменлеўши траэкторияда сақланып қалыўы ҳәм жылдың ақырына шекем 7-8 процент әтирапында болыўы күтилмекте.

Инфляцияның улыўма прогнозының жаңаланыўы тәртипке салынатуғын баҳалардың өсиўи пул-кредит сиясатының тийкарғы бағдарларында келтирилген макроэкономикалық прогнозларда есапқа алынған дәслепки баҳалардан жоқары болғаны менен байланыслы. Бирақ бул өзгерислердиң экономикада баҳаларға тәсири бир мәртелик болып, тутыныў талабының белгили дәрежеде қысқарыўы есабынан орта мүддетли келешекте инфляцияның төменлеў тенденциясына сезилерли тәсир көрсетпейди.

Ҳүкиметтиң экономикадағы жалпы усынысты арттырыў ҳәм инфляцияны төменлетиўге қаратылған қосымша илажлары, сондай-ақ, узақ мүддетли салыстырмалы қатаң пул-кредит шараятларының жыйналған нәтийжеси инфляция процесслерин тоқтатыўға хызмет етеди.

Дәслепки мағлыўматларға бола, 2024-жылдың биринши шерегинде экономиканың өсиў пәтлери 6,2 процентке шекем тезлескен. Хызмет көрсетиў, усақлап сатыў ҳәм қурылыс тараўларында жоқары өсиў пәтлери бақланды, қайта ислеў ҳәм қазып шығарыў санаатында инвестициялық белсендилик артты.

Мийнет базарында жумысшы күшине талап сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бирақ, жумысшы күши усынысында белгили бир сегментлениў бар болып, жоқары маманлықтағы тармақларда талап толық қанаатландырылмай атырғанлығы бақланбақта. Бул болса тийисли тараўларда мийнет ҳақының көбирек өсиўине алып келеди.

Шомның реал нәтийжели курсының динамикасы жыл басынан берли 0,9 процентке төменлеп, узақ мүддетли тренд шеңберинде қәлиплести. Сыртқы саўда бирге ислесиўшилериниң валюта курслары ҳәм инфляция бойынша болжаўларын есапқа алған ҳалда, реал нәтийжели валюта курсына басым салыстырмалы түрде бақланбай атыр.

Жаңаланған прогнозларға бола, жылдың ақырына шекем жалпы ишки өнимниң өсиўи 5,2-5,7 процент аралығында болыўы күтилмекте.

Экономикалық өсиў прогнозының жаңаланыўы келешекте халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қәрежетлериндеги структуралық өзгерислер есабынан орташа тутыныў талабының артыўы менен байланыслы.

Соның менен бирге, жеке меншик инвестициялар тараўындағы жоқары белсендилик, фискал хошаметлеўлер ҳәм халықтың дәраматларының өсиў пәти, алдынғы жылларда болғаны сыяқлы, усы жылы да экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаўшы фактор болады.

Әмелдеги пул-кредит шәртлериниң қатаңлық дәрежеси экономиканы кредитлеў көлемлерин басқышпа-басқыш теңлестириў ҳәм реал базар ставкаларының унамлылығын тәмийинлеў есабынан депозитлердиң өсиўин жеделлестириўде өз көринисин таппақта.

Жақын шереклерде банк системасының улыўма ликвидлиги әсте-ақырын структуралық профисит жағдайынан структуралық дефицит фазасына өте баслаўы ҳәм бул структуралық өзгерислер пул-кредит операциялары арқалы коррекцияланыўы күтилмекте.

Есап-санақларға бола, инфляция прогнозының жоқары шегарасында да инфляцияға монетар факторлардың тәсирин шеклейтуғын ҳәм миллий валютадағы топлаўды хошаметлейтуғын пул-кредит шараятлары сақланып қалады.

Соның менен бирге, базалық инфляция прогнозына ерисиў бағдарында қәўип-қәтерлер артып бармақта ҳәм жақын дәўирлерде халықтың инфляциялық күтимлери сезилерли дәрежеде артқан жағдайда, пул-кредит шараятларын өзгертиў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылады.

Орайлық банк инфляцияның 5 процентлик мақсетли көрсеткишине ерисиўге қаратылған орташа қатаң пул-кредит сиясатын әмелге асырыўда экономикада талап ҳәм усыныс тең салмақлылығы, инфляциялық күтимлер ҳәм структуралық реформалардың жеделлигине айрықша итибар қаратады.

Орайлық банк басқармасының тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша гезектеги мәжилиси 2024-жыл 13-июньға белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баспасөз хызмети