Бул жойбардың мақсети – Арал теңизи экологиялық кризисиниң ақыбетлерин жумсартыў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў мақсетинде Қарақалпақстанның қыйын аймақлары ушын турақлы, климатқа шыдамлы өндирис системаларын раўажландырыў ҳәм енгизиўден ибарат. Айрықша атап өтиў орынлы, бул жойбар жақында халықаралық Energy Globe Award 2024 абырайлы сыйлығының жеңимпазы деп табылды. Бүгинги күнде Аралбойы халықаралық инновациялық орайының Мойнақ ҳәм Нөкис районларында жәми 2 гектар майданда от-жемлик галофит өсимликлериниң тәжирийбе-сынақ майданлары шөлкемлестирилди. Бул майданларда ҳәр қыйлы өсимлик сортларын, соның ишинде, дәнли мәккениң 23 сорты, Африка тарысы – 6 үлги, соның ишинде Foxtail Millet ҳәм Pearl Millet IP 8418, сондай-ақ, Bufallo grass, Ақ ҳәм қызыл амарант, Ловия Cowpea (ИП 9643) үлгиси, Мәштың 4 сорты, Айғабағардың 3 сорты, Мәкке егинлерин үйрениў ҳәм бейимлестириў процесслери әмелге асырылмақта. Булардың барлығы Аралбойы аймағының экологиялық өзгешеликлерине бейимлестирилген ҳалда егилип, үйренилмекте. Жойбар нәтийжелери регион аўыл хожалығында турақлы ҳәм климатқа шыдамлы системаларды жаратыўға жәрдем береди.
Ең тийкарғысы, бул егинлер климат өзгериўине шыдамлы болып, аймақтағы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығында жаңа имканиятлар есигин ашады. Бүгинги күнге келип 500 ден аслам фермерге сынақтан өткен егинлерди көбейтиў мақсетинде 5248 кг туқым тарқатылды. Бул баслама тек ғана жергиликли хожалықларды раўажландырыў емес, ал аймақтың экологиялық кризисин жумсартыўда да әҳмийетли орын ийелейди. Соның менен бирге, бул ҳәрекетлер регионның аўыл хожалығы потенциалын арттырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады. Жойбар шеңберинде алып барылып атырған жумыслар Қарақалпақстанның келешекте турақлы ҳәм экологиялық жақтан қәўипсиз аймаққа айланыўына исеним инәм етеди. Жойбар нәтийжелерине муўапық, аймақта жаратылған тәжирийбелер басқа регион ҳәм мәмлекетлерге де енгизилиўи мүмкин.