“Абу Даби раўажланыў фонды” (БАӘ) тәрепинен қаржыландырылып атырған “Қарақалпақстанның қыйын аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системаларын раўажландырыў” бойынша 2023-2025-жылларға мөлшерленген жойбар әмелге асырылмақта.
Соңғы жыллары елимизде сырт еллер менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жоқары оқыў орынлары тәрепинен алып барылып атырған ислер халқымыздың ертеңги күнге деген исенимин беккемлейди.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеӊберинде Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты хызметкерлери Арал теӊизиниӊ қурыған түбинде шорланған топырақларда жетистириў ушын бейим өсимлик түрлерин анықлаў бойынша сынақлар өткермекте.