Усы жылдың 22-июль күни саат 12:50 де усы жөнелис бойынша биринши рейс Ташкент халықаралық аэропортында дәстүрге бола суў аркасы, гүллер ҳәм байрам кейпиятында күтип алынды.
"Урумшы ҳәм Ташкент арасындағы авиақатнаўдың ашылыўы Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы авиа тараў бирге ислесиўин және де беккемлейди. Бул бағдар бизнес ҳәм туризмниң раўажланыўына үлкен үлес қосады. Жолаўшыларға исенимли ҳәм заманагөй пәрўазларды усыныў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады," - деди "Air China" компаниясының ўәкили.
Uzbekistan Airports Handling директоры Тимур Халилов та бул ўақыяны жоқары баҳалады:
"Халықаралық авиацияда жетекши компанияның жаңа бағдарын күтип алыў - командамыз ушын үлкен мақтаныш. Урумшы - Ташкент рейси мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық, мәдений ҳәм адамгершилик байланысларды беккемлеўде исенимли көпир болады", - деп атап өтти ол.
"Air China" тәрепинен Урумшы - Ташкент - Урумшы жөнелисинде пәрўазлар ҳәптесине үш мәрте - сийшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.








