Кейинги жылларда Өзбекстан - Түркменстан қатнасықлары әзелий жақын қоңсышылық байланыслары, улыўмалық тарийхый, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларға тийкарланған избе-из раўажланыўдың турақлы динамикасын көрсетпекте. Еки мәмлекеттиң туўысқан халықлары арасында өз-ара исеним, ашық-айдынлық ҳәм бир-бириниң мәплерин ҳүрмет етиўге тийкарланған өзине тән бирге ислесиў форматы қәлиплести.
Еки тәреплеме сөйлесиўди беккемлеўде Ташкент ҳәм Ашхабад арасындағы стратегиялық шерикликтиң улыўма бағдарын белгилеп беретуғын бирге ислесиўдиң сиясий дәрежесине айрықша әҳмийет қаратылмақта. Еки мәмлекет жетекшилериниң ҳәрекетлери менен Өзбекстан - Түркменстан қатнасықлары ҳәр тәреплеме қатнасықлар дәрежесине көтерилди.
Еки тәреплеме сөйлесиўди беккемлеўде Ташкент ҳәм Ашхабад арасындағы стратегиялық шерикликтиң улыўма бағдарын белгилеп беретуғын бирге ислесиўдиң сиясий дәрежесине айрықша әҳмийет қаратылмақта. Еки мәмлекет жетекшилериниң ҳәрекетлери менен Өзбекстан - Түркменстан қатнасықлары сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардың кең шеңберин қамтып алған ҳәр тәреплеме бирге ислесиў дәрежесине көтерилди.
Жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм исенимли сөйлесиўлер Өзбекстан - Түркменстан қатнасықларының избе-из раўажланыўында әҳмийетли фактор болмақта. Еки мәмлекет жетекшилериниң өз-ара сапарлары еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша позицияларды келисиў, стратегиялық бирге ислесиўдиң узақ мүддетли бағдарларын ислеп шығыў имканиятын бермекте.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың 16-17-ноябрь күнлери Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеўде гезектеги әҳмийетли басқыш болатуғыны сөзсиз. Сапар етиў даўамында саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, транспорт-логистика бирге ислесиўин раўажландырыў, гуманитарлық ҳәм мәдений бирге ислесиўдиң перспективаларын додалаў режелестирилген.
Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Түркменстан глобал ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ҒМДА, ШБШ ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде жедел бирге ислесип келмекте. Мәмлекетлер көплеген халықаралық ҳәм регионаллық мәселелерди, соның ишинде, Орайлық Азияда турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге байланыслы мәселелерди шешиўдеги көзқараслары бойынша жақын.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары сиясий сөйлесиўде айрықша орын ийелейди. Бул формат өз-ара түсинисиўди беккемлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерине келисилген көзқарасларды ислеп шығыў ушын нәтийжели майданға айланды. Түркменстанның бул ушырасыўларда қатнасыўы Орайлық Азия регионын тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыў мәканы сыпатында раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириўде әҳмийетли фактор болмақта.
Еки мәмлекеттиң уйымлараралық бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде жеделлести. Сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер турақлы өткерилип, олар шеңберинде регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар додаланбақта.
Парламентлераралық байланыслар нәтийжели раўажланбақта. Еки мәмлекет парламентлериниң делегациялары халықаралық парламент структуралары шеңберинде тығыз бирге ислеспекте. Нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, парламентлердиң тийисли комитетлери арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў әҳмийетли бағдар болып есапланады.
Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў исенимли пәт пенен раўажланбақта. Товар алмасыўды кеңейтиў, экспорт ҳәм импорт структурасын диверсификациялаў, инвестициялық шерикликти раўажландырыў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта.
Экономиканың әҳмийетли тармақларында бирге ислесиўди тереңлестириўге тийкар жаратқан Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы үлкен пәт бағышлады.
Бүгинги күнде энергетика, транспорт, суў ресурслары, химия санааты, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық тараўларында биргеликтеги жойбарлар жедел әмелге асырылмақта. Шегараалды бирге ислесиўди раўажландырыў, шегара алды аймақларда жаңа өндирислик кластерлер ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Усы мәниде, туўысқан мәмлекетлеримиздиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўине қосымша пәт бағышлайтуғын "Шават-Ташаўыз" шегараалды саўда зонасының иске қосылыўына айрықша итибар қаратылмақта.
Тәреплер бажыхана ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, Орайлық Азияны Персия қолтығы, Кавказ ҳәм Европа менен байланыстыратуғын транспорт коридорларынан белсене пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Өзбекстан ҳәм Түркменстан транспорт-логистика бирге ислесиўи, соның ишинде, автомобиль ҳәм темир жол жөнелислерин раўажландырыў, Түркменстанның Каспий теңизиндеги теңиз портларының имканиятларынан биргеликте пайдаланыў бойынша үлкен потенциалға ийе.
Тәреплер энергетика ҳәм суў хожалығы тараўларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға айрықша әҳмийет қаратпақта, өз-ара ҳүрмет ҳәм жақсы қоңсышылық принциплери тийкарында трансшегаралық ресурслардан ақылға уғрас ҳәм әдил пайдаланыў тәрепдары.
Еки халық арасындағы дәстүрий дослық ҳәм руўхый жақынлықты беккемлеўде мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў Өзбекстан - Түркменстан шериклигиниң әҳмийетли бөлеги болып есапланады. Мәденият күнлери, көргизбелер, театрлардың гастроллары, көркем өнер шеберлериниң концертлери, көркем өнер фестиваллары турақлы өткерилмекте. Билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бағдарламалар жедел әмелге асырылмақта, студентлер ҳәм академиялық алмасыўлар саны артпақта.
Өзбекстанда уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы, дөретиўшилиги регион халықларын бирлестиретуғын, руўхый туўысқанлық, адамгершилик ҳәм өз-ара ҳүрмет белгиси болған Мақтымқулы Пырағый юбилейиниң кеңнен белгилениўи әҳмийетли ўақыя болды. Мәмлекеттиң түрли қалаларында болып өткен илажлар Өзбекстан ҳәм Түркменстанның мәдений мийрасы үзликсиз байланыслы екенин атап өтти.
Туристлик бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Еки мәмлекет те бай тарийхый ҳәм мәдений потенциалға, сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлерге ҳәм тәбийғый объектлерге ийе. Биргеликтеги туристлик маршрутларды, әсиресе, Уллы жипек жолының тарийхый орайлары бойлап раўажландырыў гуманитарлық байланыслар ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Түркменстан тарийхый байланыслар, мәдений туўысқанлық ҳәм өз-ара исенимге сүйенип, стратегиялық шерикликти беккемлеў жолынан исенимли бармақта. Сиясий сөйлесиўдиң избе-из раўажланып атырғаны, экономикалық бирге ислесиўдиң артып атырғаны ҳәм гуманитарлық байланыслардың кеңейип атырғаны еки мәмлекеттиң ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириўге болған улыўмалық умтылысын сәўлелендиреди.
Усы мәниде, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың Өзбекстанға болажақ мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықларға жаңа пәт бағышлаў, оларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп бериўге қаратылған. Бул саммит тек ғана туўысқанлық ҳәм дослық белгиси емес, ал Орайлық Азияда турақлылық, өз-ара түсинисиў ҳәм раўажланыўды беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болады.
"Дунё" МА.