Өзбекстан Транспорт министрлиги ҳәм Молдова Транспорт ҳәм жол инфраструктурасы министрлиги делегациялары автотранспортта халықаралық жүк тасыўларды раўажландырыў ҳәм миллий тасыўшылар ушын қосымша шараятлар жаратыў мәселелерин додалады.
Ушырасыў жуўмағында әмелдеги келисимлерге өзгерислер киргизиў ҳаққында протоколға қол қойылды. Бул ҳүжжетте 2026-жылдың басынан еки мәмлекет арасында еки тәреплеме ҳәм транзит жүк тасыўлардың рухсатысыз әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Келисим миллий тасыўшылар ушын жаңа имканиятлар жаратады, Европа жөнелисинде жүк тасыўды әпиўайыластырады ҳәм Өзбекстанның экспорт шынжырларын беккемлейди.









