Ушырасыў жуўмағында тәреплер 2026-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги илажлар режесине қол қойды.

Сөйлесиўлер даўамында төмендегилер додаланды:

Өзбекстан ҳәм Россия арасында интеллектуаллық мүлк тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, әмелдеги Меморандум шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў;

қәнигелердиң маманлығын арттырыў, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын, стажировкалар ҳәм семинарларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, патент экспертизасы ҳәм патент жумысы тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў мәселелери;

патент талапнамаларын тезлестирилген көрип шығыў механизмин енгизиў ҳәм патентлеў тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилигин арттырыў перспективалары (Patent Prosecution Highway - PPH);

интеллектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў, санлы шешимлерди енгизиў, сондай-ақ, бизнес ўәкиллери, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, жас ойлап табыўшылар арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер қол қойылған Қоспа илажлар режесиниң әмелге асырылыўы Өзбекстан ҳәм Россияның әмелий бирге ислесиўинде жаңа басқыш болатуғынын, бурынғы саўда-сатық алмасыўына хызмет ететуғынын атап өтти.