Қызылқум таў қошқары ямаса Северцов қошқары (арқар) қәўипли, азайып баратырған ҳәм мозаикалық тарқалған киши түрге киреди. Ол Өзбекстан Қызыл китабына, Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының (IUCN) Қызыл дизимине ҳәм CITES II қосымшасына киргизилген.
Таўлардың орта ҳәм жоқары бөлимлеринде, теңиз қәддинен 500-2000 м бийикликте топар-топар болып жасайды, қыста таў етегине ҳәм ойпатлықларға түсип барады.
Бул ҳайўанлар мәўсимлик миграцияларды әмелге асырады, туўыў дәўири болса апрель-май айларына туўры келеди. Тийкарынан от-шөплер менен азықланады. Олардың жанбаўырларда тарқалыўы жыл мәўсимине, сутка ўақытына, ҳаўа райына, от-жем базасына ҳәм антропоген тәсир дәрежесине байланыслы.
Ҳәзирги ўақытта Нурата қорықханасында Қызылқум арқарларының саны 1700-1800 ге жақын болып, сезилерли дәрежеде турақласқан.
Мағлыўмат ушын: Нурата мәмлекетлик қорықханасы Жиззақ ўәлаятының Фориш районында жайласқан болып, 1973-жылдың декабрь айында шөлкемлестирилген. Ол Нурата таў дизбегиниң орайлық бөлими ҳәм арқа жанбаўырларын өз ишине алады. Қорықхана аймағында ҳайўанлардың 247 түри жасайды, соннан 31 түри Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген.