22-24-январь күнлери өткерилетуғын семинарлар Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларынан келген тыңлаўшыларды қамтып алды.

Оқыў-семинарларды өткериўден тийкарғы мақсет - жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, жергиликли ўәкилликли ҳәм атқарыў уйымлары менен биргеликте ислесиў, халықтың машқалаларын биргеликте шешиў көнликпелерин қәлиплестириў, басшылардың басқарыў мәдениятын арттырыў ҳәм халық пенен ислесиў сапасын жақсылаўдан ибарат.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева кирис сөзинде орынлардағы басшылардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм жуўапкершилигине айрықша тоқтап өтти.

Сабақлар даўамында жергиликли дәрежеде ҳәкимиятлардың бөлиниў принципин тәмийинлеўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлери, район (қала) Кеңеси баслығының статусы, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў машқалалары ҳәм оларды шешиў жоллары, Кеңестиң ҳәкимлер менен өз-ара қатнасықларына байланыслы 20 ға шамалас темада лекция ҳәм әмелий сабақлар өткериледи.

Семинарлар даўамында районлық (қалалық) Кеңестиң регламентин, жумыс режесин қәлиплестириў, лаўазымлы шахслардың Кеңестеги есабатларын (мәлимлемелерин) тыңлаў, Кеңес баслығының партия топарлары, турақлы комиссиялар менен бирге ислесиўи, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар менен ислесиў усыллары, Кеңес қарарларын қабыл етиўде нызамлылықты тәмийинлеў, мүрәжатлар менен ислесиў, депутатлардың округлерде пуқараларды қабыллаўын шөлкемлестириў, депутатлардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, Кеңес жумысында санлы технологияларды қолланыў менен байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылмақта.

Сондай-ақ, тыңлаўшылар қарар қабыл етиўде нызамлылықты тәмийинлеў, халық пенен пикирлесиў, жәмийетлик пикирди есапқа алыў, таллаўға сүйениў, машқалаларды орнында ҳәм мүддетинде биргеликте шешиў, халық мүрәжатлары менен ислесиўде ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырады.

Сондай-ақ, жергиликли басқарыўда санлы платформалардан пайдаланыў, электрон ҳүкимет системасы арқалы хызметлер сапасын арттырыў, мағлыўматлар базалары менен ислесиў, аналитикалық есабатлар таярлаў сыяқлы әҳмийетли тәреплерге айрықша итибар қаратылмақта.

Семинарлар шеңберинде қатнасыўшылар өз жумысында жүзеге келип атырған машқалаларға шешим табыў, әмелий сабақлар арқалы тәжирийбе алмасыў сыяқлы бағдарларда интерактив усыллардан пайдаланады, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының Баспасөз хызмети.