Онда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова, олимпиада жеңимпазлары, олардың ата-аналары, педагоглар, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм кең жәмиечилик қатнасты.
Атап өтилгениндей, 2025-жылы 29-халықаралық олимпиадада елимиз оқыўшылары мүнәсип қатнасып, жәми 210 медаль, соның ишинде, 40 алтын, 78 гүмис ҳәм 92 бронза медалын қолға киргизди.
Мағлыўмат ушын, халықаралық пән олимпиадаларында оқыўшылар 2019-жылы - 30, 2020-жылы - 25, 2021-жылы - 45, 2022-жылы - 41, 2023-жылы - 96, 2024-жылы - 128 медалды қолға киргизген.
Усы жылы жаңа тарийхый нәтийже атап өтилди:
Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өткен Халықаралық химия олимпиадасында 2 алтын, Боливияда болып өткен Халықаралық информатика олимпиадасында тарийхта биринши мәрте гүмис медаль қолға киргизилди.
Буннан тысқары, елимиздиң мектеп оқыўшылары математика бойынша қызлар арасында өткерилген Европа олимпиадасында биринши мәрте қатнасып, 3 - 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.
2025-жылы Ташкентте өткерилген халықаралық олимпиадаларда да Өзбекстан оқыўшылары абсолют жетекшилерге айланды:
Ал-Хорезмий атындағы математика ҳәм информатика халықаралық олимпиадасында 50 медаль (7 алтын, 13 гүмис, 30 бронза),
Абу Райхан Беруний атындағы Халықаралық химия олимпиадасында 19 медаль (6 алтын, 8 гүмис, 5 бронза).
Быйылғы жылы елимиз оқыўшылары ең абырайлы халықаралық олимпиадаларда 13 медаль (2 алтын, 7 гүмис ҳәм 4 бронза), атап айтқанда:
Бирлескен Араб Әмирликлеринде 96 мәмлекет қатнасқан Халықаралық химия олимпиадасында 2 алтын ҳәм 2 гүмис медаль;
Австралияда математика бойынша 105 мәмлекет қатнасқан халықаралық олимпиадада 4 гүмис ҳәм 1 бронза медаль;
90 нан аслам мәмлекет қатнасқан Боливияда болып өткен Халықаралық информатика олимпиадасында - 1 гүмис ҳәм 1 бронза медаль;
Парижде болып өткен физика бойынша халықаралық олимпиадада 96 мәмлекет қатнасып, 2 бронза медалын қолға киргизди.
Халықаралық олимпиадаларда 13 медаль (8 гүмис, 3 бронза) қолға киргизилген.
Иорданияда инглис тили бойынша 62 мәмлекет қатнасқан халықаралық олимпиадада - 7 гүмис медаль (5 кубок);
50 мәмлекет қатнасқан Таиландта өткерилген Халықаралық география олимпиадасында 2 бронза медалы;
Боку қаласында 42 мәмлекет қатнасқан Экономика бойынша халықаралық олимпиадада 1 гүмис ҳәм 1 бронза, сондай-ақ, 14 аймақлық олимпиадада жәми 138 медаль (27 алтын, 41 гүмис, 70 бронза) қолға киргизилди.
Мәресим даўамында ақшалай хошаметлеў муғдарлары жәрияланды. Ең абырайлы халықаралық олимпиадалардағы медаллар ушын:
алтын медаль ийеси - 1 млрд 30 млн сум, муғаллим - 185,4 млн сум;
гүмис медаль ийеси - 618 млн сум, муғаллим - 103 млн сум;
бронза медаль ийеси - 412 млн сум, муғаллим - 61,8 млн сум.
Халықаралық олимпиадалардағы медаллар ушын:
алтын медаль ийеси - 61,8 млн сум, муғаллим - 20,6 млн сум;
гүмис медаль ийеси - 41,2 млн сум, муғаллим - 14,42 млн сум;
бронза медаль ийеси - 20,6 млн сум, муғаллим - 12,36 млн сум.
Аймақлық халықаралық олимпиадалардағы медаллар ушын:
алтын медаль ийеси - 4,944 млн сум, муғаллим - 20,6 млн сум;
гүмис медаль ийеси - 3,296 млн сум, муғаллим - 14,42 млн сум;
бронза медаль ийеси - 2,472 млн сум, муғаллим - 12,36 млн сум.
Сондай-ақ, олимпиада жеңимпазын таярлаған муғаллимниң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылып, аймақлық халықаралық олимпиадалар ҳәм тийкарғы олимпиаданың республикалық басқышы жеңимпазларының лаўазымлық мийнет ҳақысына 100 процент муғдарында айлық үстемелер белгиленбекте.
2025-жылы халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм олардың муғаллимлерин хошаметлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен дерлик 12 миллиард 424 миллион сум ямаса 2019-жылға салыстырғанда дерлик 17,5 есеге көп қаржы ажыратылғаны атап өтилди.