Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзақов басшылығында өткерилген илажда қала ҳәм район ҳәкимликлериниң ўәкиллери, басқарма ҳәм шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, пайтахтымыздағы барлық 585 мәҳәллениң "мәҳәлле жетилиги" ағзаларынан ибарат 5 мыңнан аслам адам қатнасты.

Қатнасыўшылар жаңа системаның тийкарғы бағдарлары менен танысып ғана қалмастан, команда түринде әмелий ўазыйпалар үстинде де ислести. Район ҳәм мәҳәллелердиң бизнес режелери, дәрамат дәреклери, қәрежет бағдарлары, тийкарғы жойбарлар ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери дыққат орайында болды.

Жаңа көзқарастың тийкарғы мақсети - мәҳәллени пуқаралар мәлимлеме ямаса социаллық жәрдем сорап баратуғын жерден, аймақты раўажландырыў орайына айландырыўдан ибарат.

Бул ўазыйпалар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 24-июньдеги "Мәҳәллелерди басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-116-санлы қарарында белгиленген. Ҳүжжет мәҳәллениң ролин күшейтиў, хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў, халықтың мәселелерин тиккелей орынларда шешиўге қаратылған.

Ҳәр бир мәҳәлледеги жумыслар ҳақыйқый жағдайды анық билиў тийкарында қурылыўы керек: бул жерде қанша халық жасайды, қандай шаңарақларды қоллап-қуўатлаў керек, қай жерде жумыс орынларын жаратыў зәрүр, қандай социаллық ҳәм инфраструктуралық машқалалар бар, қандай жойбарларды әмелге асырыў мүмкин.

Бул жерде сөз айырым мүрәжатларға жуўап бериўден аймақты системалы ҳәм избе-из раўажландырыўға өтиў ҳаққында бармақта.

Ҳәр бир мәҳәлледеги тийкарғы машқалалар, бар имканиятлар ҳәм тийкарғы жойбарлар анықланыўы керек. Бул жолларды оңлаў, жақтыландырыўды жақсылаў, жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, ҳәўлилерди абат етиў, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдемлесиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ямаса жаслар менен ислесиў болыўы мүмкин.

Онда ҳәр бир жойбар бойынша қанша қаржы талап етилиўи, қайсы дәреклерден тартылыўы, ўазыйпаның орынланыўы ушын ким жуўапкер екенлиги ҳәм қандай нәтийжеге ерисилиўи керек екенлиги анық болыўы керек. Бундай режелестириў ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм басланған жойбарлардың орынланбаў қәўпин азайтыў имканиятын береди.

Презентацияда Чиланзар районындағы "Новза" мәҳәллеси мысалында "мәҳәлле жетилиги"ниң жумысы районның бизнес-режеси ҳәм аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша улыўма ўазыйпалар менен қалай байланыслы болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Жәмәәтте ислесиў арқалы қатнасыўшылар анық жағдайларды таллап, мәҳәллениң машқалалары ҳәм имканиятларын анықлады, жуўапкершилик аймақларын белгиледи ҳәм әмелий шешимлер усыныс етти. Бундай формат барлық жуўапкер структуралар биргеликте жумыс алып барған жағдайда ғана аймақты турақлы раўажландырыў мүмкин екенин айқын көрсетиў имканиятын берди.

Жаңа системада мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат "мәҳәлле жетилиги" айрықша орын ийелейди. Мәҳәлле жумысында мәҳәлле банкирлери де қатнасады.

Ҳәр ким өз бағдары ушын жуўапкер, бирақ, биргеликте жумыс ислеўи керек. Мәселен, жумыссызлық машқаласын тек ғана бир қәнигениң күши менен шешиў мүмкин емес. Буның ушын кәсипке оқытыў, кредит алыўда жәрдем бериў, социаллық қоллап-қуўатлаўды рәсмийлестириў, бизнес ашыўда жәрдем бериў ямаса мүнәсип жумыс бериўшини табыў керек болыўы мүмкин.

Соның ушын жаңа көзқарастың тийкарғы ўазыйпаларынан бири - барлық жуўапкер хызметкерлер арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, сол арқалы пуқара ҳәр қыйлы шөлкемлерге мүрәжат етип, өз машқаласын ҳәр сапары қайта-қайта түсиндириўге мәжбүр болмаўы керек.

"Мәҳәлле жетилиги"ниң жумысына өткерилген ушырасыўлар ҳәм таярланған есабатлардың санына қарап емес, ал халықтың дәраматларының өсиўи, жумыс орынларының жаратылыўы, кәмбағаллықты қысқартыў, жынаятшылықты азайтыў, социаллық мәселелерди шешиў ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў бойынша анық нәтийжелерге қарап баҳа бериледи.

Онда пуқаралардың өзлериниң қатнасыўына айрықша итибар қаратылды. Өз үйинде, көшеде, мәҳәлледе қандай мәселелерди шешиў керек екенлигин мине, усылар жақсы биледи.

Пуқаралар өз мәҳәллесиниң экономикасын билиўи, режелестирилген жойбарлар, оларды қаржыландырыў дәреклери ҳәм әмелге асырылыўы ҳаққында мағлыўмат алыўы, өз басламасын алға қойыўы, аймақты раўажландырыў режелерин додалаўда қатнасыўы зәрүр.

Тийкарғы мақсет - ҳәр бир мәҳәллениң раўажланыўын түсиникли, избе-из ҳәм адамлардың реал талаплары тийкарында шөлкемлестириў.

Илаж шеңберинде "мәҳәлле жетилиги"ниң барлық қатнасыўшыларын арнаўлы оқытыў системасы да таныстырылды. Олардың алдында режелестириў, топар болып ислеў, мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў, ерисилген нәтийжелерди баҳалаўдың жаңа усылларын өзлестириў ўазыйпасы турады.

Жаңа көзқарас мәҳәллелерде бар машқалаларды тезирек анықлаў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм адамлардың күнделикли турмысында көре алатуғын анық өзгерислерге ерисиўге жәрдемлесиўи керек.