Ушырасыўда Түркия аймағында ўақтынша ямаса турақлы болып турған Өзбекстан пуқараларының ҳуқықларын қорғаў, жоғалып кеткен ўатанласларымызды излеў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер жоғалған пуқараларды жедел излеў мәселелери бойынша мәлимлеме алмасыўды күшейтиў, тийисли уйымлар арасында тиккелей бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў ҳәм биргеликтеги жумысшы топарды шөлкемлестириўге келисип алды.

Сондай-ақ, жергиликли ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен сырт ел пуқараларының мүрәжатларын қабыл етиў тәртибин жетилистириў, пенитенциар орынларда сақланып атырған Өзбекстан пуқаралары менен ушырасыўлар шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Түркия тәрепи Өзбекстан ҳүкиметиниң өз пуқараларының ҳуқықларын қорғаўға итибарын, жоғалған ўатанласларымызды излеў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.