Акция "Бир мәмлекет - бир мақсет: шығындысыз дүнья ушын" сүрени астында өткерилип, пуқаралар, мәмлекетлик уйымлар, ҒХҚ ҳәм жеке меншик бизнести қоршаған орталықты шығындыдан биргеликте тазалаў ушын бирлестириўге қаратылған.

Акция өткерилетуғын тийкарғы орынлар:

  • Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаяты - Ташкент суў сақлағышы бойлары;
  • Сырдәрья ўәлаяты - Сырдәрья дәрьясының қорғаў зонасы, "Камолот" мәҳәллеси;
  • Жиззах ўәлаяты - Шараф Рашидов районындағы жол бойы;
  • Самарқанд ўәлаяты - Самарқандтағы "Кәрўан" мүсиншилик парки;
  • Наўайы ўәлаяты - Наўайы қаласындағы "Кимёгар" мәҳәллеси;
  • Бухара ўәлаяты - Бухарадағы "Сомонийлар" дем алыў бағы;
  • Сурхандәрья ўәлаяты - Термиздеги "Экобоғ" экопарки;
  • Хорезм ўәлаяты - Үргеништеги "Жаслар" көли;
  • Қашқадәрья ўәлаяты - Қаршы қаласында Алишер Наўайы атындағы парк;
  • Андижан ўәлаяты - З.М.Бабур атындағы парк;
  • Наманган ўәлаяты - Бабур парки;
  • Ферғана ўәлаяты - Ферғана районындағы "Сактак" зыярат етиў орны;
  • Қарақалпақстан Республикасы - Нөкис қаласы.

Шөлкемлестириўшилер республикамыздың барлық халқын илажға қосылыўға ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға өз үлесин қосыўға шақырады.