Акция "Бир мәмлекет - бир мақсет: шығындысыз дүнья ушын" сүрени астында өткерилип, пуқаралар, мәмлекетлик уйымлар, ҒХҚ ҳәм жеке меншик бизнести қоршаған орталықты шығындыдан биргеликте тазалаў ушын бирлестириўге қаратылған.
Акция өткерилетуғын тийкарғы орынлар:
- Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаяты - Ташкент суў сақлағышы бойлары;
- Сырдәрья ўәлаяты - Сырдәрья дәрьясының қорғаў зонасы, "Камолот" мәҳәллеси;
- Жиззах ўәлаяты - Шараф Рашидов районындағы жол бойы;
- Самарқанд ўәлаяты - Самарқандтағы "Кәрўан" мүсиншилик парки;
- Наўайы ўәлаяты - Наўайы қаласындағы "Кимёгар" мәҳәллеси;
- Бухара ўәлаяты - Бухарадағы "Сомонийлар" дем алыў бағы;
- Сурхандәрья ўәлаяты - Термиздеги "Экобоғ" экопарки;
- Хорезм ўәлаяты - Үргеништеги "Жаслар" көли;
- Қашқадәрья ўәлаяты - Қаршы қаласында Алишер Наўайы атындағы парк;
- Андижан ўәлаяты - З.М.Бабур атындағы парк;
- Наманган ўәлаяты - Бабур парки;
- Ферғана ўәлаяты - Ферғана районындағы "Сактак" зыярат етиў орны;
- Қарақалпақстан Республикасы - Нөкис қаласы.
Шөлкемлестириўшилер республикамыздың барлық халқын илажға қосылыўға ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға өз үлесин қосыўға шақырады.