Президенттиң "Жер қатнасықларында коррупциялық факторларды сапластырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў жағдайлары, соның ишинде, жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў, жерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм қурылысларды анықлаў функциялары тек ғана «E-YER NAZORAT» системасы арқалы әмелге асырылады.
Космослық сүўретлерди таллаў арқалы анықланған мүмкин болған қағыйдабузарлықлар ҳаққындағы мағлыўматлар "Санлы ҳүкимет" уйымлараралық интеграция платформасы арқалы системаға автоматластырылған түрде жибериледи. Аэрокосмослық мониторинг жылына еки мәрте бузылыўларды анықлаў имканиятын береди.
Нәтийжели қадағалаў ушын аймақлар үш категорияға ажыратылады:
қызыл - бузылыў итималы жоқары; бақлаў ҳәр шеректе кеминде бир мәрте дронлар жәрдеминде әмелге асырылады;
сары - бузылыўлардың орташа итималлығы; ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте қәнигелескен самолётлар жәрдеминде қадағалаў;
жасыл - бузылыў итималы төмен.
Мүмкин болған ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымларға өз ўәкилликлери шеңберинде үйрениў ҳәм илажлар көриў ушын жибериледи. Атап айтқанда, айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм басқа да әҳмийетли жерлер ҳаққындағы мағлыўматлар Экология министрлигине бериледи.
Усы қарар жерлерден нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, олардың нызамсыз басып алыныўы ҳәм мақсетсиз пайдаланылыўының алдын алыў, жер тараўында санластырыў процесслерин жеделлестириўге қаратылған.