Илажларда волонтёрлар ҳәм жас экоактивистлер белсене қатнасады. Олар шембилик, аймақларды тазалаў ҳәм плоггинг форматындағы илажлар - жуўырыўды шығынды жыйнаў менен бирге алып барады. Барлық министрликлер ҳәм уйымлардың, соның ишинде, Экология министрлигиниң басшылары да бул акцияларға жеке өзи қосылып, халыққа үлги көрсетип барады.
Жумысларды муўапықластырыў ушын ҳәр бир аймақта арнаўлы штаблар шөлкемлестирилмекте. Олардың қурамына Экология министрлиги, Бас прокуратура, Миллий гвардия ҳәм ишки ислер уйымларының ўәкиллери киргизиледи. Бул штаблар қоршаған орталықтың жағдайын қадағалап, әмелге асырылған жумыслар ҳаққында халықты ҳәр күни хабардар етип барады.
Экологиялық ҳуқықбузарлықларды анықлаў бойынша бир ай даўамында рейдлер өткериледи. Мәмлекетимиз аймақларында орнатылған онлайн бақлаў камераларынан да күшли қадағалаў ушын пайдаланылады.
Экология министрлиги ескертеди: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-январьдағы 5-санлы Пәрманына муўапық, аймақларды сақлаў ушын жуўапкер физикалық ҳәм юридикалық тәреплер өз ўазыйпаларын надурыс орынлаған жағдайда олардың патасланыўы ушын жуўапкер болады. Нызамсыз орынларда шығынды таслаў Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы кодекске муўапық қатаң ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларына себеп болады.
Экология министрлиги пуқараларды тазалық айлығына белсене қатнасыўға, жуўапкершиликли болыўға ҳәм жәмийетлик орынларға шығынды тасламаўға шақырады.
"Егер сиз экологиялық ҳуқықбузарлықтың гүўасы болсаңыз, бул ҳаққында (71) 207-11-07, (71) 207-11-08, қысқа номерлер: 1157 ямаса 1207 арқалы хабар бериўиңиз мүмкин. Телеграм-бот: @ecogovuz_bot", - деп атап өтти мәкемеде.
Ҳәр ким өз үлесин қосыўы мүмкин - таза қоршаған орталық бизден басланады!











