Мағлыўмат ушын: «ROX Group» 1996-жылы шөлкемлестирилген. Жумысының тийкарғы бағдарлары: көшпес мүлк, технология, миймандослық ҳәм финанслық хызметлер. Компания 2023-жылы 2,4 миллиард доллар дәрамат көрген. Компанияда 2000 нан аслам хызметкер жумыс ислейди. Ол халықаралық базарларда, соның ишинде, Европада өз қатнасын жедел кеңейтип бармақта.
Ушырасыўда Туан Чан елимизде исбилерменлер ушын жаратылған шараятларды, сондай-ақ, сырт ел инвесторлары ушын жүдә тартымлы механизм болған тийкарғы бағдарларда таяр, жоқары дәраматлы жойбарларды ислеп шығыў системасының нәтийжелилигин жоқары баҳалады.
Атап айтқанда, Туан Тран Өзбекстан аймақларында турақ жай қурылысы ҳәм рекреациялық туризмди раўажландырыў бағдарларында жойбарларды әмелге асырыўға инвестиция киргизиўди мақсет етпекте.
Сөйлесиўлер жуўмағында бирге ислесиўдиң додаланған бағдарлары шеңберинде гезектеги илажлар ислеп шығылды ҳәм жойбарларды әмелге асырыў процесинде компанияны турақлы қоллап-қуўатлаў ушын өз алдына инвестиция менеджери бириктирилди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.