Орынларда халықты қыйнап атырған машқалаларды үйрениў, оларға қалыс ҳәм әдил баҳа бериў, кемшиликлерди сапластырыў жолларын излеў ҳәммениң де қолынан келе бермейди.

Бундай өзгерислер мәмлекетлик уйымлардың пуқаралар менен өз-ара қатнасықларының түп-тийкарынан жетилисиўине тийкар болып, халық пенен турақлы пикирлесиў, оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўдиң жаңа механизмлери ҳәм нәтийжели усылларын табыў ушын имканият жаратады.

2016-жыл 28-декабрьде Президентимиздиң "Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилип, оған муўапық, Президенттиң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасы шөлкемлестирилген еди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 8-августтағы "Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында елимиздиң барлық аймақларында жолға қойылған секторлардың жумысы мәмлекетлик уйымларды халық пенен және де жақынластырыў, халық пенен системалы сөйлесиўди жолға қойыўда әҳмийетли фактор болған еди.

Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, ҳәммемизди тәрбиялаған, камалға келтирген - усы халық. Бәримизге дуз-несийбе берген де - усы халық. Бизге исеним билдирген, басшы етип сайлаған да әйне усы халық. Солай екен, биз, биринши гезекте, ким менен сөйлесиўимиз керек - адамларымыз бенен. Ким менен мәсләҳәтлесип жумыс ислеўимиз керек - бәринен бурын, халқымыз бенен. Сонда халқымыз бизден разы болады. Халық разы болса, жумысымызда өним ҳәм берекет болады.

Ҳақыйқатында да, бурын пуқаралар түрли шөлкемлер арасында жыллап сергиздан болатуғын еди. Адамлардың өз арзалары менен биринши басшылардың қабыллаўына кириўи қыйын болып қалған еди. Әсиресе, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң темир торлар артына жасырынып алғаны адамлардың ашыўына тийип, басшыларға исенимин төменлеткен еди. Ақыбетинде мәмлекетлик уйымлар менен халық арасындағы аралық әдеўир узақласып қалған еди.

Сол себепли мәмлекетимиз басшысы реформаларды инсан ҳуқықларын толық жүзеге шығарыў, халық пенен мәмлекет арасында исеним көпирин орнатыўдан баслады. Ўатанласларымыздың мүрәжатларына - пикир-усыныслары, ойлары, дәрт-тәшўишлери, арзыў-әрманларына Президент дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны ҳәр биримиз ушын үлкен әҳмийетке ийе бола баслады.

Жуўапкер басшылар ең аўыр, шетки ҳәм алыс аймақларға шығып, мәҳәллеме-мәҳәлле, аўылма-аўыл, көшеме-көше жүрип, мүрәжатларды тыңлаў арқалы оларды орнында сапластырыўды баслады.

Мәмлекетимиз басшысы "Янги Ўзбекистон" газетасының Бас редакторына берген интервьюинде халықты разы етиў, машқалаларын шешип, бүгинги турмысынан разы болып, бахытлы болып жасаўы ушын шараят жаратыўға тийкарғы әҳмийет қарататуғынын ашық-айдын айтып берген еди.

..."халқымыз мәмлекетлик хызметтен разы болыўға ҳәр тәреплеме ҳақылы ҳәм мүнәсип.

Мине, усындай принциплер тийкарында қурылған мәмлекетлик ҳәкимият ғана шын мәнисинде халықшыл, демократиялық ҳәкимият есапланады. Бундай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық тамырлары беккем ҳәм күшли болады", деген еди Президентимиз сәўбетте.

Демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм ашық пуқаралық жәмийетин қурыўдың ең әҳмийетли шәрти болған халықтың ерк-ықрары, арзыў-нийетлери менен мәплерин ҳәр тәреплеме есапқа алған ҳалда мәмлекетлик уйымлардың халыққа "Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди" принципи тийкарында хызмет көрсетиўине ерисилди. Бул, өз гезегинде, халқымыздың аўырын жеңил етиў, оларға "мәмлекет - пуқара" қатнасықларында қолайлық жаратыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң жаңа системасы ислеп шығылғанынан дәрек береди.

Халықшыл сиясат жүргизиў ушын бир қатар бағдарлама ҳәм жойбарлар турмысқа енгизилип атырғаны итибарға ылайық. Соның ишинде, "Абат аўыл", "Абат мәҳәлле", "Бес әҳмийетли баслама", "Ҳәр бир шаңарақ - исбилермен", "Жаслар - келешегимиз" сыяқлы бағдарламалар бүгин турмысымызда унамлы нәтийжесин бермекте.

Ҳақыйқатында да, халық разы болып жасаған мәмлекетте пайыз-берекет, тынышлық-татыўлық, қәтержамлық ҳүким сүреди. Тынышлық болған елде болса раўажланыў даўам ететуғыны да әйне ҳақыйқат.

Президентимиздиң басшылығында быйыл 16-июнь күни реформалардың нәтийжелилиги, аймақлардағы жумыслардың барысы ҳәм халықты қыйнап атырған мәселелерди таллаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер қатарында Халық қабыллаўханаларының жумысына да баҳа берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы ўақытларда Халық қабыллаўханалары халықтың дәртин тыңлап, мәселелерди шешиўдиң орнына мүрәжатларды мәмлекетлик шөлкемлерге бөлистириўши дәлдалшыға айланып қалған. Нәтийжеде орынлардағы шешилмеген машқалалар социаллық тармақлар арқалы жуўапкерлерге "жеткерилетуғын" болды. Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири, оның дәрти ҳәм үмити тур.

Дурыс. Кейинги жылларда қабыл етилип атырған көплеген қарар ҳәм пәрманларда өз көринисин таўып атырған мәселелер тийкарында халқымыздың қәлбинде сақлап жүрген әрманлары емес пе?! Ямаса халықтың тәшўишин жеңиллетиў ушын мәҳәллеме-мәҳәлле, үйме-үй жүрип, машқалаларға тик қарап, оларды бир шеттен шешиўге кирискени ўатансүйиўшилик, халықшыллық, күш-ғайрат ҳәм мәртликтен дәрек емес пе?!

Бул айтыўға аңсат. Бул жол әпиўайы емес, халықтың дәрти менен меҳири байланысқан исеним жолы. Бул мәмлекетимизде узақты гөзлеп жүргизилип атырған прагматикалық халықшыл сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири ҳәм оны бәршемиз биргеликте даўам еттиремиз, ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Әлбетте, халықтың дәрти менен жасаў биз ушын миннетлеме.


Гулруҳ АЗАМОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы комитет баслығы