Себеби, гәп ең әҳмийетли қәдирият - инсан саламатлығы ҳәм өмири ҳаққында бармақта.
Миллий денсаўлықты сақлаў системасының трансформациясы заманагөй дүнья алға қойып атырған ўазыйпа ҳәм қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, пуқта ҳәм избе-из әмелге асырылмақта. Адамлардың саламатлығын жақсылаў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған тийкарғы бағдарлар анық белгилеп берилмекте. Әлбетте, бунда басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасындағы жаңаша қатнаслар ҳәм халықты толық қамтып алыўға тийкарланған фундаментал өзгерислер үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бүгинги күнде елимизде 1264 шаңарақлық шыпакерлик пункти, 1084 шаңарақлық поликлиника ҳәм 209 көп тармақлы орайлық поликлиника жумыс алып бармақта. Медициналық хызметти халыққа жақынластырыў, "Бир қәдем" принципин әмелге асырыў мақсетинде мәҳәлле пуқаралар жыйынларында медициналық пунктлер шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 34 миллионнан аслам халық медициналық хатлаўдан өткерилди.
Сондай-ақ, медициналық хызметке мүтәж болған жасы үлкенлер ҳәм балалардың төрт топары қәлиплестирилди. Зыянлы әдетлери бар ҳәм төмен физикалық белсендиликке ийе болған 11,1 миллионнан аслам халықты қамтып алған екинши топар айрықша итибарға ийе. Олар менен саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм кеселликлер профилактикасы бағдарында кең көлемли жумысларды алып барыў зәрүр.
Созылмалы кеселликлерге (тийкарынан, жүрек-қан тамыр) шалынған пуқаралар үшинши топарға киргизилген. Олар ушын тийисли емлеў режелери тастыйықланған. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылы жети миллионнан аслам ўатанласымыз республикамыздың амбулатор ҳәм стационар мәкемелеринде емленген.
Мәмлекетимизде өлим жағдайының ең көп тарқалған себеплери есапланған онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм қантлы диабет скринингине айрықша итибар қаратылмақта.
Онда Президентимиздиң усы оғада әҳмийетли мәселелердеги басламаларына итибар қаратыў керек. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис мәжилислеринде ҳаял-қызларда рак кеселлигин ерте анықлаў системасын жолға қойыў бойынша тапсырма берди. Буның ушын ҳәр жылы 35, 45, 55 жастағы 700 мың ҳаял-қызлар жатыр баўырының ракы скрининги ҳәм адам папилломасы вирусына ПЦР-скрининг тексериўинен өткериледи. Онда 9-13 жастағы 1,2 миллион жас өспирим қызлардың адам папилломасы вирусына қарсы шаншылыўын 100 процентке жеткериў керек.
Ҳәр еки жылда бир мәрте 45-65 жастағы 3,8 миллион ҳаял-қызда көкирек бези ракын ерте анықлаў бойынша скрининг тексериўи өткериледи. Ең әҳмийетлиси - бул илажлардан алынатуғын нәтийжелер. Онда ҳаял-қызларда онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў көрсеткиши 85 процентке жеткерилип, өлим көрсеткиши 4,5 процентке қысқарады. Бул санлардың артында өз шаңарағының қушағына саламат қайтатуғын мыңлаған ҳаял-қызлардың тәғдири тур.
Жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм қантлы диабетти ерте анықлаў бойынша жумыслар даўам етпекте. Буның ушын ҳәр жылы 40 ҳәм оннан үлкен жастағы тоғыз миллион ўатанласымыз скрининг тексериўинен өткериледи. 2024-жылы 6,3 миллион пуқара бундай тексериўден өтти. Нәтийжеде жүрек-қан тамыр кеселликлери менен кеселленген 173,5 мың, қантлы диабет пенен кеселленген 80,3 мың адам анықланды. Барлық наўқасларға емлениў бойынша тийисли усыныслар берилди.
Қәнигелестирилген жоқары технологиялы медициналық жәрдем көрсетиў де раўажланбақта. Елимиздеги 25 қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайы ўәлаятларда филиалларына ийе, орынларда пуқараларды диагностикалаў ҳәм оларға мәсләҳәтлер бериў, сондай-ақ, емлеўде белсенди. Қәнигелер турақлы түрде халық арасында медициналық тексериў өткериў ушын ең шетки районларға шықпақта.
Ўәлаятларда қәнигелердиң маманлығын арттырыў ушын курслар шөлкемлестирилмекте, бул да медициналық хызметлердиң сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. 2024-жыл даўамында 2500 ден аслам тараў қәнигелери өз маманлығын арттырды. Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Бухара, Наманган, Әндижан ўәлаятларында бүйрек трансплантациясы, микрохирургия, Хорезм ўәлаятында реконструкциялық ҳәм пластикалық операциялар жедел өткерилмекте. Мәмлекет бойынша төрт мыңға шамалас наўқаслар 42 түрдеги лапароскопик, тораскопик, эндоваскуляр хирургиялық қураллар менен орынларда емленди.
Барлық аймақларымызға жоқары медициналық технологиялар кирип келмекте. Елимиздеги жети қәнигелестирилген медицина орайы халықаралық аккредитацияга ийе, диагностика ҳәм емлеўдиң бийтәкирар усылларын қолланып атырғанын атап өтиў керек. Мәселен, Балалар миллий медицина орайында балаларда сколиозды радикал коррекциялаў әмелияты енгизилген ҳәм биринши мәрте инфекциялық патологиясы бар балаларда сүйек кемиги аутотрансплантациясы өткерилди. Балалардың жоқары технологиялық медициналық хызметлерге мүтәжлигин есапқа алып, орайда орынлардың саны 180 нен 250 ге көбейтилди.
2024-жылы елимиз медицинасы ушын және бир оғада әҳмийетли ўақыя болды - Президентимиздиң басламасы менен қурылған ең заманагөй, дүнья стандартларына сәйкес үскенеленген Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының жаңа комплекси пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде стационар ҳәм амбулатор емлениў, соның ишинде, химия терапиясын амбулатор қабыллаў ушын қолайлы шараятлар жаратылған.
Жоқары технологиялық операцияларды адамларға жақынластырыў ҳаққында сөз болғанда, соны айрықша атап өтиў керек, 2024-жылы ўәлаятларда бундай медициналық әмелиятлар 61 процентке жетти, пайтахтта олар 24 процентке қысқарды, қәнигелестирилген орайлар ҳәм олардың ўәлаятлардағы филиалларында ҳәр жылы жеңиллетилген категорияға киретуғын орташа 100 мың наўқас жеңиллетилген бағдар бойынша емленбекте.
Денсаўлықты сақлаў тараўында медициналық қамсызландырыўды енгизиўге байланыслы және бир әҳмийетли реформа әмелге асырылды. Белгили жумыслар Ташкент қаласы, Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында басланған. Айтыў керек, 2025-жылы Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында, 2026-жылы Сурхандәрья, Ферғана, Әндижан, Ташкент, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмин енгизиў нәзерде тутылған.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизминиң өзине тән өзгешелиги сонда, онда қаржыландырыўдың нәтийжеге бағдарланған жаңа усыллары енгизиледи. Онда қамсызландырыў шеңберинде медициналық хызметлер көрсетиў ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў Мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылады, халықтан қосымша төлемлер алынбайды.
Ташкентте мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмин енгизиў қалай өтпекте? Арнаўлы таярлықтан өткен шаңарақлық шыпакер, патронаж мийирбийкеси, мийирбийкеден ибарат медициналық бригадалар, тексериў өткериў ушын арнаўлы ханалар шөлкемлестирилген. 1703 медициналық бригада қәлиплестирилген ҳәм медициналық хызметкерлер менен толық тәмийинленген.
Соның менен бир қатарда, шыпакерлердиң жумысы да оптималластырылмақта. Яғный, олардың айырым ўазыйпалары әмелиятшы мийирбийкелерге берилди, бул ҳәр бир наўқасты тексериўден өткериўге кететуғын ўақытты арттырыў имканиятын берди. "Электрон поликлиника" ҳәм "Электрон емлеўхана" мәлимлеме системалары жетилистирилди. Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы енгизилди. "Электрон рецепт" системасы тийкарында 11 түрдеги дәри дармақларды бийпул бериўге қаратылған сынаў жойбары әмелге асырылмақта.
Тез медициналық жәрдем хызметиниң жумысы да жетилистирилмекте. "Сall-орайлар" жедел жумыс алып бармақта. Нәтийжеде тез жәрдем бригадаларының хызмет көрсетиў ушын қатнаў аймағы қысқарады, олардың кешигиўи 1,1 проценттен 0,3 процентке қысқарады.
Жуўмақлап айтқанда, жаңа Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалар маман медициналық жәрдем сапасын арттырыўға қаратылған. Бирақ, турақлы нәтийжелерге ерисиў ушын қаржыландырыў, кадрлар таярлаў, инфраструктураны модернизациялаў бойынша жумысларды даўам еттириў, басланғыш буўынға итибарды күшейтиў керек. Телемедицина сыяқлы жаңа технологияларды интеграциялаў, сондай-ақ, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўды енгизиўге итибарды күшейтиў керек. Халықтың саламатлығын профилактикалық бағдарламалар жәрдеминде жақсылаўға ерисиў оғада әҳмийетли.
Сондай-ақ, фармацевтика өнимлериниң нәтийжелилиги ҳәм қәўипсизлигин қадағалаў системасын жетилистириў, дәри қураллары базарының ашық-айдынлығын өндиристен баслап, сатып алыў ҳәм сатыўға шекемги процесслерде тәмийинлеў зәрүр. Онда баҳаны тийкарсыз арттырыў сыяқлы жағдайларға жол қоймаў керек.
Биз жоқарыда тоқтап өткен реформалар денсаўлықты сақлаўдың халықтың талапларын қанаатландырыў қәбилетине ийе турақлы системасын жаратыў имканиятын береди. Себеби, уллы жумысларды саламат миллет әмелге асырады.
Елена БОРИСОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының
Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер
комитети баслығының орынбасары