баннер
17 Mar 2025
03:51

    Жаслар арасында миокард инфаркти көбейип баратырғанының себеплери айтылды

    Алдын бул кеселлик тийкарынан 50-60 жастан асқан адамларда бақланған болса, енди 30-40 жастағылар, ҳәтте 20 жастан асқан жигит-қызларда да ушыраспақта.

    Соңғы жыллары көплеген кеселликлер жасарып бармақта. Атап айтқанда, миокард инфарктиниң жаслар арасында да тез-тез ушырасып атырғаны қәўетерли, әлбетте. Алдын бул кеселлик тийкарынан 50-60 жастан асқан адамларда бақланған болса, енди 30-40 жастағылар, ҳәтте 20 жастан асқан жигит-қызларда да ушыраспақта.

    Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының директоры, медицина илимлериниң докторы Хуршид Фозилов буның тийкарғы себеплери, келтирип шығарыўшы факторлар, әмел етилиўи керек болған қағыйдалар ҳаққында айтып берди:

    - Миокард инфаркти жүрек булшық етиниң белгили бир бөлимине қан жетип бармағанлығы себепли сол тоқыманың өлиўи. Буған әдетте қан тамырларында тосық пайда болыўы, холестерин топланыўы ямаса тромб пайда болыўы себеп болады. Бул жағдай жүрек жеткерип беретуғын қан ағымын кескин азайтады ҳәм қәўипли асқыныўларға алып келиўи мүмкин.

    Жасларда инфаркттың тийкарғы себеплери ҳаққында айтатуғын болсақ, бәринен бурын, надурыс аўқатланыў ҳәм семизлик де себеп болмақта. Тилекке қарсы, бүгин көпшилик жаслар фаст-фуд, майлы ҳәм қуўырылған тағамлар, газлы ишимликлер ҳәм қумшекер муғдары жоқары болған өнимлерди көп тутынып атырғанын бийкарлап болмайды. Бул болса артықша салмаққа, қан басымының артыўына ҳәм қан тамырларда атеросклероз пайда болыўына себеп болмақта.

    Ҳәрекетсизлик (гиподинамия) да бул кеселликти шақырмақта. Тән алыў керек, компьютер, смартфон ҳәм басқа гаджетлер жасларды бираз жалқаў етип қойды. Спорт пенен шуғылланбаў, узақ ўақыт бир орында отырып ислеў ямаса оқыў қан айланыўына унамсыз тәсир көрсетеди.

    Және бир фактор сыпатында жаслар арасында бүгин турақлы стресс пенен машқалалар да жоқ емес. Турақлы зорығыў, нервлилик организмде адреналин ҳәм кортизол муғдарын асырады, бул болса жүректи зорықтырып, инфаркт қәўипин асырады.

    Темеки ҳәм алкоголь пайдаланыўы да жасларда бул кеселликтиң ерте ояныўына алып келетуғын факторлардан бири болып есапланады. Себеби, сигарет қурамындағы никотин ҳәм басқа да зыянлы затлар қан тамырларын тарайтады. Тәбийий, бул жүрекке қан жетип барыўын қыйынластырады. Сондай-ақ, спиртли ишимликлер де қан басымының көтерилиўине ҳәм жүрек ритминиң бузылыўына себеп болады.

    Бул кеселликтиң алдын алыў ушын физикалық белсендилик, дурыс аўқатланыў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў талап етиледи.

    Жүрек артериялары тарайғанда яки тосылып қалғанда, жүрекке жетерли дәрежеде қан ҳәм кислород жетип бармайды. Бул болса аўыр асқыныўларға алып келиўи мүмкин.

    Бундай жағдайларда стент қойыў (коронар стендлеў) нәтийжели ҳәм тез емлеў усылы есапланады. Бул усылдың абзаллығы сонда, дәстүрий хирургияға салыстырғанда кем инвазив, яғный аз кесимли әмелият болып есапланады. Сол себепли наўқастың тиклениў процеси бираз жеңил өтеди.

    Бизиң кардиология орайымызда да бундай әмелият маман шыпакерлер ҳәм жоқары медициналық технологиялар тийкарында бир неше жыллардан берли табыслы әмелге асырылып келинбекте.

    Бир нәрсени есте сақлаў пайдасыз болмайды. Бул әмелият жүрек приступларының алдын алыў, жүрек-қан тамыр саламатлығын жақсылаў ҳәм өмирди узайтыў ушын әҳмийетли болып есапланады. Егер жүрек пенен байланыслы машқалаларға дус келсе, орай қәнигелерине мүрәжат етип, зәрүр мәсләҳәт ҳәм усынысларды алыў мүмкин. Бизде ҳәр бир наўқасқа анық диагноз қойыўға ҳәм сол тийкарда нәтийжели емлеў илажларын көриўге профессионал қатнас жасаймыз.

    Орайымызда стентлеўден кейинги реабилитация процесине де айрықша итибар қаратылады. Бул процесс медициналық бақлаў, дәри-дәрмақлар қабыл етиў, дурыс аўқатланыў, физикалық белсендилик ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаўды өз ишине алады.

    Наўқас үйине кеткенше турақлы кардиолог қадағалаўында болады. Қан басымы, жүрек ритми ҳәм улыўма жағдай бақлап барылады. Қан уйыўының алдын алыў ҳәм жүрек-қан тамыр системасын беккемлеў ушын керекли дәрилер усыныс етиледи.

    Жүрек ушын пайдалы диетаға әмел етиў қадағалаўға алынады. Бундай жағдайда наўқасқа аз дузлы, майсыз ҳәм витаминлерге бай өнимлер (мийўе-овошлар, балық, диеталық гөш) пайдалы екенлиги медициналық жақтан түсиндириледи. Шыпакердиң усынысы ҳәм қадағалаўы астында басқышпа-басқыш жүриў, жеңил гимнастика ҳәм дем алыў шынығыўларына кириседи.

    Улыўма алғанда, Орайымыздағы профессионал қәнигелер тәрепинен алып барылатуғын реабилитация процеси наўқастың және де жақсы жағдайға қайтыўына ҳәм кеселлик қәўпин азайтыўға жәрдем береди.

    Шыпакер сыпатында соны айтып өтиўим керек, бул кеселлик ҳәзирги ўақытта жас таңламай атыр. Соның ушын жас па, жасы үлкен бе жүректе қандай да бир машқала пайда болыўы менен тәртипсиз ҳәм өзбасымшалық пенен емлеў илажларын қолланбастан тезирек қәнигеге мүрәжат етиўи керек. Себеби, кеселликти емлегеннен гөре, алдын алған абзал. Қалаберди, жүрек ҳәзиллесе беретуғын орган емес.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech