Өзбекстан - Әзербайжан: Мәдений дипломатияның жаңа шеклери

    Пикир 8 шілде 2025 529

    Бүгин дүньяда халықлар арасындағы қарым-қатнас және жәмийетлик-сиясий ҳәм мәдений бирге ислесиўге ҳәр қашанғыдан да көбирек талап бар. Себеби, дүньяда барған сайын ҳәўиж алып атырған қарама-қарсылықлардың тийкарғы себеплеринен бири әне усы қарым-қатнастың жоқ екенлиги ямаса жетерли дәрежеде алып барылмай атырғанлығы болып есапланады.

    Өзбекстанның халықаралық майданда тынышлықты сүйиўши сиясатты алып барып атырғаны, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған қатнасықларды қоллап-қуўатлап атырғаны мақтаўға ылайық. Мәмлекетимиз дүнья жәмийетшилигинде көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений ҳәм руўхый байланысларды беккемлеў арқалы регионаллық турақлылыққа үлес қоспақта.

    Соңгы күнлерде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголия, Беларусь ҳәм Әзербайжан мәмлекетлерине әмелге асырған мәмлекетлик ҳәм рәсмий сапарлары мәмлекетимиз сыртқы сиясатының ашық-айдынлығын және бир мәрте көрсетти.

    Бул сапарлар шеңберинде мәдений байланысларды раўажландырыў мәселеси де айрықша орын ийелеп атырғаны елимизде мәдений дипломатияға үлкен әҳмийет қаратылып атырғанынан дәрек береди.

    Усы жылдың 2-4-июль күнлери мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

    Өзбек ҳәм әзербайжан халықларының байланыслары мың жылларға барып тақалады. Низамий Генжеўий ҳәм Әлийшер Наўайы дослығы Әзербайжан - Өзбекстан әдебий байланысларының тийкары есапланады. Усы жерде ҳәзирети Наўайы:

    «Аңсат емес бул майданда турыў,

    Низамийдиң пәнжесине пәнже урыў»

    деп Генжеўийди жоқары тән алғанын еске алыў орынлы.

    Еки халықтың тарийхый раўажланыў өзеги бир, сол себепли мәденияты ҳәм көркем өнери де бир. Муғам ҳәм мақам көркем өнери Әзербайжан ҳәм Өзбекстан халықларын бирлестиретуғын және бир әзелий мәдений өзек. Муғамлар ҳәм мақамлар халықларымыздың музыкалық ой-пикириниң булағы болып, гөззал үлгилери бизге шекем зыянсыз жетип келген. Бул дәстүрлер бүгинги күнде де даўам етип, әзербайжанлы музыка шеберлери елимизде өткерилип атырған "Шарқ тароналари", Халықаралық мақам көркем өнери, Бақсышылық ҳәм "Ләзги" фестивалларында турақлы қатнасып келмекте.

    Өзбек театр көркем өнериниң раўажланыўында Әзербайжан театрының үлкен тәсири бар. 1925-27-жыллары Ҳалима Носирова, Сайфи Олимов, Назира Алиева, Зуҳур Қобулов, Садулла Төребаев, Ҳакима Хожаева, Карим Ёқубов, Раҳимберди Бабажанов сыяқлы өзбек театрының ўәкиллери Бакудеги Мырза Фатали Ахундов атындағы театр техникумы жанында шөлкемлестирилген өзбек актёрларын таярлаў студиясында билим алған. Буннан тысқары, Әзербайжан елиниң ардақлы перзенти, белгили өзбек шайыры Мақсуд Шайхзаданың "Мырза Улығбек" трагедиясы, "Жалалиддин Мангуберди" драмасы, Узаир Ҳожибековтың "Аршин мол-олон", Эмин Сабит улының "Ҳижрон" музыкалы комедиялары елеге шекем өзбек тамашагөйиниң сүйикли шығармаларынан, спектакллеринен есапланады.

    Бул байланыслар ҳәр қандай шараятта даўам етип келди ҳәм бүгин еки мәмлекет басшысының ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде өзиниң ең жоқары шоққысына шығып бармақта.

    2023-жылы Президентимиздиң басламасы менен Әзербайжанның Физулий қаласында 960 оқыўшыға мөлшерленген заманагөй мектеп қурылып, пайдаланыўға тапсырылған еди. Бул мектеп халықларымызды және де жақынластырыў, өсип киятырған әзербайжанлы ул-қызларды Өзбекстанның бай тарийхы ҳәм мәдениятына, уллы ата-бабаларымыздың мийрасына жақынластырыўға хызмет етеди.

    Сапар етиў шеңберинде қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм әмелге асырылыўы нәзерде тутылған үлкен ўазыйпалар еки халық байланысларын жаңа басқышқа алып шығыў ушын тийкар жаратпақта, десек қәтелеспеймиз. Соның ишинде, оның шеңберинде биринши Парламентлераралық форум, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, аймақлар ҳәм ректорлар форумлары, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, бир қатар мәдений илажлар табыслы өткерилди.

    Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы кең көлемде әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Баку қаласында мәмлекетимиздиң Әзербайжандағы елшиханасының жаңа имараты ашылды.

    Әлбетте, бул елшихана да бирге ислесиўдиң бүгинги көринисине сәйкес көркем ҳәм салтанатлы екенлиги адамды қуўандырады. Оның заллары Өзбекстан аймақларының аты менен аталған. Президентимиз халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршиликтиң белгиси сыпатында заллардан бирине Қарабағ атын бериўди усыныс етти. Бул да еки мәмлекеттиң халықаралық майданда бир-бирин қоллап-қуўатлап атырғанынан дәрек береди.

    Мәмлекет басшыларының қатнасыўында Баку қаласында "Өзбекстан" паркине тырнақ тасы қойылғаны ҳәммениң кеўлиндеги ис болды. Бундай орайдың қурылысы, бириншиден, Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм тарийхын Әзербайжан халқы ҳәм усы мәмлекет мийманларына жақыннан таныстырыў имканиятын берсе, екиншиден, еки халық мәңги дослығының рәмзий көринисине де айланады.

    Бағ аймағында елимиздиң архитектуралық естеликлериниң нусқалары, сейил етиў орынлары, жасыл аймақлар, мийманхана, ҳәр қыйлы саўда ҳәм кеўилашар орынлар қурылады. Имаратлардың қурылысы ҳәм безеўинде өзбек миллий архитектурасы дәстүрлери ҳәм нағысларынан пайдаланылады.

    Келешекте бул ийгиликли дәстүр даўам еттирилген ҳалда Өзбекстанда болажақ "Әзербайжан" бағы ҳәм сийрек ушырасатуғын “Sea Breeze” туристлик комплексиниң жойбарлары жедел таярланып атырғаны атап өтилди.

    Усы жылы еки туўысқан мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен усы әҳмийетли сәнеге бағышланған ири илажлар, концертлер ҳәм жаслар форумларын биргеликте өткериўге келисип алынды.

    Басқа сырт ел сапарларында болғаны сыяқлы бул сапар етиўде де мәдений илажларға және илим ҳәм билимлендириў бағдарларына айрықша итибар қаратылды. Бул еки халықтың мәдений байланыслары тарийхый беккем тийкарға ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхына ийе.

    Мәмлекет басшылары арасында қол қойылған келисимлер арасында Илим, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимниң бар екенлиги сөзимиздиң дәлили болып табылады. Усы ҳүжжет тийкарында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы бирге ислесиўди миллий нызамшылық шеңберинде раўажландырыў ҳәм кеңейтиў бойынша бир қатар бағдарларда жедел бирге ислесиўге келисип алынды.

    Илимий мәкемелер ҳәм жоқары оқыў орынлары арасында тиккелей байланысларды орнатыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, студентлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилердиң алмасыўын шөлкемлестириў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, оқыў-методикалық материаллар ҳәм инновациялық тәжирийбелерди өз-ара алмасыў - булардың барлығы келисимниң мазмунында айрықша орын ийелейди.

    Халықлар арасындағы мәденият ҳәм көркем өнер, музыка ҳәм әдебият сыяқлы гуманитарлық бирге ислесиўдиң тереңлесиўи басқа да тараўлардың раўажланыўының әҳмийетли факторы болып табылады. Бүгинги күнде адамзат раўажланыўының әҳмийетли тараўы болған туризм де тийкарында мәдений бирге ислесиўден күш алады, оның экономикалық абаданлығына себеп болады. Бул ҳәдийсени, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мысалында да көриў мүмкин.

    2022-жылы Гулянақ Маммадова Өзбекстан халық артисти, Насиба Абдуллаева Әзербайжан халық артисти атағын алған. 2024-жылы Президентлер пәрманы менен Фаррух Зокиров ҳәм Полат Булбул улына "халық артисти" ҳүрметли атақлары берилди және Әзербайжан президентиниң елимизге сапары шеңберинде еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниң концерти өткерилип, онда өзбек ҳәм әзербайжан халықларының көп әсирлик дослығы, дәстүр ҳәм қәдириятлары және бир мәрте көрсетилген еди.

    2025-жылдың 29-30-апрель күнлери Әзербайжан мәмлекетлик академиялық миллий драма театрында биринши мәрте өзбек романшылығының тийкарын салыўшысы Абдулла Қадирийдиң "Өткен күнлер" романы тийкарында сахналастырылған спектакль премьерасы әзербайжан халқы тәрепинен жүдә жыллы күтип алынды. Бул да мәдений бирге ислесиўдиң және бир үлгиси болып есапланады.

    2024-жыл август айында Самарқандта болып өткен ХIII Шарқ тароналары халықаралық музыка фестивалында Әзербайжанның "Семурғ" топары Гран-при сыйлығын қолға киргизген болса, усы жылдың апрель айында гөззал Хийўа қаласында болып өткен "Халықаралық бақсышылық көркем өнери" фестивалында Әзербайжанның "Ашықлар" топары да Гран-при жеңимпазы болды.

    Сондай-ақ, усы жылдың июнь айында Баку қаласында өткерилген "Муғам әлеми" VII Халықаралық музыка фестивалында Өзбекстан ўәкиллери 1 ҳәм 3-орынды ийеледи.

    Сондай-ақ, усы жылдың май айында Әндижанда "Өзбекстан-Әзербайжан: жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары" атамасында еки мәмлекет жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларының қатнасыўындағы биринши форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Форумда ерисилген келисимлер бүгин мәмлекетлердиң билимлендириў тараўындағы байланысларын жаңа басқышқа алып шығыў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ҳәм стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етпекте.

    Илажда абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары қатнасып, еки халықтың тарийхый бирге ислесиў байланысларын билимлендириў процесслерине терең енгизиўге қаратылған бир қатар келисимлерге ерисилди.

    Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты да усы еки мәмлекет байланысларына тийкарланып Әзербайжан көркем өнер ҳәм мәденият тараўы ўәкиллери менен терең бирге ислесиў байланысларына ийе. Атап айтқанда, өткен жылы елимизде өткерилген Әзербайжан мәденият күнлери шеңберинде Саҳиб Пашазадеге Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының ҳүрметли профессоры атағы тапсырылды. Сондай-ақ, Гейдар Алиев атындағы Әзербайжан Мәденият орайы менен биргеликте көплеген илажлар шөлкемлестирилди.

    Бирге ислесиў шеңберинде быйылғы жылы "Қосық ҳәм аяқ ойын" тәлим бағдары студентлери ушын Әзербайжан халық артисти Забит Набизаде, Әзербайжанда хызмет көрсеткен артист Хайям Мамедов ҳәм Әзербайжанда хызмет көрсеткен артист, Муғам орайының директоры Саҳиб Пашазаде қатнасыўында бир қатар илажлар ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, усы орайда студентлердиң әмелиятлары да болып өтти.

    Усы жылдың сентябрь айында "Миллий қосықшылық" кафедрасы профессор-оқытыўшыларының Әзербайжанға сапары нәзерде тутылған. Институтымызда Әзербайжан композитори ҳәм педагогы Кара Караев атындағы Әзербайжан мәденият ҳәм көркем өнер орайы да шөлкемлестирилген.

    Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы бирге ислесиў халықлар арасындағы дослық байланыслардың бүгинги күнин тәмийинлесе, мәденият ҳәм көркем өнер билимлендириўин раўажландырыў жаслар, илимпазлар, дөретиўшилер, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери арасында мәдениятты жоқарылатады, билимлерди арттырады ҳәм кең тәжирийбе алмасыўларды хошаметлейди.

    Усы жерде мәдений билимлендириў тараўында келешекте еки мәмлекет жоқары билимлендириў мәкемелери арасында және де раўажландырыўымыз керек болған бағдарларды атап өтиў орынлы, деп ойлайман.

    Бәринен бурын, дөретиўшилик билимлендириў мәкемелери дөретиўши педагогларының өз-ара бирге ислесиўин нәтийжели шөлкемлестириўимиз керек. Сондай-ақ, илимий әнжуманлар, семинарлар ҳәм шеберлик сабақларын турақлы өткерип барыў, профессор-оқытыўшылардың стажировкаларын әмелге асырыў, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди үгит-нәсиятлайтуғын биргеликтеги грантларды таярлаў, Муғам орайы менен байланысларды раўажландырыў да оғада әҳмийетли.

    Буннан тысқары, дөретиўшилердиң дөретиўшилик репертуарлары менен өз-ара гастролларын шөлкемлестириў, фестивалларда турақлы қатнасыўға да айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.

    Сөзсиз, мәмлекетимиз басшысының Әзербайжанға әмелге асырылған мәмлекетлик сапары еки халықтың аўызбиршилиги, тарийхый байланыслардың жаңа басқышта даўам етиўи ушын беккем тийкар жаратты.

    Соның менен бирге, бүгинги күнде дүньяда жүз берип атырған ўақыяларға жуўап ретинде Өзбекстанның тынышлық ҳәм конструктивлик сөйлесиўге тийкарланған позициясын да және бир мәрте көрсетти.


    Нодирбек САЙФУЛЛАЕВ,

    Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер

    ҳәм мәденият институты

    ректоры, профессор

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates