Конференциядан гөзленген тийкарғы мақсет БМШтың «Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы Конвенциясы қабыл етилгениниң 45 жыллығын белгилеўге байланыслы илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың хуқықларын ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалаўдан ибарат болды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң ректоры Содиқ Сафоев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Зулайҳо Маҳкамова, Инсан хуқықлары бойынша миллий орай директорының орынбасары Дильноза Муратова, БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA)ның Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Нигина Абасзаде, «Шаңарақ ҳәм гендер» илимий-изертлеў институтының директоры, белгили илимпаз Нодира Эгамбердиева ҳәм басқалар ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў мәселеси кейинги жылларда Өзбекстанда жаңа мәнис ҳәм мазмунға ийе екенин атап өтти.
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар, жаслар, балалардың мәплерин тәмийинлеў бойынша бир қатар халықаралық ҳүжжетлер ратификацияланған. Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда миллий нызамшылығымыз толық жетилиспекте.
Конференцияда бул бағдарда илимий тараў ўәкиллери, әмелиятшы ҳәм экспертлердиң пикирлери үйренилип, ҳаял-қызлардың хуқықларын ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин енгизиў ҳәм соның менен бирге, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын теңдей имканиятлар жаратыў, халық арасында гендер қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, тәжирийбе алмасыў, олардың нәтийжелери бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Гендер теңлигине ерисиў бүгинги халықаралық жәмийетшилик алдында турған турақлы раўажланыў мақсети есапланады. БМШ Бас Ассамблеясының 2015-жылдың сентябрь айында Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде 70-резолюциясы менен 2030-жылға шекем 17 мақсетке ерисиў бойынша 169 мақсетли ўазыйпа тастыйықланған. Тикеллей турақлы раўажланыў тараўындағы 5-мақсет – гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың хуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиўге ерисиўден ибарат.
– Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққында Конвенция (CEDAW) 1979-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген халықаралық шәртнама есапланады, – деди «Шаңарақ ҳәм гендер» илимий изертлеў институтының директоры Нодира Эгамбердиева. – Быйылғы жылы усы ҳүжжет қабыл етилгенине 45-жыл толады. Бул ҳүжжет ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында итибар қаратылмақта. Бул бағдардағы барлық өзгешеликлер миллий нызамшылығымыз, жаңаланған Конституциямызда да өзиниң жарқын көринисин тапқан. Бүгин Өзбекстан ҳаял-қызлары мәмлекетимизде жүз берип атырған жәмийетлик өзгерислердиң орайында болыўы менен бирге, реформаларда белсене қатнасып атырғаны да дыққатқа ылайық.
– Өзбекстанда ҳаял-қызлар ушын кең имканиятлар жаратыў, гендер зорлықты сапластырыў бойынша белгили бир жетискенликлерге ерисилди, – деди БМШ Халықтаныў қоры (UNFPA)ның Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Нигина Абасзаде. – Социаллық қорғаў миллий агентлиги сыяқлы структуралар комплексли қоллап-қуўатлаў системасын жаратып онда шешиўши роль атқармақта. «Зорлыққа қарсы 16 күнлик жедел ҳәрекетлер» акциясы адамлардың хабардарлығын арттырыў менен бирге, қатаң илажларды әмелге асырыўда да үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық конференцияда атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. 2030-жылға шекем Гендер теңқлигине ерисиў бойынша стратегия қабыл етилди, усы бағдарға байланыслы нызамлар арқалы хуқықый тийкар беккемленди. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм Гендер комиссиясы сыяқлы әҳмийетли институтлар жумыс ислемекте.
Конференцияда атап өтилгениндей, жәмийетте гендер стереотиплери елеге шекем кең тарқалған болып, оларды сапластырыў ушын биргеликтеги үгит-нәсиятлаў илажларының орны әҳмийетли. Зорлық-зомбылықтың алдын алыў бағдарындағы жумысларды күшейтиў зәрүр. Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын теңдей хуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўде және де системалы қатнас жасаў талап етиледи. Билимлендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў арқалы гендер теңлиги темасын мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары бағдарламаларына киргизиў, жәмийетшиликти хабардар етиў зәрүр. Гендер стереотиплери ҳәм социаллық нормаларды өзгертиў мақсетинде дөретиўшилик өнимлер ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Экспертлер тәрепинен атап өтилгениндей, гендер мониторинги ҳәм статискасын жетилистириў арқалы гендер мәселелери бойынша анық мағлыўматларды жыйнаў ҳәм таллаў системасын раўажландырыў керек. Экономикалық имканиятларды кеңейтиў жолында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын теңдей мийнет ҳақы, мийнет шәртлери ҳәм исбилерменлик имканиятларын тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.
Халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў арқалы гендер теңлиги тараўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мақсет етип қойылған. Усы мәселелерди додаланыўға бағышланған конференцияда мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Конференция даўамында гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығылды ҳәм келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы.