Токио қаласында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов басшылығындағы делегацияның Япония илимге жәрдемлесиў жәмийетиниң (JSPS) президенти Суёси Сугино менен ушырасыўы болып өтти.
Японияға хызмет сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов басшылығындағы делегация Япония Илим ҳәм технологиялар агентлиги (Japan Science and Technology Agency - JST) президенти Кадзухито Хасимото менен рәсмий ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде Корея Республикасы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, Инновациялық раўажланыў агентлиги директоры ўазыйпасын атқарыўшы Асрор Норов, Сунчхон Миллий университетиниң ҳүрметли профессоры Сынчжу Бэк ҳәм Korea Development Institute (KDI) ўәкиллери қатнасты.
Японияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳират Кэндзи менен ушырасыў болып өтти.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығына муўапық, быйылғы оқыў жылында жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери (мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел), сондай-ақ, академиялық лицейлердиң студентлери ҳәм оқыўшылары ушын қысқы дем алыс мүддетлери белгиленди.
2025-жыл 24-ноябрь күни Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Сардор Ражабов Әзербайжан Республикасы Илим ҳәм билимлендириў министри Эмин Амруллаев пенен ушырасты.
2025-жыл 20-ноябрь күни Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Сардор Ражабов Берлинде Германия Федерал изертлеўлер, технологиялар ҳәм космос министрлигиниң Халықаралық бирге ислесиў департаменти директоры (министр орынбасары) Маттиас Оел менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов 16-ноябрь күни Ташкентте Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Байрамгул Ораздурдиева менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов Бангладеш Халық Республикасы билимлендириў министри Чоудхури Рафикул Абрар менен ушырасты.
Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Сардор Ражабов Гвинея Республикасының ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкили Сенкун Силла менен ушырасты.