Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомходжаев басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясы 2025-жыл 2-мартта болып өткен Тәжикстан Республикасы Мажлиси Олиниң төменги палатасы - Маджлиси намояндагонға гезектеги сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлаўда қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-декабрьдеги 104-санлы қарарына тийкарланып, 2025-жыл 26-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 62-санлы «Бозжап» сайлаў округинде босап қалған депутатлық орынға сайлаўларды өткериў белгиленген еди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенконы кеше болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.