Өзбекстан Салық комитети Soliq мобил қосымшасының қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша профилактикалық илажлар жуўмақланғанын мәлим етти. 4-ноябрь күни кешқурыннан баслап қосымша ўақтынша ислемеди, киргенде қәтелик пайда болды.
2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин (пахта ҳәм ғәлледен тысқары) реализациялаў ушын қосымша қун салығының "нол"лик ставкасы қолланылады. Бул Президенттиң 2025-жыл 4-сентябрьдеги ПП-153-санлы пәрманында нәзерде тутылған.
Өзбекстанда жоқары ликвидли өнимлер айланысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм тутыныўшыларды қорғаўға қаратылған санлы маркировкалаў системасын енгизиў даўам етпекте. 2026-жыл 1-марттан мүддети өткен товарларды сатыў автомат түрде блокланады.