Ыссыхана – қолайсыз климат шараятында егинлерге жасалма орталық (температура, жақтылық, ығаллық ҳ.б.) жарататуғын қурылма болып, онда мәўсимнен тысқары дәўирлерде де өним жетистириў, нәллер өсириўге хызмет етеди.
Қыс айларында базарларымызды толтырып турған таза палыз өнимлери ыссыханаларда жетилистирилип, халқымыз күнделикли турмысында пайдаланып келмекте. Әлбетте, суўық күнлерде егинди жетилистириў көп мийнетти талап етеди. Бул истиң көзин билетуғын исбилермен, фермер ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мийнетлериниң жемиси.
Бул шеклеўлер тек ғана ҳаўа температурасы кескин төменлеген ўақытта қолланылады. Қубырдағы газ басымлары турақласқанда шеклеўлер бийкар етиледи.