Қоршаған орталықты қорғаўға байланысли мәмлекет сиясатының беккем ҳуқықый кепили

    Пикир 5 желтоқсан 2025 24

    Соңғы он жыллықтағы глобал климат өзгериўи: суў бассейнлери ҳәм атмосфера ҳаўасының патасланыўы, айырым өсимлик ҳәм ҳайўан түрлериниң жоқ болып кетиўи, тоғай ҳәм тереклик майданларының қысқарыўы, озон қатламының жемирилиўи сыяқлы экологиялық машқалалар барлық мәмлекет ҳәм халықлар ушын үлкен тәшўиш оятпақта.

    Әне усы жағдайдан келип шығып, мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша кең көлемли реформалар өткерилди. Бул бағдарда халқымыздың ой-пикириниң жоқары үлгиси сыпатында 2023-жылы қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституция экологиялық турақлылық ҳәм қолайлы қоршаған орталықты тәмийинлеўдиң беккем тийкары болды.

    Бас нызамымызда қоршаған орталықты қорғаў, пуқаралардың қолайлы қоршаған орталықта жасаў ҳуқықын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли ҳуқықый механизмлер, инсанның экологиялық ҳуқықларына байланыслы кепилликлер және мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы миннетлемелери белгилеп берилди.

    Конституциялық нормалардың экологиялық сиясатты әмелге асырыўдағы орны ҳәм әҳмийети шексиз. Усы мәнисте, экологиялық нормалар системасының төмендеги тийкарғы тәреплерин айрықша көрсетиў орынлы.

    Бириншиден, мәмлекетимиздиң бийбаҳа тәбийғый байлықларын көбейтиў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын қәстерлеп сақлаў ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ўазыйпасы Конституцияның кирисиўинде-ақ өзбек халқының уллы мақсетлеринен бири сыпатында беккемленген.

    Конституцияның алғы сөзинде халқымыздың көп әсирлик арзыў-нийетлери ҳәм мақсетлери сәўлеленген, қоршаған орталықты қорғаўдың бас нызамымыздың алғы сөзинен орын алғаны болса әҳмийетли идеологиялық ҳәм бағдарлаўшы әҳмийетке ийе.

    Бул бағдарда мәмлекетимиз қысқа мүддетте биокөптүрлиликти қорғаў мәселелери бойынша 4, сондай-ақ, трансшегаралық суў ресурсларын қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққындағы 2 конвенция, БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы ҳәм Киото протоколы және Париж келисими, Озон қатламын қорғаў ҳаққындағы конвенция ҳәм Монреал протоколы, Шығындыларды трансшегаралық тасыўды тәртипке салыўшы Базель конвенциясы, Турақлы органикалық патасландырыўшы затлар ҳаққындағы Стокгольм конвенциясы сыяқлы жәми 13 халықаралық конвенция ҳәм келисимге қосылғаны бул бағдарда жәрияланған мақсетлерди жүзеге шығарыў ушын әҳмийетли қәдем болды.

    Қалаберди, 2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланыўы да халқымыздың экологиялық умтылысларына сай болып есапланады. Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарлама елимизде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, халықтың саламатлығын ҳәм абаданлығын арттырыў, мәмлекетлик уйымлар, жәмийетшилик ҳәм ҳәр бир пуқараның экологиялық машқалаларды шешиў процесинде белсене қатнасыўына қаратылған кең көлемли реформалар ушын түртки болды.

    Екиншиден, Конституцияда биринши мәрте пуқаралардың экологиялық ҳуқықлары беккемленди. Атап айтқанда, 49-статьяда үш экологиялық ҳуқық кепилленди. Булар - қолайлы қоршаған орталыққа ийе болыў, қоршаған орталық жағдайы ҳаққында исенимли мәлимлеме алыў, қала қурылысы ҳүжжетлери жойбарлары бойынша жәмийетшилик додалаўында қатнасыў ҳуқықлары. Экологиялық ҳуқықлардың конституциялық дәрежеде беккемлениўи бул мәселениң мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилиўине түртки болды.

    Президентимиздиң 2024-жыл 26-сентябрьдеги "Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен болса экологиялық мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, шығындылар менен ислесиўде жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў ҳәм экологиялық қадағалаўды күшейтиў илажлары көрилди.

    Үшиншиден, Конституцияда биринши мәрте мәмлекеттиң экологиялық миннетлемелери де белгиленди. Атап айтқанда, мәмлекет, бәринен бурын, пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталыққа зыянлы тәсир көрсетилиўине жол қоймаў мақсетинде қала қурылысы жумысы тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады. Усы мақсетте турақлы раўажланыў принципине муўапық, қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық тең салмақлылықты сақлаў бойынша илажларды көреди.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде қурылып атырған "жасыл белбеў" ҳәм бағлар елимиз көлеминде кең көлемли абатлық ҳәм жасыллыққа, адамлар ушын мүнәсип шараят жаратыў ҳәм халқымыздың саламатлығын қәстерлеп сақлаўға хызмет етпекте.

    Қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған илажлар қатарында экологиялық билимлендириў ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыў системасын жетилистириў де әҳмийетли орын ийелейди. Бул жас әўладтың экологиялық билими ҳәм мәдениятын арттырыў, тәбиятқа абайлылық пенен қатнаста болыў жуўапкершилигин қәлиплестириўге қаратылған. Сондай-ақ, бул бағдарда илимди раўажландырыў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў де үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Президентимиздиң 2025-жыл 15-майдағы қарары менен 2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясы тастыйықланды.

    Мәмлекеттиң мойнындағы және бир экологиялық миннетлеме - Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көриў.

    Бул бағдарда Президентимиз алға қойған экологиялық басламалар шеңберинде кейинги жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектарда тоғай жаратылғаны да усы конституциялық норманың нәтийжели орынланыўына хызмет етпекте.

    Төртиншиден, жаңа редакциядағы Бас нызамымызда қоршаған тәбийғый орталыққа абайлы қатнаста болыў миннетлемеси пуқаралардың 6 миннетлемесинен бири сыпатында белгиленди. Бул пуқаралардың тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўы, тәбийғый байлықларға абайлы қатнаста болыўы, экология талапларына әмел етиўи лазымлығын аңлатады.

    Бесиншиден, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы және басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық екени, олардан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүрлиги ҳәм олар мәмлекет қорғаўында екени де беккемленди.

    Бул конституциялық норманың әҳмийети сонда, ол, бәринен бурын, тәбийғый ресурслардың улыўма миллий байлық сыпатындағы статусын белгилейди. Яғный тәбийий ресурслар кең мәнисте өзбек халқының байлығы, олардан мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы жолында пайдаланылады.

    Өз гезегинде, бул норма тәбийғый ресурслар мәмлекет қорғаўында екенин де белгилейди. Бул болса мәмлекетлик ҳәм ўәкилликли уйымларға қоршаған тәбийғый орталықты қорғаўға қаратылған илажларды көриў миннетлемесин жүклейди.

    Мәселен, турақ жай қурылысы тараўында жаңадан қурылатуғын, бийиклиги 12 метрден ямаса улыўма майданы 500 квадрат метрден артық имаратларды жойбарластырыўда оған тутас аймақлардың кеминде 25 процентин көклемзарластырыў, сондай-ақ, қоршаған орталыққа зыяны көп санаат кәрханалары ушын "жасыл белбеў"лер жаратыў бойынша жаңа экологиялық талаплардың енгизилгени усы конституциялық норманың орынланыўына хызмет етпекте.

    Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Климат кеңеси шөлкемлестирилип, оның климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиў бойынша миллий стратегияны ислеп шығыў ҳәм бул бағдарда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў, климаттың өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиў бойынша сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

    Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 24-сентябрьдеги "Шаң боранларына қарсы гүресиў ҳәм атмосфера ҳаўасы сапасын жақсылаў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы қарары менен Өзбекстан Республикасында шаң боранларына қарсы гүресиў ҳәм олардың ақыбетлерин жумсартыў бойынша 2024 - 2030-жылларға мөлшерленген миллий бағдарлама тастыйықланды.

    Климат өзгериўине байланыслы қәўиплерге бейимлесиўди арттырыў бойынша өз алдына илажлар ислеп шығылыўы глобал климат өзгериўи унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў имканиятын береди. Себеби, онда автомобиль қурылысында "Евро-4" стандартынан төмен категориядағы жанылғыны сатыў ҳәм оннан пайдаланыўды басқышпа-басқыш толық қадаған етиў нәзерде тутылды. Оның ушын Бухара ҳәм Ферғана нефтти қайта ислеў заводлары жоқары сапалы жанылғы ислеп шығарыў бойынша модернизацияланатуғыны белгиленди.

    Конституциялық норманың және бир тәрепи, онда тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў талабы да беккемленген. Бул тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда экологиялық норма ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине әмел етиўди талап етеди.

    Кейинги жылларда елимизде "жасыл" экономикаға өтиў бағдарындағы реформалар да тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет етпекте. Экономикалық өсиўдиң дәстүрий моделинен "жасыл" экономикаға өтиў экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм Конституцияда белгиленген принципти әмелге асырыўдың әҳмийетли қуралына айланбақта. Атап айтқанда, елимизде инновациялық "жасыл" инвестицияларды хошаметлеў, экономикаға экологиялық таза технологияларды енгизиў бойынша әҳмийетли илажлар көрилмекте.

    Алтыншыдан, Конституцияда биринши мәрте мәмлекет жаслардың ҳуқықлары, соның ишинде, экологиялық ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлейтуғыны белгиленди. Бул да бийкарға емес. Себеби жаслар - елимиздиң келешеги, оларды экологиялық мәдениятлы етип тәрбиялаў, экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў арқалы елимиздиң келешегин қәстерлеп сақлаўға үлес қосамыз.

    Жетиншиден, Бас нызамымызда мәмлекетлик уйымлардың экологиялық ўәкилликлерине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, онда биринши мәрте Министрлер Кабинетиниң қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый байлықлар ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, климаттың өзгериўи, эпидемиялар, пандемияларға қарсы гүресиў ҳәм олардың ақыбетлерин жумсартыў тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, ҳәкимлердиң аймақларды, соның ишинде, экологиялық жақтан раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған илажларды көриў бойынша ўәкилликлери белгиленди.

    Бул конституциялық нормалар ҳүкимет ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң қоршаған орталықты қорғаўды олардың ең тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгилейди ҳәм сол арқалы оларға экологиялық нызамшылық талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша үлкен жуўапкершилик жүклейди.

    Улыўма, жаңа редакциядағы Бас нызамымыз мәмлекеттиң экологиялық сиясатын жетилистирип, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қолланба болды. Басқаша етип айтқанда, Конституциямыз Өзбекстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый, соның ишинде, биологиялық ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған экономикалық ҳәм экологиялық сиясатты әмелге асырыў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаўды нәтийжели тәртипке салыў, жәмийетлик қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған зәрүр ҳуқықый тийкарларды жаратыў ҳәм күшейтиўге хызмет етпекте.

    Аслиддин НУРИДУЛЛАЕВ,

    Жәмийетлик қәўипсизлик университети кафедра баслығы,

    юридикалық илимлер докторы, доцент


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates