Ҳаўа температурасының кескин пәсейиўи нәтийжесинде тутыныўшылардың тәбийий газге болған талабы кескин артып, буның нәтийжесинде айырым аймақлардағы қубырларда газ басымының төменлеўи бақланбақта.
Биринши гезекте халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийий газ бенен тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа екенин есапқа алып, айырым көтере тутыныўшыларға шеклеўлер киргизилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-сентябрьдеги ПҚ-339-санлы қарарына муўапық басым түсиўи ямаса үзилислер бойынша ыссыхана хожалықларын кеминде 24 саат алдын «Ҳудудгазтаъминот» АЖ тәрепинен мәжбүрий хабардар етиў әмелияты енгизилиўи белгиленген. Газ тәмийнаты кәрханалары тәрепинен бәрқулла усы әмелият бойынша жумыс алып барылып, шеклеў киргизилиўинен кеминде 24 саат алдын ыссыхана хожалықларына ескертиў жибериледи.
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-октябрьдеги 567-санлы қарарына муўапық, халықтың газ тәмийнаты системасында айрықша жағдайлар жүзеге келгенде, ыссыхана хожалығында жетерли муғдардағы алтернатив жанылғы резервинин бар болыўы белгиленген.
«Ҳудудгазтаъминот» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм ыссыхана хожалықлары арасында үш тәреплеме келисимде де көрсетилген.
Усы мүнәсибет пенен үш тәреплеме шәртнама шәртлерине муўапық ыссыхана хожалықларына жеткерип берилетуғын тәбийий газге белгили бир шеклеўлер киргизилген дәўирлерде ыссыхана хожалықлары резерв жанылғы түрлеринен пайдаланыўға ўақтынша өтиўи керек болады.
Атап өтиў керек, бул шеклеўлер тек ғана ҳаўа температурасы кескин төменлеген ўақытта қолланылады. Қубырдағы газ басымлары турақласқанда шеклеўлер алып тасланады.