Өзбекстан мәмлекетлик академиялық рус драма театрында 2025-жыл 20-октябрьден баслап Россия театр хызметкерлери аўқамы (ТХА) жәрдеминде Режиссёрлық лабораториясы болып өтпекте. Үш россиялы режиссёр ташкентлилер менен үш спектаклден үзиндилер сахналастырмақта.
Қазақстанның Ақтаў қаласында ТҮРКСАЙ III халықаралық театр фестивалы өз жуўмағына жетти. Илаж 21-26-сентябрь күнлери өткерилди ҳәм жети мәмлекет: Өзбекстан, Қазақстан, Түркия, Әзербайжан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Венгриядан келген театр жәмәәтлерин бирлестирди.
Өзбектан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы мәдений мәкемелердиң жумысларын комплексли раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында әмелге асырылған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде тараў пидайылары, қәнигелери ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында республикамызда пресс-тур өткерилмекте.
Алдын хабар бергенимиздей, Россия Федерациясының “Русский Мир” фонды тәрепинен қаржыландырылған “Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди” халықаралық жойбары шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының “Режиссура” кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен рус драматург-жазыўшылары Антон Павлович Чеховтың «Судтан алдынғы түн», «Айыў», «Усыныс» шығармаларын ҳәм Николай Василевич Гогольдиң «Ревизор» шығармасын сахналастырып, республикамыз бойлап гастроль сапарларына шығыўы режелестирилген еди.