Алдын хабар берилгениндей, усы жылдың 6-10-май күнлери республикалық Жумысшы топар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар өткерилиўи белгиленген еди. Усы тийкарда Нөкис қаласындағы «Моно орай» имаратында Республика жумысшы топары тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилип, Хожели, Нөкис, Тақыятас районлары ҳәм Нөкис қаласы турғынларыныӊ мүрәжатлары көрип шығылды.
Халықты қыйнап киятырған ҳуқықый машқалаларға шешим табыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Акбар Тошқуловтың Шымбай районында көшпели қабыллаўы өткерилди.
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм оның шешимин табыў бойынша республикалық жумысшы топар дүзилип, бул бағдарда орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.
Шоманай районындағы Айбүйир мәкан пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшилери, мәҳәлле ақсақалы ҳәм аймақ турғынларының қатнасыўында район ҳәкими А.Аметовтың көшпели қабыллаўы болып өтти