Илим-пәнде жаңалықлар — бунда ҳаял-қызлардың өз орны бар

    Пикир 10 желтоқсан 2025 22

    Илим-тынымсыз излениў дегени. Изертлеўши пүткил денеси менен қолға киргизип атырған дәслепки ҳәм кейинги нәтийжелерди бир пүтин системаға салады, өткерип атырған изертлеўиниң әҳмийетин, баҳасын аңлаў, оны жақлаў процесинде шынығып барады.

    Таңланған бағдар, тараўға қызығыўшылық ҳәм табысқа ерисиў инсаннан үлкен исеним ҳәм тынымсыз мийнет талап етеди. Елимизде өз сөзине ийе, излениўлери менен илимниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызлар көпшиликти қурайды. Олардың изертлеўлери, алға қойып атырған жойбарлары медицина, санаат, аўыл хожалығы, социаллық-ағартыўшылық ҳәм мәдений тараўлардың раўажланыўына хызмет етпекте.

    Усы жылдың октябрь айында Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында Өзбекстан Илимлер академиясының вице-президенти, профессор Шаҳло Турдикуловаға Жәҳән илимлер академиясы (ТWАС) академиги дипломы тапсырылды. Биотехнология бойынша доктор, биохимия ҳәм клетка биологиясы бойынша илим докторы дәрежесине ийе илимпаз елимизде инсан генетикасы изертлеўлерин табыслы өткерди ҳәм 670 кеселликке бейимлилик генлери менен байланыслы 1450 генетикалық маркерди анықлады. 24 мың үлгиден ибарат миллий ДНК банкин жаратты. Ол елимизде биринши ПЗР тестин ислеп шығыўға басшылық етти ҳәм ZF-UZVAC-2001 COVID-19 вакцинасының клиникалық сынақларына жәрдемлести. Илимпаздың Жәҳән илимлер академиясының академиги етип сайланғаны елимизде ҳаял-қызлардың илим менен шуғылланыўы ушын жаратылған имканиятларға және бир дәлил болды.

    Усы жылы ноябрь айында пайтахтымызда болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен бир топар жетик қәнигелерге "Келешек мийрасы" сыйлығы тапсырылды. Халықаралық көлемде тән алынған бул сыйлық пенен Әзербайжан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң белгили шахслары қатарында жерлесимиз Дилфуза Эгамбердиева да сыйлықланды.

    Ҳәзир мәмлекетимиздиң илиминде 5000 ға шамалас илимпаз ҳаял-қыз жумыс алып бармақта. Илимлер академиясы системасындағы 30 дан аслам илимий-изертлеў мәкемесинде 5 академик, 117 илим докторы, 272 илим кандидаты ҳәм философия докторы болған ҳаял-қызлар жумыс алып бармақта.

    - Системада ҳаял-қызлардың саны жылдан-жылға артып бармақта, - дейди Илимлер академиясының социаллық-гуманитарлық илимлер бөлиминиң баслығы Нодира Мустафоева. - Таяныш докторантура ҳәм докторантурада оқып атырғанлар арасында ҳаял-қызлар 30-35 процентти қурамақта. Ең әҳмийетлиси, анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдарында излениўшилердиң үлеси артып бармақта.

    Жергиликли өсимликлерден жоқары қунлы өнимлер

    Уғилой Юсупова жаңа әўлад илимпазларынан. Оның жумысы тек ғана лабораториядағы нәтийжелер емес, ал мәмлекетте тәбийғый дәри-дәрмақ ислеп шығарыў бағдарындағы жаңа бағдарларды баслап бергени менен де әҳмийетли. Илимпаз Өсимлик элементлери химиясы институтында өткерип атырған изертлеўлери тийкарында Өзбекстан флорасына тийисли сийрек ушырасатуғын өсимликлердиң химиялық қурамын терең үйренбекте. Олардан саламатлыққа пайдалы затларды ажыратып алып, заманагөй дәри, биологиялық актив қосымшалар ҳәм косметикалық қураллар жаратыў ушын илимий тийкарларды ислеп шықпақта. Уғилойдың халықаралық көлемде тән алынған жумысларынан бири - 2022-жылы басып шығарылған илимий китабы болды. Онда фитоэкдистероидлардың химиясы, биологиясы, тәбийғый дәреклери ҳәм дәрилик қолланылыўына байланыслы ең заманагөй мағлыўматлар жәмленген. Сондай-ақ, китапта өсимликлердиң фитоэкдистероидлары биринши рет кең көлемде талқыланған. Изертлеўшиниң илимий жумысы тек теориялық таллаўлар шеңберинде шекленип қалмастан, әмелиятта да үлкен нәтийже бермекте. Оның изленислери тийкарында қандағы қантты нормалластырыўшы "Силабет" биологиялық қосымшасы ҳәм исиниўге қарсы жаңа әўлад "Остропин" концепциясы ислеп шығылды.

    - Ҳәзир бул актив қосымшалар өндириске енгизиў басқышында тур, - дейди илимпаз. - Бундай қолланбалар жергиликли шийки заттан таярланатуғын дәри өнимлериниң түри кеңейиўине тийкар жаратады.

    Уғилой Юсупованың соңғы жыллардағы ең перспективалы изертлеў бағдарларынан бири - жоқары терең эвтектикалық еритиўшилер (ЖТЭЕ) технологияларынан пайдаланып, тәбийғый затларды ажыратыў болып табылады. ЖТЭЕ - тәбияттан келип шыққан, зыянсыз, қайта тикленетуғын, экологиялық қәўипсиз еритиўшилер болып, халық тилинде айтқанда, өсимликлерден зат ажыратыўда зәҳәрли органикалық еритиўшилердиң орнын басатуғын жаңа әўлад "жасыл" химия технологиясы болып есапланады. Бул болса дәри ислеп шығарыўдағы тийкарғы машқалалардан бири - химиялық еритиўшилердиң қалдығын азайтыўға әмелий шешим болады. Химиялық еритиўшилер қымбат, экологиялық зыянлы ҳәм гейде өним қурамында қалғаны ушын зәҳәрли тәсир етиўи мүмкин. ЖТЭЕ технологиялары болса бул машқаланы толық шешеди, затты ажыратыў арзанласады, шығарылып атырған затлардың сапасы ҳәм шығыўы бир неше есеге артып, таяр дәри ҳәм косметикалық қураллардың қәўипсизлиги күшейеди. Бул технология ҳәзирги ўақытта дүньяда жүдә әҳмийетли. Себеби фармацевтика тармағы зәҳәрли еритиўшилерден ўаз кешиўге умтылмақта. Уғилой Юсупованың изертлеўи Өзбекстан илими ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бириншиден, ол жергиликли флорадан жоқары қунлы таяр өнимлер - дәри-дәрмақ, биологиялық актив қосымшалар, косметикалық гел ҳәм кремлер жаратыў имканиятын кеңейтпекте. Екиншиден, Өзбекстанда экологиялық таза технологияларға тийкарланған фармацевтика санаатын қәлиплестириў ушын илимий тийкар таярламақта. Үшиншиден, ЖТЭЕда ажыратылған элементлер тийкарында ислеп шығарылатуғын таяр өнимлер халықаралық базарда бәсекиге шыдамлы болыўы мүмкин.

    Жәҳән илиминиң көзқарасынан болса бул изертлеўлер өзбек флорасындағы сийрек ушырасатуғын тәбийғый бирикпелерди турақлы, биологиялық қәўипсиз, жоқары нәтийжели формаларда изертлеўдиң жаңа жолын ашты. ЖТЭЕ технологиялары дүньяда "жасыл" химия, "биологиялық еритиўшилер" ҳәм "жасалма интеллект тийкарында дәри жаратыў" сыяқлы бағдарларға тиккелей үлес қоспақта. Уғилойдың изертлеўлери мине усы глобал машқалалар - инсан саламатлығы ҳәм экологиялық қәўипсизлик мәселелерине заманагөй, әмелиятқа жақын шешим бермекте.

    Олар ҳасла кем емес

    Илимлер академиясы Көркем өнертаныў институтының изертлеўшиси Малоҳат Турабованың илимий жойбары "Майыплығы болған балалар ушын инклюзив қуўыршақ театры спектакллерин жаратыў" темасына бағышланады.

    Майыплығы болған балалар (еситиў, көриў, сөйлеў, ҳәрекет ямаса ақыл раўажланыўында машқаласы болғанлар) мәдений турмыста толық қатнасыў ҳуқықына ийе. Қуўыршақ театры болса балалар менен пикирлесиўдиң дәстүрий емес, нәтийжели ҳәм тәсиршең усылы сыпатында оғада қолайлы көркем өнер түри болып есапланады. Өзбекстанда профессионал ҳәм бир неше ҳәўескер қуўыршақ театрлары раўажланып бармақта. Заманагөй санлы технологиялар раўажланыўы шараятында, инклюзив көркем өнер принциплери тийкарында визуал, аудиовизуал ҳәм интерактив технологиялардан пайдаланыў, қуўыршақ образлары арқалы балалардың эмоционаллық ҳәм коммуникативлик раўажланыўына нәтийжели тәсир көрсетиў имканияты бираз жоқары.

    Елимизде инклюзив қуўыршақ театры теориясы ҳәм әмелиятын қәлиплестириўде илимий тийкарлар жетерли емес. Бундай балалар ушын арнаўлы мөлшерленген театр технологиялары, қуўыршақ театры режиссёрлығы, образ психологиясы сыяқлы мәселелер жақсы изертленбеген. Әсиресе, еситиў ҳәм көриўде нуқсаны бар балалар ушын арнаўлы форматлар тәсирин талқылаўға зәрүрлик жоқары. Бундай театр түри балалардың пикирин билдириў, сөйлесиў ҳәм жәмийетке интеграцияласыўы ушын әҳмийети әмелиятта көринсе де, илимий талқылаў ҳәм баҳалаў өлшемлери жоқ. Инклюзив спектакль жаратыў процесинде режиссёрлық, педагогика ҳәм дефектология тараўлары арасындағы интеграцияның методикалық тийкарлары жетерли емеслиги изертлеўге тийкар болды.

    - Бул жойбар майыплығы болған балалар ушын заманагөй технологиялар тийкарында инклюзив қуўыршақ театры видеоспектакллерин ислеп шығыўды нәзерде тутады, - дейди илимпаз. - Бул өнимлер YouTube ҳәм басқа онлайн платформалар арқалы пүткил республика бойлап тарқатылады. Бул жойбар театр көркем өнерин санластырыў арқалы кең аудиторияға жетип барыў, барлық балалар ушын теңдей мәдений орталық жаратыў, қәнигелестирилген видеоөнимлер арқалы "ақыллы билимлендириў" имканиятын кеңейтиў, жәмийетте инклюзивлик мәдениятын раўажландырыў және социаллық инновация сыпатында имканият теңлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Өзбекстанда қуўыршақ театрында инклюзив қатнасты изертлеўге қаратылған излениўде майыплығы бар балалардың мүтәжликлерине бейимлестирилген сахна шешимлери, қуўыршақ қураллары ҳәм визуал-коммуникациялық технологияларды енгизиў мәселелери илимий тийкарда талланады. Сондай-ақ, инклюзив қуўыршақ спектакллери ушын методикалық усыныслар, мультимедиа ресурслары ҳәм режиссёрлық бағдарындағы жаңа қатнаслар ислеп шығылады.

    Инклюзив балалар ушын қуўыршақ спектакллери тек ғана тәрбия ҳәм көркем өнерге емес, ал илим-пән, атап айтқанда, педагогика, психология, логопедия, дефектология, көркем өнертаныў ҳәм денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларға сезилерли үлес қосады. Атап айтқанда, педагогикада инклюзив билимлендириў моделлерин кеңейтеди. Спектакллерди көриў, еситиў, сезиў, ҳәрекет арқалы билим берилиўи себепли илим ушын жаңа мультимодал оқытыў моделлери ислеп шығыў имканиятын жаратады.

    Бай мәденият көриниси

    Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими таяныш докторанты Шахноза Яхияеваның илимий жумысында жыраўлар, бақсылардың дөретиўшилик үлгилерин жасларға анимациялық усылда усыныў темасы көтерилген.

    - Халық дәстанлары дерлик барлық түркий халықларда бар ҳәм олар ҳәр қыйлы түрде руўхый естелик сыпатында жасап келмекте, - дейди изертлеўши. - Фольклоршыларымыз жыраўлардан дәстанларды жазып алыў жумысларын XX әсирдиң 40-50-жылларында баслаған. Процесс тек қағаз-қәлем жәрдеминде орынланған.

    Фольклор үлгилери, атқарыўшылары, атқарыў усыллары ҳәм басқа халықлар көркем өнери менен уқсас ҳәм өзине тән өзгешеликлерин сәўлелендириўге байланыслы илимий-ғалабалық анимациялық видео ислеп шығыў бүгин әҳмийетли ўазыйпалардан. Бул жойбар республикалық бақсышылық көркем өнери орайы, музыка ҳәм бақсышылық мектеплери, руўхый-ағартыўшылық, мәлимлеме-ресурс орайлары, музейлер, жоқары билимлендириў мәкемелери, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң жумысы ушын әҳмийетли интеллектуаллық база сыпатында хызмет етеди.

    - Усы ўақытқа шекем Қарақалпақстанда жыраў, бақсылардың өмири ҳәм дөретиўшилиги анимациялық түрде исленбеген, - дейди Шаҳноза Яхиява. - Пүткил дүньяда технология раўажланған сайын жасларымызға китап оқытыў қыйынласып бармақта. Сол себепли, қысқа метражлы анимациялық фильм жаратыў зәрүрлиги жүзеге келди. Себеби анимациялық фильмлердиң инсанға, әсиресе, жасларға тәсири күшли.

    Қарақалпақ халық аўызеки дөретпелери, атап айтқанда, халық дәстанлары бойынша бир қанша жумыслар исленген. Бул жойбар арқалы болса жыраў-бақсы ҳәм халық дәстанларының бар вариантлары кең көлемде илимий-ғалабалық түрде үйренилген ҳалда заманагөй мәлимлеме технологиялары жәрдеминде санластырылады ҳәм анимациялық түрде исленеди. Бул өз-өзинен ҳәзирге шекем жәрияланған басқа оқыў әдебиятларынан пайдаланыў имканиятының кеңлиги, глобалласыў дәўиринде дүнья жәмийетшилигине үгит-нәсиятлаўдың шексизлиги ҳәм қолайлығы менен ажыралып турады. Сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли изертлеўшилер ушын түсиниги қыйын сөзлердиң түсиндирме сөзлигин жаратыў ҳәм сол арқалы жаслар және дүнья жәмийетшилигиниң материаллық емес мәдений мийрасқа итибарын арттырыў нәзерде тутылған.

    Ҳәзирги қарақалпақ жыраўлары, бақсылары ҳәм олар атқарған дәстанлар бойынша мағлыўматлар жыйнаў, айрықша әҳмийетли элементлерин ЮНЕСКО тәрепинен қорғалатуғын объектлер дизимине киргизиўге таярлық көриў, мәдений мийрасқа байланыслы мағлыўматларды ғалаба ен жайдырыў режелестирилген. Сондай-ақ, санлы архивлерди жаратыў, мәлимлемени визуалластырыў ҳәм мәдений мийрастың компьютер таллаўын өткериў күтилмекте.

    Рисолат МАДИЕВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates