Мағлыўматларға қарағанда, 1939-1945-жыллары болып өткен Екинши жер жүзилик урысқа сол жыллары дүньяда өзиниң суверенлик статусына ийе 74 мәмлекеттиң 62 елинен 127 миллионнан аслам адам қатнасып, соның 71 миллионнан асламы өмирден биймезгил көз жумды.
Екинши жер жүзилик урыстың тамам болғанына 80 жыл болды. Сонша ўақыт өтсе де оның тарийхы, қайғы ҳәм мүсийбетлери умытылмайды. Керисинше, урыстың аянышлы ақыбетлери, тынышлық-татыўлықтың қәдирин еске түсиреди. 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни тийкарында мине, усындай мазмун жәмленген.
«9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласында Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының атлы кавалериясы ҳәм Қарақалпақстан шабандозлар мектеби тәрбияланыўшыларының қатнасыўында атлылар парады өткерилди.
«Жеңис парки»нде «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын ҳәм фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткенлерди қәдирлеў - Өзбекстан Республикасы социаллық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири» атамасында семинар болып өтти.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги усы күн мүнәсибети менен дем алыс күнлерин жәриялады.
Бүгинги күнде Өзбекстанда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген ветеранлардың саны 82 ни қурайды.