Қарақалпақстан Республикасында өткерилген "Арал туризми" халықаралық ҳәптелиги шеңберинде Нөкис қаласында "Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар" халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтти.
Жақында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған ең үлкен жойбарлардан бири болған халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Қоңырат-Бейнеу» аралығындағы жаңадан қурылған автомобиль жолының 240 километри халқымыздың абаданлығы ушын пайдаланыўға тапысырылған еди.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеӊберинде Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты хызметкерлери Арал теӊизиниӊ қурыған түбинде шорланған топырақларда жетистириў ушын бейим өсимлик түрлерин анықлаў бойынша сынақлар өткермекте.