Хызметкер штат қысқарыўы ямаса маманлығы жетерли болмағаны ушын жумыстан босатылып атырғанда, жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық басқа жумысқа өткериўди, бундай жумыс болмаған жағдайда болса жумыс бериўшиде бар болған ҳәр қандай басқа жумысты усыныўы шәрт.
Шаңарақлық поликлиникада мийнетке жарамсызлық бети, кеселлик түрине қарап, биринши мүрәжат етилгенде, 5 күннен 7 күнге шекем ашылыўы мүмкин.
Олий Мажлис Сенатының үшинши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплекси («YMMT” IDAK) арқалы электрон тәртипте дүзиледи.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер ҳәм басқармалардың ўәкиллери менен кәсиплик аўқамлары белсендилериниң «Мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.