Халықты басламалы бюджет процесине кеңнен тартыўды күшейтиў, бюджет қаржыларының бир бөлегин жәмийетшилик пикири тийкарында жумсаў бойынша әмелге асырылған ислерди турақлы даўам еттириў, сондай-ақ, өткен дәўир ишинде арттырылған тәжирийбени инабатқа алған ҳалда бул системаны және де жетилистириў мақсетинде, 2024-жыл 30-ноябрьдеги Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң «Басламалы бюджет» процесслерин өткериў ҳәм қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул тийкарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қанлыкөл районында бир қатар социаллық объектлер қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылмақта.
Мәмлекетимиз Президентиниң усы жылдың 19-20-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында белгилеп берген тапсырмаларының орынланыўын қадағалаў мақсетинде, Өзбекстан Мәҳәллелер ассосациясы баслығы Қаҳрамон Қуронбоев хызмет сапары менен Бозатаў районындағы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынында болды.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, спортшылар ушын жаратылған шараятлар, әсиресе, халықтың түрли қатлам ўәкиллериниң ғалаба спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын исленип атырған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.