"Жасыл экономика" ҳәм жоқары билимлендириў уйғынлығы. Ол қандай болыўы керек?

    Пикир 20 желтоқсан 2025 19

    Бүгин адамзат раўажланыўы тарийхында пүткиллей жаңа басқыш қәлиплеспекте.

    . Климат өзгериўи, тәбийғый ресурслардың шекленгенлиги, қоршаған орталықтың деградациясы ҳәм экологиялық қәўипсизлик мәселелери енди тек ғана экологлар ямаса айрықша тараў қәнигелериниң машқаласы емес, ал пүткил жәмиет ҳәм мәмлекетлер алдындағы стратегиялық ўазыйпаға айланды. Усы мәниде "жасыл экономика" концепциясы XXI әсирдиң ең әҳмийетли раўажланыў модели сыпатында ортаға шықпақта.

    "Жасыл экономика" - бул тек ғана қайта тикленетуғын энергия ямаса шығындыларды азайтыў менен шекленип қалыўшы түсиник емес. Ол экономикалық өсиў, социаллық турақлылық ҳәм экологиялық теңсалмақлылықты өз-ара үйлестирген ҳалда раўажланыўды тәмийинлейтуғын комплексли система болып есапланады. Өзбекстанда бул бағдардағы жумыслар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғаны бийкарға емес. Себеби турақлы келешек бүгин қабыл етилип атырған қарарлар, таярланып атырған кадрлар ҳәм қәлиплесип атырған пикирлеў менен белгиленеди.

    2019-2030-жылларға мөлшерленген "жасыл экономика"ға өтиў стратегиямыз узақ мүддетли раўажланыў "жол картасы"н қәлиплестирди. Бул ҳүжжетте энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, шығындыларды қайта ислеў ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген. Ол экономиканың барлық тармақларын қамтып алыўы менен бирге, инсан капиталын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратады.

    Бүгин Өзбекстан 2030-жылға шекемги дәўирде ыссыхана газлери шығындыларын кескин азайтыў, электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тикленетуғын дәреклердиң үлесин сезилерли дәрежеде арттырыў сыяқлы анық ҳәм үлкен мақсетлерди өз алдына қойған. Кейинги жыллары қуяш ҳәм самал электр станцияларының қурылысына тартылып атырған миллиардлап долларлық инвестициялар бул бағдардың қаншелли үлкен экономикалық потенциалға ийе екенин көрсетпекте.

    Бирақ анық түсиниў керек, "жасыл экономика"ның табысы тек ғана технология ҳәм финанслық ресурсларға байланыслы емес. Тийкарғы шешиўши фактор инсан капиталы, яғный заманагөй билимге, экологиялық пикирлеўге ҳәм инновациялық пикирлеў қәбилетине ийе қәнигелер болып есапланады. Әне усы жерде жоқары билимлендириў системасы стратегиялық әҳмийетке ийе.

    Соңғы сегиз жылда Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасы түп-тийкарынан жаңаланды. Студентлер санының бир неше есеге артыўы, жаңа университетлер ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларының ашылыўы, билимлендириўге қамтып алыўдың кеңейиўи - булардың барлығы мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын күшейтиўге хызмет етпекте. Бүгинги күнде жүз мыңлаған питкериўшилер экономиканың түрли тармақларына кирип келмекте ҳәм мине усы жаслар "жасыл экономика"ның тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланыўы керек.

    Ҳәзирги ўақытта таллаўлар "жасыл экономика"ға өтиў процесинде ең үлкен машқалалардан бири маман кадрлардың жетиспеўшилиги екенин көрсетпекте. Энергетика, аўыл хожалығы, санаат, транспорт ҳәм қурылыс тараўларында энергия нәтийжелилиги, ресурс үнемлеў, экологиялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў бойынша жетерли билим ҳәм көнликпеге ийе қәнигелер елеге шекем аз. Бул болса жоқары билимлендириў системасынан жаңа қатнасларды талап етеди.

    "Жасыл экономика" шараятында жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўазыйпасы тек ғана қәниге таярлаў менен шекленип қалмаўы керек. Олар илимий изертлеў, инновация ҳәм жәмийетлик сананы қәлиплестириў орайларына айланыўы зәрүр. Қайта тиклениўши энергия, суў ресурсларын басқарыў, "жасыл" қурылыс, "ақыллы" аўыл хожалығы ҳәм климат технологиялары бағдарларындағы илимий излениўлер реал экономика талаплары менен тығыз байланыслы болыўы әҳмийетли.

    Ҳүкимет, бизнес ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң бирге ислесиўине тийкарланған "үш тәреплеме спираль" модели "жасыл" инновацияларды әмелиятқа жедел енгизиў имканиятын береди. Бундай модель шараятында жоқары билимлендириў мәкемелери аймақлық раўажланыў бағдарламалары, санаат жойбарлары ҳәм социаллық басламаларда белсене қатнасып, билим ҳәм әмелиятты үйлестиреди.

    Билимлендириў мазмунын "жасыл экономика" талапларына бейимлестириў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы. Оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларына турақлы раўажланыў, климат өзгериўи экономикасы, ресурс үнемлеўши технологиялар, экологиялық менеджмент, "жасыл" қаржы ҳәм ESG қатнаслары бойынша пәнлерди кеңнен енгизиў зәрүр. Әсиресе, "жасыл" бухгалтерия есабы ҳәм аудит системаларын раўажландырыў кәрханалар жумысының экологиялық жақтан ашық-айдынлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

    Дәстүрий бухгалтерия системасы көбинесе тек ғана финанслық нәтийжелерге итибар қаратады. "Жасыл" бухгалтерия есабы болса экологиялық қәрежетлер, углерод изи, қоршаған орталыққа тәсир сыяқлы факторларды экономикалық таллаўға интеграциялаў имканиятын береди. Бул болса мәмлекетлик ҳәм бизнес дәрежесинде және де тийкарлы ҳәм жуўапкершиликли қарарлар қабыл етиўге жәрдем береди.

    "Жасыл экономика"ның беккем тийкары илимий-изертлеў жумысларысыз қурылмайды. Климат сценарийлерин баҳалаў, суў ҳәм энергетика балансын моделлестириў, шөллениўге қарсы гүресиў, энергия үнемлеўши материаллар жаратыў сыяқлы бағдарлар узақ мүддетли ҳәм комплексли изертлеўлерди талап етеди. Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе. Erasmus+, БМШ ҳәм басқа да халықаралық финанс институтлары менен биргеликтеги қоспа жойбарлар профессор-оқытыўшылардың потенциалын арттырыў, жаңа оқыў курсларын енгизиў ҳәм студентлердиң академиялық мобиллигин кеңейтиўге хызмет етпекте. Бул болса питкериўшилердиң тек ғана ишки емес, ал халықаралық мийнет базарында да бәсекиге шыдамлы болыўына тийкар жаратады.

    Жоқары билимлендириў мәкемелериниң өзи де "жасыл кампус" принциплери тийкарында раўажланыўы әҳмийетли. Энергия үнемлеўши имаратлар, қуяш панеллери, суўды үнемлейтуғын технологиялар, шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў системалары, кең көлемли көклемзарластырыў жумыслары студентлерге "тири лаборатория" ўазыйпасын атқарады. Бул процесс жасларда экологиялық жуўапкершилик ҳәм саналы мүнәсибетти қәлиплестиреди.

    "Жасыл экономика"ға өтиў жаңа Өзбекстан ушын тек ғана экономикалық реформа емес, ал билимлендириў, ой-пикир ҳәм мәденият реформасы болып есапланады. Жоқары билимлендириў системасы бул процесстиң бас драйверине айланған жағдайда ғана мәмлекетимиз турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы раўажланыў жолына исенимли қәдем қояды. Жоқары билимлендириў мәкемелери билим ҳәм инновация орайы сыпатында "жасыл" идеяларды әмелиятқа енгизиўи керек. Себеби турақлы келешек әйне усы дәргайлардан басланады.

    Олимжон ДУЙСЕНБОЕВ,

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

    оқыў ислери бойынша проректоры


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates