Мәмлекеттиң улыўма жер майданы 44,9 миллион гектарды қурайды. Бул ҳаққында Кадастр агентлиги хабар берди.
Қарақалпақстан Республикасында 2009 жағдайда жәми 136 гектар жер майданы нызамсыз ийеленгени анықланды.
Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасының өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызамын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
2024-жылдың өткен 11 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен 45 мың 407 турақ жайға ҳәм 2800 турақ жай емес объектлерге мүлк ҳуқықын бериўши кадастр паспорты таярлап берилген.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша өткен 11 ай даўамында 4476 жағдайда 574,8 гектар жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланған.