Мағлыўмат ушын: Пакистан Қубла Азиядағы ең ири тутыныў базарларынан бири болып, жаңа түрдеги өнимлер ушын фитосанитариялық рухсатнамалар алыў:

Экспорт көлемин арттырыў

жаңа саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеў

миллий өнимлерди халықаралық базарларда алға қойыў

экспорт географиясын диверсификациялаў

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Пакистан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының Исламабадта болып өткен 10-мәжилисинде Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги директорының кеңесгөйи Улуғбек Юнусов додалаўларда қатнасып, жаңа алма, әнжир, лимон ҳәм ашшы бурыш экспортын жолға қойыў бойынша келисимге ерисилгени атап өтилген.

2026-жыл жағдайына бола, Пакистанға экспорт етиў шеңберинде 4 түрдеги өнимге руқсатнама алынып, жәми экспортқа руқсат етилген өнимлер саны 29 ға жетти.