Белгиленген тәртипке бола, жеңиллетилген жоллама тийкарында медициналық
жәрдем алыў ушын наўқас өзи бириктирилген басланғыш медициналық-санитариялық
жәрдем көрсетиў мәкемесине мүрәжат етеди. Шаңарақлық шыпакер наўқасты тексерип,
амбулаториялық ямаса стационар емлениў зәрүрлигин анықлайды.
Егер наўқас стационар шараятта емлениўге мүтәж болса, ол “DMED”
системасындағы электрон жоллама тийкарында районлық ямаса қалалық көп тармақлы
орайлық поликлиниканың тар қәнигесине жибериледи. Зәрүр жағдайларда тар
тараў қәнигеси тәрепинен қосымша лабораториялық ҳәм инструменталлық тексериўлер
тайынланады.
Тексериў
нәтийжелери бойынша емлеўханада емлениў зәрүрлиги анықланса, тийисли жуўмақ ҳәм
тексериў нәтийжелери “DMED” мәлимлеме
системасына киргизиледи. Наўқастың жеңилликли категорияға кириўи мәлимлеме
системаларын интеграциялаў арқалы анықланып, оның ҳүжжетлери аймақлық
медициналық таңлаў комиссиясына жибериледи.
Комиссия наўқасқа
қандай емлеў кереклигин ҳәм оны қайсы дәрежедеги медицина мәкемесинде өткериў
мақсетке муўапық екенлигин анықлайды. Яғный, районлық ямаса қалалық, ўәлаятлық
ямаса республикалық дәрежедеги мәкемеде емлениў зәрүрлиги ҳаққында жуўмақ
шығарылады.
Егер наўқас
республика дәрежесинде емлениўге мүтәж болса, республика комиссиясына наўқастың
өзи емес, ал оның ҳүжжетлери “DMED”
системасы арқалы жибериледи. Республикалық комиссия емлеўди мақуллаўы ямаса оны
аймақлық дәрежеде өткериў мүмкинлиги ҳаққында жуўмақ шығарыўы мүмкин.
Республикалық
дәрежеде емлениўи тастыйықланғаннан соң, наўқасқа медициналық шөлкемди таңлаў
ҳуқықы бериледи. Таңлаўды наўқастың өзи ямаса оның қәлеўине бола, шаңарақлық
шыпакер “DMED” системасы арқалы
әмелге асырады.
Системада тийисли
диагноз ҳәм зәрүр медициналық араласыў түри бойынша хызмет көрсетиўге
рухсатнама алған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң дизими
қәлиплестириледи.
Наўқас бул
дизимнен тийисли медициналық шөлкемди таңлап, 30 күн ишинде жолламаны
тастыйықлаўы керек.
Буннан кейин
наўқас тийисли бағдарлама бойынша электрон нәўбетке қойылады. Нәўбет келгенде
жоллама автомат тәризде тастыйықланады ҳәм медицина шөлкеми бул ҳаққында
наўқасқа мәлим етеди.
Наўқас жоллама
тастыйықланған күннен баслап 10 күн ишинде медициналық шөлкемге мүрәжат етиўи
керек. Болмаса, жоллама өз күшин жоғалтады ҳәм наўқас және гезекке турыўы керек
болады.
Соның менен
жолламаны рәсмийлестириў ҳәм электрон гезекке қойыў процеси жуўмақланады,
буннан кейин наўқасты емлеў басқышы басланады.
Диагностика ҳәм
емлеў белгиленген стандартлар, клиникалық протоколлар ҳәм медициналық
көрсетпелерге муўапық әмелге асырылады. Жоқары технологиялық медициналық жәрдем
көрсетиўде де белгиленген тәртипке әмел етиледи.
Емлеў ушын зәрүр
болған дәри-дәрмақ қураллары, қымбат баҳалы медициналық буйымлар ҳәм басқа да
тийисли қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғыны нәзерде
тутылған. Сол себепли бул емлеў шеңберинде наўқастан қосымша төлемлер
алынбайды.