Бул тарийхый орынларға туристлер ағымын асырыў ушын алып барылып атырған жумыслар шеңберинде Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети,  Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы ҳәм Хожели районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестириўинде “Миздақхан муқаддес ҳәм сырлы мәкан” атамасында халықаралық фестиваль өткерилди.

Фестиваль шеңберинде “Мәдений хабардарлықты арттырыў ҳәм экологиялық турақлы туризмди раўажландырыў” атамасындағы үшинши халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Олий Мажилис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының басшысы А.Хамзаев,  Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессор-оқытыўшылары, Қытай, Малайзия, Индонезия мәмлекетлеринен келген экспертлер ҳәм студент жаслар қатнасты. Конференцияға онлайн түрде қатнасқан  Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ. Шарипов конференция жумысына табыслар тиледи.


Илимий конференцияда сөзге шыққанлар Қарақалпақстанда тарийхый орынлардың көп екенлиги, оған дүнья кең жәмийетшилигиниң итибары артып атырғанлығы, әсиресе, район аймағында жайласқан “Миздакхан” мәдений мийрас комплекси өзгеше көриниске ийе тарийхый естелик екенлигин атап өтти. Сырт елден келген эколог, археолог ҳәм туризм бойынша қәнигелер өз баянатларында Қарақалпақстанда туризм ҳәм экологияны еле де жақсылаў бойынша өз усынысларын билдирди. Конференция даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен Хожели районы ҳәкими Жеңис Ермашев Жоқары билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын раўажландырыўда ҳәм туризм тараўында кадрлар потенциалын арттырыўда қосқан үлеси ушын “Олий таълим аълочиси” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Конференция қатнасыўшылары район ҳәкимлиги жанында шөлкемлестирилген миллий көргизбелер менен танысты. Соң районында жайласқан ашық аспан астындағы еки мың бес жүз жыллық тарийхқа ийе Миздақхан комплексиндеги тарийхы

б.э.ш III әсирден басланатуғын Гәўир қала, XII-XIII әсирлерде қурылған “Мазлумхан сулыў” “Ережеп Халифа”, “Шамун Набий” “Жомарт қассап”, “Қырық шопан” естеликлерин тамашалап, өзлерине жақсы тəсирлер алды. Буннан соң, район аймағында жайласқан “Пирим ийшан баба” жоъме мешитинде болып, Ҳәзирети Асқар Эшонбаба мақбарасын зыярат етти.

Фестиваль шеңбериде Жаслар орайында миллий өнерментшиликтиң – гилемшилик өнери бойынша жәрияланған таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы өткерилип, онда жеңимпазларға ақшалы ваучер ҳәм баҳалы саўғалар  тапсырылып, таңлаўдың барлық қатнасыўшыларына Бухара ўәлаятына гилемшилик өнери бойынша шөлкемлестирилип атырған арнаўлы оқыў курсына бийпул жолламалар берилди.

Илажда Ташкент мәмлекетлик экономика университети студентлери ҳәм район жаслары  ҳәр түрли спорт жарысларына  қатнасып, шахмат, шашка, стол тенниси, волейбол ҳәм “Зәкаўат” интеллектуал ойынлары менен өз ўақытларын жүдә мазмунлы өткерди.

Буннан соң, “Dilishine” модель агентликтиң миллий кийимлер дефиле көргизбеси болып өтти. Онда  миллийлигимизди сəўлелендириўши кийимлер заманагөй түс берилген көринисте бәршеге инам етилди. Фестиваль  гала концерт пенен даўам етип, онда қарақалпақ эстрада жулдызлары өзлериниң йошлы қосықлары менен халқымызға өзгеше байрам кейпиятын бағышлады.

Мағлыўмат ушын, “Миздақхан муқаддес ҳәм сырлы мәкан” халықаралық фестиваль ҳәм “Мәдений хабардарлықты арттырыў ҳәм экологиялық турақлы туризмди раўажландырыў” атамасындағы биринши халықаралық илимий-әмелий конференция 2024-жыл 17-18-май күнлери өткерилип, оған АҚШ, Қубла Корея, Ирландия, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлерден экспертлер, илимпазлар  қатнасқан болса,  екинши халықаралық конференция 2025-жыл 23-24-май күнлери аралығында шөлкемлестирилип, онда  Түркия, Ҳиндстан, АҚШ, Филиппин мәмлекетлеринен илимпазлар, экспертлер, тарийхшылар қатнасты.  Фестивальға жылдан жылға қатнасыўшы мәмлекетлердиң санының артып барыўы бул бизиң тарийхымыздың байлығы ҳәм оған шет ел алымларының қызығыўшылығыныӊ артыўынан бир дәлил десек болады.

Бул орындағы тарийхый мақбараларды қайта тиклеў бойынша халықаралық шөлкемлер менен де бирге ислесиўлер жолға қойылған. Мысалы ушын, 2024-жыл Америка Қурама Штатлары елшиханасы Миздақхан комплексиндеги XII әсирге тийисли “Ережеп Халифа” мақбарасын қайта тиклеў ушын 80 мың доллар ажыратты.

Бул ислердиң нәтийжелери әлбетте тарийхый орынларға келип атырған туристлер ағымының көбейиўинен көриўимиз мүмкин. Себеби, кейинги

2 жыллықта бул жерге келиўши туристлердиң саны еки-үш есеге артқан.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2025-жыл 14-августта  “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары менен Қарақалпақстан Республикасының ески, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик маршрутлар мәнзилли бағдарлама тийкарында жолға қойылыўы белгиленген. Мәнзилли бағдарлама менен Хожели районы аймағындағы “Миздакхан” археология-архитектура комплексинде туристлик комплекслерди зәрүр инфраструктуралар менен тәмийинлеў ушын

7,6 млрд. сум қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылыўы нәзерде тутылған.

                               Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.