Бул меморандумның тийкарғы мақсети парламентлик қадағалаў процесслерин заманагөй илимий-методологиялық көзқараслар тийкарында тәмийинлеў, нызам дөретиўшилигиниң сапасын арттырыў, сондай-ақ, аймақларда жынаятшылық факторларын криминологиялық жақтан терең үйрениў, жынаятшылық динамикасын илимий прогнозлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы жумысларды және де күшейтиўден ибарат.
Меморандум шеңберинде тәреплер жынаятшылықтың себеп ҳәм шараятларын илимий таллаў, криминоген жағдайды баҳалаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин арттырыў бойынша бирге ислеседи.
Сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламалар, соның ишинде, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформаларды экспертлик таллаў ҳәм олардың орынланыўын системалы мониторинг етиў нәзерде тутылмақта.
Бул меморандум парламент жумысын илимий жақтан тәмийинлеў, ҳуқық қорғаў тараўындағы реформаларды тереңлестириў, мәмлекетте жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириўге хызмет етеди.