Регулятор хабарында атап өтилгениндей, додаланып атырған тема Фискал изертлеўлер институты тәрепинен өткерилген илимий-аналитикалық изертлеўлер шеңберинде жүзеге келген. Орайлық банк илимий-изертлеў шөлкемлери тәрепинен халықаралық тәжирийбе ҳәм экономикалық процесслер турақлы үйренилип, ҳәр қыйлы аналитикалық усыныслар ислеп шығылып атырғанын атап өтти.

Онда билдирилген пикир тек ғана изертлеў нәтийжелериниң презентациясы ўақтында билдирилген болып, бул рәсмий баслама ямаса әмелге асырыў ушын усыныс емес.

Сондай-ақ, Орайлық банк бундай усынысларды көрип шығыўда олардың финанслық ресурслардың баҳасына, банклердиң ресурс базасына ҳәм банк системасының финанслық турақлылығына көрсетиўи мүмкин болған тәсирин ҳәр тәреплеме баҳалаўға айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтти.

Солай екен, социаллық тармақларда тарқатылып атырған банк аманатлары бойынша процент дәраматларына салық салыў енгизилиўи ҳаққындағы мағлыўматлар рәсмий нызамшылық басламасы статусына сәйкес келмейди.