MEDEF
International - сыртқы базарларда
халықаралық саўда, технологиялық бирге ислесиў ҳәм узақ мүддетли инвестициялық
байланысларды алға қойыў бойынша Франция бизнесиниң тийкарғы платформаларынан
бири болып есапланады.
Ушырасыўда
Өзбекстан ҳәм Франция қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени
атап өтилди. 2025-жылы товар алмасыў 1,4 миллиард долларға, 2026-жылдың
январь-май айларында болса 775 миллион долларға жетти (өсиў - 150 процент).
Тәреплер әмелий
бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады. Жумыс алып барып атырған
бағдарлар арасында EDF менен энергетика тараўында 2 миллиард долларлық, Наўайы
ўәлаятында Orano менен 600 миллион долларлық санаат жойбары, сондай-ақ, Voltalia
компаниясының қуяш ҳәм самал энергетикасы тараўында 325 миллион долларлық
басламалары бар.