Сөйлесиўлер ўақтында металлургия, агросанаат, электротехника ҳәм тоқымашылық тармақлары, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, фармацевтика ҳәм басқа да бағдарлардағы биргеликтеги басламалардың орынланыў барысы додаланды.

Еки мәмлекет аймақларында қоспа санаат объектлерин қурыў жумысларын баслаў ҳәм өндирислерди иске қосыўға таярлаў бойынша келеси анық қәдемлер келисип алынды.

2025-жылы мәмлекетлер арасында товар алмасыў 30 процентке өсип, 912,3 миллион долларды қурады, соның ишинде, экспорт - 683 миллион доллар, импорт - 229,3 миллион доллар. Бүгинги күнде еки мәмлекет аймақларында 500 ден аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта: Өзбекстанда Тәжикстан капиталының қатнасыўында 386 кәрхана ҳәм Тәжикстанда Өзбекстан капиталының қатнасыўында 116 кәрхана.