Пенсия ҳәм напақалар арттырылмақта
Пенсия ҳәм напақалардың муғдары, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлемлери 10 процентке арттырылмақта. Бунда төмендегилер белгиленди:
жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары - айына 918 мың сум;
майыплық пенсияларының ең аз муғдары - айына 1 012 мың сум;
кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасының айлық муғдары:
- 360 мың сум - 3 жасқа шекемги бир киши перзент ушын;
- 275 мың сум - 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзент ушын;
- 165 мың сум - шаңарақтағы екинши перзент ушын қосымша;
- 110 мың сум - шаңарақтағы үшинши ҳәм ҳәр бир кейинги перзент ушын;
кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары - 420 мың сум.
Пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - айына 471 мың сум.
Пенсияларды тайынлаўдың жаңа тәртиби
Пуқараларға мәмлекетлик пенсиялар ҳәм компенсацияларды проактив түрде тайынлаўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби енгизиледи:
пуқараларға I ямаса II топар майыплығы белгилениўи мүнәсибети менен пенсияларды айрықша мүрәжат талап етпеген ҳалда тайынлаў;
көриў қәбилети бойынша I топар майыплығы болған шахсларға ҳәм ядролық полигонлар ҳәм басқа да радиация-ядролық объектлерде әскерий хызметти өтеген шахсларға компенсацияларды электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында тайынлаў;
майыплық пенсиясы тайынланғанынан соң кеминде бир жыл мийнет стажына ийе болғанда пуқараның пенсия муғдарын ҳәр еки жылда қайта есаплаўды әмелге асырыў.
Шыпакерлер үстеме алады
Республиканың барлық мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеселликлердиң аўыр дәрежеси ҳәм емлеўдиң қурамалылығынан келип шығып, арнаўлы көнликпелерди талап ететуғын емлеў илажларын ҳәм жоқары қәўип дәрежесиндеги әмелиятларды нәтийжели әмелге асырған шыпакерлерге айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 25 проценттен 100 процентке шекем үстеме төлеў системасы енгизиледи.
Майыплығы болған шахслар ушын салық жеңилликлерин алыў аңсатластырылады
Нызамшылықта белгиленген салық жеңилликлери майыплығы болған шахсларға олардың мүрәжатысыз проактив түрде қолланылады.
Ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында мөр ҳәм штамплар бийкар етиледи
Ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп қойыў және оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи. Барлық тәртип-қағыйдалар усы ҳүжжетлерди электрон түрде тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады.
Шегара арқалы машинада өтиўде ФЖМС талап етиледи
Шегара арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў енгизиледи. Бунда:
қамсызландырыў полисин рәсмийлестириў бажыхана уйымларының мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылады;
шет мәмлекетлерде дизимнен өткерилген автотранспорт қуралларын бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полиси бар болғанда әмелге асырылады.
Исбилерменлик пенен шуғылланыў шараятлары жақсыланады
2028-жыл 1-январьға шекем киши ҳәм орта бизнес субъектлерине жаңа миннетлемелер жүклениўин нәзерде тутатуғын НҲҲ қабыл етиўге мораторий жәрияланады.
Исбилерменлик субъектлери ушын жаңа тәртипке салыў қуралларын белгилеўди ямаса әмелдегилерин күшейтиўди нәзерде тутатуғын НҲҲларға "бирдей сәнеден жаңа қағыйдалар" принципи қолланылады ҳәм бул нормалардың күшке кириў сәнеси 1-январь ямаса 1-июль етип белгиленеди.
2028-жыл 1-январьға шекем "Биринши имканият" принципи енгизиледи, яғный биринши жумыс жылы даўамында саўда ҳәм исбилерменлик тараўларына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты биринши рет ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.
Мәмлекет функцияларының бир бөлеги жеке меншик секторға тапсырылады.
Жеке секторға төмендегилер тапсырылады:
риелторлар ҳәм баҳалаўшылардың маманлық имтиханын өткериў ҳәм оларға маманлық сертификатын бериў;
суд басқарыўшысының маманлық гүўалығын бериў;
баҳалаўшыларға категория бериў;
есаплағышларды тексериў;
карантин астындағы өнимлерди зиянсызландырыў (фумигация) искерлиги;
гид (гид-аўдармашы), экскурсовод ҳәм инструктор-жолбасшыға қәнигелик сертификатын бериў;
медициналық шөлкемлерди аккредитациялаў ҳәм басқалар.
Акционерлерди қорғаўдың жаңа илажлары енгизиледи
Қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер, девелоперлер ҳәм буйыртпашылар (қурылысшылар) тәрепинен объектлерди қурыўда үлеслик қатнасыў тийкарында үлес ийелериниң қаржыларын тартыў тек ғана кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткен объектти қурыўда үлеслик қатнасыў бойынша нотариал тастыйықланған шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
ҚҚС бойынша жеңиллик бийкар етиледи
Бирден-бир тарифлер бойынша жолаўшыларды тасыў хызметлери айланысы ушын қосымша қун салығы бойынша жеңиллик бийкар етиледи.
Балалар бақшаларында келиўди электрон есапқа алыў енгизиледи
Барлық мәмлекетлик МШБШларда хызметкерлер ҳәм тәрбияланыўшылардың электрон келиўи, жумыс ўақты, тәрбияланыўшылардың аўқатланыў қәрежетлерин "Балалар бақшасы" мәлимлеме системасы арқалы есапқа алыў енгизиледи.








