Тек ғана бүгин күндиз Ферғана ойпатында, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады, деп хабар бермекте Ўзгидромет.

Ҳаўа температурасы 32-35 дәреже әтирапында, қублада айырым жерлерде 38 дәрежеге шекем болады, бул август айының басы ушын бақланған климат нормаларынан 1-2 дәрежеге төмен.

Республиканың айырым орынларында самалдың тезлиги 13-16 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.

1-август күни Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Ташкентте: бүгин күндиз ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Дем алыс күнлери ҳаўа тийкарынан аз бултлы болады. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, күнниң екинши ярымында самалдың тезлиги 12-15 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнде 20-23, күндиз 32-35 дәреже ыссы болады.