Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды, сырт елдеги ўатанласларымызды Өзбекстан ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық даңқлы сәнеси менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Ғәрезсизлик байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!
Ҳүрметли дослар!
Бүгин, мине усы уллы әййям күнлеринде ҳәммемиз бир турмыслық ҳақыйқатты терең сезинбектемиз. Жаңа Өзбекстан идеясы тийкарында баслаған үлкен реформаларымыз себепли ғәрезсизлик берген ҳуқық ҳәм еркинликлерди ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында терең сезинип, бул имканиятлардан кеңнен пайдаланбақта.
Әне, усы уллы идея тийкарында биз үш мың жыллық бай тарийхымыз ҳәм мәдениятымызды қайтадан аңладық. Елимиз жериндеги Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәстүрлерин раўажландырып, Үшинши Ренессансқа қарай исенимли әмелий қәдемлер қоймақтамыз.
Бул жолда Жаңа Өзбекстан мәмлекети, Жаңа Өзбекстан жәмийети уллы тарийхымызды жаңа - және де жоқары Ояныў дәўири менен байланыстыратуғын беккем көпир болып хызмет ететуғынына исенемен.
Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың "Бул әлемди жаратыўдан мақсет - инсан еди, оны бахытлы көриў еди", деген пикирлеринде терең мәни жәмленген. Халқымыз әсирлер даўамында әрман етип, гүресип өткен инсан қәдирин улығлаў, оны бахытлы етиў - барлық реформаларымыздың мәнис-мазмунын қурамақта.
"Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли принципке тийкарланған Жаңа Өзбекстан идеясы әмелде қүдиретли ҳәрекетке айланды.
Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, экономикамыз 6 проценттен жоқары пәтлерде турақлы өсип атырғаны халқымыз өз таңлап алған жолынан исенимли баратырғанын көрсетпекте.
Елимиз халқы жылына орташа 700-800 мың адамға көбеймекте. Мийнет базарына ҳәр жылы 500-600 мың жаслар кирип келмекте. Сонша адамды оқытыў, кәсип-өнерге үйретиў, оларға жумыс таўып бериў өз-өзинен болмайды, әлбетте. Буның ушын турақлы ислейтуғын система, кепилленген инвестиция ҳәм инфраструктура керек.
Соны алдыннан терең ойлап, биз бул бағдарда анық бағдарламаларды қабыл еттик. Биз мәҳәллеге түсип, өзин-өзи бәнт еткен исбилерменнен баслап ири бизнеске шекем - ҳәммесин айрықша көзқарас тийкарында қоллап-қуўатлаў бойынша система жараттық.
Жаңа Өзбекстанда исбилерменлик экономиканы ҳәрекетке келтириўши, алға баслаўшы үлкен күшке айланды, деп толық исеним менен айтыў мүмкин.
Санларға итибар берейик: кейинги сегиз жылда жалпы ишки өнимимиз 2 есеге артып, өткен жылы 115 миллиард долларға, экспорт көлеми 26 миллиард долларға жетти. Жыл жуўмағы менен жалпы ишки өнимимиз 130 миллиард доллар болады. Алтын-валюта резервлеримиз тарийхымызда биринши мәрте 48 миллиард доллардан асты, өткен сегиз жылда елимизге дерлик 130 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келди.
Булардың барлығы реформаларымыздың нәтийжеси, раўажланыўымыздың беккем кепили, абырайлы финанс институтлары ҳәм сырт ел компанияларының жоқары исеними емес пе?
Халқымыздың көз алдында мыңлаған заманагөй кәрханалар, социаллық-экономикалық инфраструктура объектлери бой тиклемекте. Итибар бериң, быйыл жәми 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңға шамалас жаңа кәрхана, хызмет көрсетиў комплекслери қурылады. Ең уллы байрамымыз алдынан 4 миллиард долларлық 79 ири объект иске қосылды.
Өткен дәўирде тек ғана киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Бүгин бул тармақта 10 миллионнан аслам халқымыз мийнет етип, дәрамат таппақта.
Биз жыл басында 5,5 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен шек алған едик. Сегиз айда-ақ 5 миллионлық режени орынладық.
Ең әҳмийетлиси, реформаларымызға исенип, усы жылдың өзинде сырт елде жумыс ислеп атырған 700 мың пуқарамыз елимизге, өз шаңарағының қушағына қайтты.
Дәстүримизге бола, өткен ҳәптеде исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерип, бизнес ўәкиллери көтерген барлық мәселеге шешим таўып бердик. Олар ушын 50 триллион сумнан аслам жаңа ресурс, жеңиллик ҳәм жеңилликлер жаратыўға келисип, қарарын да шығардық. Биз бул жумысларды исенимли даўам еттиремиз.
Өзбекстан дүньяға кеңнен ашылғанынан соң сырт ел туристлериниң саны өткен жылы 10 миллион адамнан, туризм хызметлериниң экспорты болса 3 миллиард доллардан артты.
Тарийхымыз, миллий өзлигимизди тиклеў мақсетинде қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандтағы Имам Бухарий зыярат етиў орны сыяқлы үлкен ҳәм бийбаҳа комплекслерде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары жуўмақланбақта.
Халқымыздың руўхый потенциалына ҳәр тәреплеме мүнәсип болған бундай бийтәкирар естеликлер халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги ушын жаңа ҳәм тартымлы орынларға айланатуғынына исенемен. Бул комплекслер исбилерменлеримизге туристлерди және де көбирек тартыўда қосымша имканиятлар есигин ашады.
Және бир мақсетимиз - ҳадал ислеген исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға имканиятларды көбейтиўден ибарат.
Сол себепли "Ҳадал мийнет - тыныш турмыс ҳәм абадан жәмийет гиреўи" деген сүрен тийкарында "жасырын" экономиканы жылаўлаў бойынша әҳмийетли илажларды әмелге асырмақтамыз. Бул процессте пуқаралық институтлары, жәмийетлик қадағалаў субъектлери, ғалаба хабар қураллары, парламент ҳәм жергиликли кеңеслер және де белсене қатнасады.
Қәдирли ўатанласлар!
Экономикамыз раўажланыўы, халқымыздың көбейиўи менен қәўипсиз ҳәм турақлы энергия ресурсларына талап артып бармақта.
Өткен сегиз жылда абонентлер саны 25 процентке, яғный, қосымша 1 миллион 600 мыңға, тутыныў көлеми болса 54 процентке ямаса қосымша 25 миллиард киловатт саатқа артты. Соның ушын биз келеси раўажланыўымызды "жасыл" экономика раўажланыўында көрмектемиз.
Бәринен бурын, "жасыл" энергия үлесин арттырыў бойынша мисли көрилмеген қәдемлер қойдық. Нәтийжеде электр ислеп шығарыў қуўатлылықлары 2016-жылдағы 59 миллиард киловатт сааттан 85 миллиард киловатт саатқа жетти, келеси жылы бул 97 миллиард киловатт сааттан асламды қурайды.
Усы жылдың өзинде 6,5 миллиард киловатт саат "жасыл" энергия ислеп шығарылды. Ең әҳмийетлиси, жәми генерация қуўатлықларында "жасыл" энергия үлеси 30 процентке жетти.
Биз 2030-жылға шекем және 35 миллиард доллар тиккелей инвестиция есабынан "жасыл" энергия үлесин 54 процентке алып шығамыз.
Тәбиятқа меҳирли мүнәсибет арқалы келешек әўладларға өнимдарлы жер, таза суў, таза ҳаўаға ие болған гөззал Ўатанымызды мийрас етип қалдырыўды муқаддес миннетимиз, деп билемиз.
Усы мақсетте "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларымызды және де кеңейтемиз. Бул бағдарда "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырып атырған үлкен бағдарламаларымыз үлкен әҳмийетке ийе.
Кейинги сегиз жылда елимизде 31 миллион квадрат метрден аслам ямаса дерлик 12 мың көп қабатлы турақ жайдың қурылғаны тарийхый қәдем болды. Усы жылдың өзинде "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде және 130 мың квартиралы заманагөй турақ жайлар қурылып, халыққа тапсырылады.
2030-жылға шекем пүткил дүньяда қолланылып атырған "жасыл қала" стандартлары тийкарында барлық қалаларымызда жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткеремиз.
Нәтийжеде мәмлекетимиз турақлы энергия менен тәмийинленеди, экологияға, адамларымыздың саламатлығына зыянлы тәсирлер кескин азаяды.
Соның менен бирге, мастер режелер тийкарында ҳәр бир аўыл ҳәм мәҳәллеге қаладағы қолайлықларды алып келемиз. Киши қалаларды заманагөй инфраструктура тийкарында раўажландырып, оларды жаңа басқышқа көтеремиз.
Әзиз ўатанласлар!
Биз елимизде социаллық қорғаў сиясатының пүткиллей жаңа моделин жараттық. Бул система шаңарақларға шекем кирип барғаны, жәрдемге мүтәж халық пенен индивидуал ислесиўди жолға қойғанымыз, "Инсан" орайларын шөлкемлестиргенимиз - ҳәмме ушын тең имканият жаратылған инклюзив жәмийетти қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Ҳәммемиз бир ҳақыйқатты түсинип алыўымыз керек: елимизде жат адам да, жат бала да жоқ. Бәршемиз бирден-бир ел перзентлеримиз, бирден-бир Ўатанның раўажланыўы ушын хызмет етемиз.
Усы мәнисте, бир ғана қыйын жағдайға түсип қалған ўатанласымыздың тәғдири ҳәммемизди бирдей тәшўишке салыўы керек.
Себеби, халқымыздың ең үлкен қүдирети - мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм аўызбиршиликте.
Бул бағдарда "Жолдаслық бағдарламасы"на муўапық ата-ана меҳринен айырылған 11 мың баланы билимлендириў, кәсип-өнер, спорт системасына қамтып алғанымыз әҳмийетли нәтийже болды. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 2,5 миллионнан аслам ағзаларына 110 түрдеги жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиў жолға қойылды. Улыўма етип айтқанда, усы жылдың өзинде жәрдемге мүтәж халықты социаллық қорғаўға 19 триллион сум қаржы қаратып атырмыз.
Булардың барлығы өз нәтийжесин берип, елимизде кәмбағаллық дәрежесин 6,8 процентке түсириўге еристик. Халықаралық шөлкемлер 5-6 жыл алдын бул санды 35 процент әтирапында баҳалағанын есапқа алсақ, қысқа дәўирде бул бағдарда қандай үлкен жолды басып өткенимиз анық белгили болады.
Биз исбилерменликти раўажландырыў, кекселер, ҳаял-қызлар, жаслар, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жумысларымызға жаңа пәт беремиз.
Халқымыз ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарындағы реформаларымыз бир минут та тоқтамайды.
Ҳүрметли дослар!
Сапалы тәлим-тәрбия, халқымыздың саламатлығы - келешектеги раўажланыўымызды шешетуғын ең әҳмийетли мәселе.
Соңғы сегиз жылда жеке меншик сектор менен биргеликте бақшалардағы орынларды 2,5 миллионға, қамтып алыўды 78 процентке жеткердик. Жаңа мектеплер қурғанымыз, барларын кеңейткенимиз есабынан қосымша 1 миллион оқыўшы орны жаратылды.
Заманагөй сабақлықлар, алдынғы педагогикалық технологиялар тийкарында мектеп билимлендириўине жаңа мазмун, жаңа сапа кирип келмекте.
Усы дәўирде жоқары билимлендириўде де кескин бурылыс жасап, қамтып алыўды 9 проценттен 42 процентке жеткердик. Әсиресе, студентлердиң 53 процентин ҳаял-қызларымыз қурап атырғаны айрықша итибарға ылайық.
Ҳәзирги ўақытта дүньяның топ жоқары оқыў орынларында 2 мыңнан аслам студентлеримиз билим алмақта. Олардан 750 и "Эл-юрт умиди" қоры арқалы мәмлекет есабынан оқымақта.
Өткен жылы елимиз жаслары топ-500 лик жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда биринши орынды ийелегени бәршемизди әлбетте қуўандырады.
Әсиресе, перзентлери дүньядағы ең абырайлы университетлерде билим алып атырған ата-аналардың қуўанышын сөз бенен айтып болмайды.
Усы жерде быйылғы жылдан баслап мектеплеримизде үлкен бир унамлы жағдай көзге тасланып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Яғный, елимиздеги 3 мектеп жоқары оқыў орынларына кириў бойынша 100 процентлик нәтийжеге еристи. Булар - Қаракөл районындағы мектеп-интернат, Наўайы қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернат, Жиззақ қаласындағы Ҳамид Олимжан ҳәм Зульфия атындағы дөретиўшилик мектеби.
Бул, әлбетте, "Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады" деген ийгиликли идеямыздың әмелдеги көриниси болып есапланады. Бундай нәтийжелерден елимиздеги басқа мектеплер де, әлбетте, үлги алады, деп исенемен. Барлық билимлендириў дәргайларына Үшинши Ренессанс нәпеси және де күшлирек кирип барады.
Соңғы жыллары медицина ушын қаржыларды 6 есеге арттырдық, сапалы медициналық хызметлерди мәҳәллеге шекем түсирдик.
Адамларымыз жоқары технологиялы медициналық хызметлер ушын алдын тек пайтахтқа келетуғын еди. Ҳәзир бундай әмелиятлардың 400 ден асламы ўәлаят ҳәм районлардың өзинде орынланбақта.
Кеселликлердиң алдын алыў, халық арасында саламат турмыс тәризин енгизиўге үлкен әҳмийет қаратып атырмыз.
Халықтың турмыс шараятларының жақсыланып барыўы нәтийжесинде орташа өмир сүриў дәрежеси 73,8 жастан 75,1 жасқа узайды.
Биз тәлим-тәрбия ушын, халықтың саламатлығы ушын, муғаллим ҳәм шыпакерлерди қоллап-қуўатлаў ушын қанша күш ҳәм қанша қаржы керек болса, барлығын жумсаймыз!
Қәдирли ўатанласлар!
Бүгинги жасларымыздың ҳаўазы, идея ҳәм басламалары, күш-ғайраты барлық тараў ҳәм тармақларға терең кирип бармақта. Олар халқымыздың неше жыллық арзыў-әрманларын реал ҳақыйқатлыққа айландырмақта.
Жасларымыздың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, ана тили менен бирге шет тиллерин пуқта үйрениўи ушын имканиятлар барған сайын кеңейип бармақта.
Бүгин арамызда санаат, сервис, аўыл хожалығы, IТ, илим, мәденият ҳәм спортта үлкен жетискенликлерге ерисип атырған ул-қызларымызды көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Мине, футбол бойынша миллий сайланды командамыз мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизип, көп жыллық арзыў-нийетимизди әмелге асырды.
Студент жасларымыз болса Халықаралық жазғы универсиада ойынларында 116 мәмлекет арасында биринши мәрте топ-15 ликке кирди, Орайлық Азияда биринши орынды ийеледи.
Усы байрам алдынан 19 ҳәм 22 жасар боксшилеримиз Азия чемпионы деген жоқары атаққа ийе болып, өзбек бокс мектебиниң даңқын дүньяға және бир мәрте көрсетти.
Денисаў ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, Өзбекстанды ҳақыйқый спорт мәмлекетине айландырыў мақсетинде перспективалы ул-қызларымызға арнап Ташкентте үлкен Олимпиада қалашасын қурдық.
Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте заманагөй билимлендириў ҳәм билим беретуғын Футбол академиясы бой тикледи.
Заманагөй спорт архитектурасының бийбаҳа дүрданасы болған бул комплекслер мыңлаған болажақ чемпионларымыз ушын жоқары пәрўаз майданына айланатуғынына исенемен.
Усы жылдың өзинде жасларымыз абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында 2 алтын, 8 гүмис, 5 қола медалын қолға киргизди. Биз Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасында химиядан - екинши, математика ҳәм экономикадан - үшинши, IТ ҳәм география бойынша төртинши орынды ийелеген ул-қызларымыз тымсалында болажақ хорезмийлер, берунийлер, ибн синаларды көремиз.
Қатарлары барған сайын кеңейип атырған бундай умтылыўшаң, қәбилетли жаслар - Жаңа Өзбекстанның алтын әўлады, мақтанышымыз тымсалы.
Бүгинги умытылмас демлерде мен пүткил Өзбекстан жасларына қарата айтпақшыман.
Әзиз перзентлерим, бәрқулла есте сақлаң:
бахыт - умтылғандики, жеңис - гүрескентики!
Келешекти мәртлер, тарийхты жеңимпазлар жаратады.
Бәрқулла алға қарай умтылың, баҳадыр улларым, ақыллы қызларым!
Сизлердиң ийгиликли ислериңизде Ўатан, халық, Президент бәршеңизге ҳәмийше исенимли таяныш ҳәм сүйениш болады.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстан инсан қәдири үстин болған ҳуқықый мәмлекет ҳәм сондай болып қалады.
Биз әдил судлаўға ерисиў ушын суд жумысларын толық санластырыў, инсан факторын азайтып, жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланыў бағдарында жедел жумыс алып бармақтамыз. Экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислер бойынша суд имаратына барып отырыўға зәрүрлик болмайды - тәреплер судта онлайн қатнасады, судларда ашық-айдынлық тәмийинленеди. Қысқаша айтқанда, мәмлекетимиз "санластырылған ҳәм әдил суд дәўири" босағасында тур, десек, асыра айтқан болмаймыз.
Соңғы үш жылда судланған шахслардың 70 процентине еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланды. Үш мыңға шамалас пуқараға болса ақлаў ҳүкими шығарылды. Жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм дүзелиў жолына исенимли кирген үш мыңнан аслам ўатанласымыз әпиў етилди.
Күни кеше мине усындай және 523 ўатанласымызды өз шаңарағының қушағына қайтарыў бойынша пәрманға қол қойдым.
Бундай тарийхый қәдемлер ўақтынша кампания емес, ал мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги үзликсиз процесс болып есапланады. Биз "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идея тийкарында бул жумысларымызды жаңа, жоқары басқышқа алып шығамыз.
Халқымыздың абаданлығына унамсыз тәсир етип атырған коррупция, монополия, бюрократия, дәмегөйлик, руўхый қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўди кескин даўам еттиремиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Дүньяда геосиясий жағдай оғада кескин түс алып атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Бундай қәўипли дәўирде Өзбекстанның сиясий жолы қандай болыўы керек? Жеделлик пенен өзгерип атырған халықаралық майданда өзимизге мүнәсип орынды ийелеў ушын не ислеўимиз зәрүр? Бул сораўлар ҳәр бир ўатанласымызды ойландырады, әлбетте.
Ҳәзирги қыйын шараятты есапқа алып, ғәрезсизлигимизди, елимиздеги тынышлықты, миллетлер ҳәм динлер арасындағы аўызбиршиликти беккемлеў ушын келешекте де бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.
Бүгин Өзбекстанның ҳаўазы регионаллық ҳәм халықаралық майданда барған сайын бәлент жаңламақта. Елимиз дүньядағы көплеген абырайлы саммитлер, халықаралық форумлар өтетуғын сиясий орайлардан бирине айланды. Бул әнжуманлар Өзбекстанның дүнья халқын тынышлық ҳәм бирге ислесиўге шақыратуғын ийгиликли шақырығы сыпатында көзге тасланбақта.
Усы жерде сыртқы сиясат бағдарындағы позициямызды және бир мәрте атап өтпекшимен.
Бәринен бурын, Орайлық Азия мәмлекетлери менен көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара исеним руўхындағы байланысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығамыз.
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлери менен дәстүрий, кең көлемли ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын және де кеңейтемиз.
АҚШ, Европа ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлер менен саўда-экономикалық, финанслық, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыў, кең көлемли шериклик ҳәм әмелий байланысларды беккемлеймиз.
Қубла Азия, Жақын ҳәм Орта Шығыс, Африка регионындағы мәмлекетлер менен жаңа ҳәм перспективалы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын транспорт-логистика коридорларын жаратыўға айрықша итибар қаратамыз.
Аўғанстан регионаллық ҳәм глобал қәўипсизликтиң әҳмийетли факторы екенинен келип шығып, бул мәмлекеттиң ҳүкимети менен конструктивлик ҳәм әмелий бирге ислесиў алып барыў зәрүр, деп билемиз.
Биз Палестин халқы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюциялары менен тастыйықланған ҳуқыққа, яғный, өзиниң ғәрезсиз мәмлекетин қурыў ҳуқықына ийе, деген исенимли позициямызды және бир мәрте билдиремиз.
Ел-журтымыз урыс ҳәм апатшылықлар ўақтында аўыр жағдайға түсип қалған бийгүна инсанларға бәрқулла бийғәрез жәрдем көрсетип келген.
Биз инсаныйлық дәстүрлеримизге садық қалып, Өзбекстанға алып келинген Палестина пуқараларына мийманларымыз сыпатында зәрүр социаллық, материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы пәрман қабыл еттик.
Кеңпейил, мийрим-шәпәәтли халқымыз усы пәрманда нәзерде тутылған илажларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларды әмелге асырыўда белсене қатнасады, деп исенемен.
Абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, финанс институтлары менен тығыз бирге ислесиў турақлы итибарымыз орайында болады.
Усы күнлерде Қытайда және бир ири әнжуман - Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитинде, оның шеңберинде көплеген ушырасыў ҳәм илажларда қатнасамыз.
Сол себепли Ғәрезсизлик байрамын бүгин сиз, әзизлер менен, халқымыз бенен биргеликте белгилеп, ел-журтымыздан пәтия алып, ертең жолға шығыўды режелестиргенбиз. Әлбетте, мине, усы саммит нәтийжелери де Жаңа Өзбекстанның дүньядағы орны ҳәм абырайын арттырыўға, көп векторлы сыртқы сиясат бойынша стратегиялық мақсетлеримизди әмелге асырыўға хызмет етеди.
Пурсаттан пайдаланып, салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине нәтийжели бирге ислесиў ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Алдымызда қандай сынақ ҳәм машақатлар пайда болмасын, биз демократиялық реформаларды тереңлестириў, миллий бирлик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, халқымызды разы етиў жолынан ҳасла артқа қайтпаймыз. Баслаған уллы ислеримизди әлбетте ақырына жеткеремиз.
Ҳеш қашан умытпайық: биз ҳәммемиз бир халық, бир мәмлекет, бир шаңарақпыз!
Ҳәммемиздиң тәғдиримиз, келешегимиз, бахытымыз ҳәм табысымыз да бирден-бир ҳәм улыўмалық.
Ҳәр бир ўатанласымыздың жетискенлиги - бул мениң жетискенлигим, тәшўиши - мениң тәшўишим, деген пикир менен жасасақ, жетискенлигимиз көбейип, тәшўишимиз әлбетте азайып барады.
Тилекке қарсы, дүньяда түрли қәўип-қәтерлер көп. Бирақ оларға қарсы биргеликте, бир тән бир жан болып гүрессек, әлбетте жеңемиз.
Ийгиликли мақсетке қол усласып, шын кеўилден ҳәрекет етсек, әлбетте утамыз.
Ҳәр бир ўатанласымыз турмыстың өзи алдымызға қойып атырған мине усындай өткир талапларды терең аңлап, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында шын кеўилден хызмет етеди, деп исенемен.
Бул уллы әййямда Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы иске мүнәсип үлес қосып атырған барлық инсанларға, мийнеткеш, кеңпейил халқымызға миннетдаршылық билдирип, шын кеўлимнен тәжим етемен.
Ҳүрметли ўатанласларым!
Бәршеңизди Ғәрезсизлик күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, жүрегимдеги ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Алла таала әзиз журтымызды өз панасында сақласын!
Ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңараққа тынышлық ҳәм татыўлық, қут-берекет, бахыт-ығбал ҳәмийше яр болсын!
Жасасын Өзбекстан мәмлекети!
Жасасын Өзбекстан халқы!