Ана тәбият - инсанияттың улыўма үйи

    Пикир 7 желтоқсан 2024 5598

    Оны сақлап қалайық!

    Биз жүдә көп экологиялық машқалалар жүз берип атырған қәўипли дүньяда жасап атырмыз. Адамзат мүтәжликлери нәтийжесинде атмосфераға ҳәр түрли газлер тәсири, биосфера өзгериўи, жердеги температура көтерилиўи, теңиздиң қәдди көтерилиўи менен ҳәр түрли тәбийий апатлар жүзеге келмекте.

    Озон қатламының жемирилиўи, душши суў жетиспеўшилиги, жердиң жасыл қапламының кемейиўи, ыссыхана газлары шығындыларының көбейиўи ҳәм жердиң мелиоративлик жағдайының өзгериўи, тәбийий ресурслардың кемейиўи, қала қурылысы, урбанизация процесслери улыўма инсаныйлық машқалалардан есапланады. Ең ашынарлысы болса биологиялық ҳәр түрлиликтиң жоқ болып кетиўи, өсимлик ҳәм ҳайўанлардың қырылып кетиўи бақланбақта. Шексиз тоғайлардың кесилиўи, суў ҳәм ҳаўаның патасланыўы нәтийжесинде тәбиятта экосистеманың теңсалмақлығы бузылады. Булардың барлығы инсанлардың тәбиятқа көрсетип атырған унамсыз тәсириниң нәтийжеси деп айтыў керек. Ҳәр қыйлы санаат кәрханалары, аўыл хожалығы ҳәм турмыслық шығындылар тек ғана тәбиятқа, адамлар

    Қала ҳәм аўылларда шығынды муғдарының артып барыўы ҳәр қыйлы кеселликлердиң көбейиўине ҳәм тәбийий ресурслардың азайыўына алып келеди. Бул машқалалардың шешими болса қурамалы ҳәм ҳәр тәреплеме қатнасты талап етеди.

    Бәринен бурын, инсанлар арасында экологиялық сана ҳәм мәдениятты арттырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиятты басқарыў тараўындағы интеллектуаллық ҳәм илимий потенциалдан толық пайдаланыў дәрежесин арттырыў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, инсан бүгин тәбиятқа болған мүнәсибетиниң жуўабын ертең әлбетте алады.

    Пүткил дүньяда бақланып атырғанындай, елимизде де экология менен байланыслы машқалалар барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Бүгинги күнде энергетика, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, машина қурылысы сыяқлы тараўларда және де раўажланыў, бундай жағдайлардың экосистемаға тәсириниң алдын алыў, тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға байланыслы машқалаларға шешим табыў мақсетинде тараў қәнигелери тәрепинен бир қатар илажлар ислеп шығылмақта.

    Мәмлекетимиздиң бас нызамы - жаңа редакциядағы Конституцияда белгиленгениндей: "Мәмлекет турақлы раўажланыў принципине муўапық, қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў бойынша илажларды әмелге асырады".

    Бул бағдарда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, Президентимиздиң 2022-жыл 2-декабрьдеги "2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасының "жасыл" экономикаға өтиўине қаратылған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарарының қабыл етилиўи елимиздиң "жасыл" келешегине кең жол ашты. Онда қатаң белгиленген ыссыхана газлерин қысқартыў, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў өнимдарлығын арттырыў, электр энергиясының жумсалыў көлемин азайтыў, суўдан пайдаланыў ҳәм суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў, жылына 200 миллион нәл егиў ҳәм улыўма санын 1 миллиардтан арттырыў, республикалық тоғай фонды резервлериниң көрсеткишин 90 миллион куб метрден асламға жеткериў, қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў дәрежесин арттырыў, санаат тармақларында "жасыл" экономикаға өтиў сыяқлы тийкарғы бағдарлар "жасыл" Өзбекстанның келеси стратегиялық мақсетлерин нәтийжели әмелге асырыў механизми болып хызмет етпекте. Мәмлекетимиздиң экологиялық қорғалыўын беккемлейтуғын нызамлар ҳәм "жасыл" реформалар халқымыздың турмысында бүгин өзиниң әмелий көринисин таппақта.

    Усы жылдың 21-октябрь күни Президентимиздиң басшылығында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Онда режелестирилген жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис, Арнасай, Қаракөл ҳәм Мүбәрек районларында келеси жылы суўға ҳәм шорға шыдамлы галофит өсимлигинен ибарат 4 бағ жаратылатуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезмниң 250 мың гектар шөллеринде суў талап етпейтуғын сексеўил, қандим, черкез туқымлары дрон менен егиледи. Бәҳәр мәўсиминен тоғай хожалықларынан саламат ана плантациясын таңлаў арқалы жылына 1,5 мың тонна туқым таярланады.

    Қубла Корея тәжирийбеси бойынша суўға шыдамлы, климат шараятына сай жабық тамырлы контейнер ҳәм ин-витро усылында 2 миллион нәл алыў жолға қойылады. Маҳмуд Мирзаев атындағы институттың Самарқанд, Хорезм, Ташкент ҳәм Ферғана ойпатлығындағы жерлеринде жылына 10 миллион дана мийўели терек ҳәм саяманлы нәллер жетистириледи.

    Нәл егиў жумысларын шөлкемлестириўде "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери өзине бириктирилген көшелерде 100 түптен жәми 6 миллион дана саяманлы терек өсиреди; басқа көшелер, бос майданлар ҳәм көп қабатлы жайлардың әтирапына 3 миллион түп нәл егиледи; улыўма, мәҳәллелерде 20 миллион дана саяманлы ҳәм мийўели терек егиў мүмкин болады.

    Усы ўатанда туўылып, оны муқаддес деп билетуғын барлық ўатанласларымызды терең ойлаўға ҳәм дөретиўшиликке шақырып атырған бундай ўазыйпалар, әлбетте, келешек әўлад турмысы ушын исленип атырған жумыслардың айырымлары болып есапланады.

    Ана тәбиятты оның қушағындағы жасыл ғәзийнелери менен сақлап қалыў ҳәм бизден кейинги әўладларға таза ҳалында жеткериў жолында дүнья халықлары жәм болып, биргеликте ҳәрекет етиўи оғада әҳмийетли. Сондай-ақ, раўажланып атырған мәмлекетлерге климат қәўиплерин анықлаў ушын жетекши мәмлекетлер ҳәм халықаралық институтлардың техникалық жәрдемин кеңейтиў әҳмийетли болып есапланады.

    Мәмлекетимиз басшысының БМШның Климат өзгериўи бойынша Баку қаласында өткерилген конференциясында (СОР29) шығып сөйлеген сөзинде климат өзгериўи, экологиялық машқалалар бүгинги күндеги глобал қәўип екени тийкарлы түрде атап өтилди. Буның тәсири, әсиресе, Орайлық Азияда артып баратырғаны ҳәм халықтың турмыс тәризин жақсылаў және раўажланыў стратегияларын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырғаны кескин атап өтилди. Геосиясаттың кескинлесиўи азық-аўқат, суў ресурслары, энергетика қәўипсизлиги мәселелеринде машқалаларды күшейтип жибериўи ашық билдирилди. Регионда ҳаўа температурасының жедел өсиўине жол қоймаў ҳәм усы жүз жыллықта температураны 1,5-2 градус әтирапында сақлап қалыў бас мақсетимиз екени атап өтилгени машқала улыўма инсаныйлық ҳәм тоқтатып болмайтуғыны, жеделлик пенен қатаң илажлар көриў талап етилиўин көрсетеди. Бул көзқарас дүнья халықларын күтилип атырған қәўип-қәтерге қарсы бирлесиўге шақырып, инсаният, қалаберсе, планетамыздың жасыл келешегин сақлап қалыў бағдарында мәмлекетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликтиң әҳмийетин көрсетеди. Себеби, инсан факторы себепли жүз берип атырған климат өзгерислери ҳәм олардың зыянлы ақыбетлери ҳеш бир мәмлекетти шетлеп өтпей атырғаны ҳақыйқат.

    Бул бағдарда елимиздеги углерод нейтраллығына ерисиў бойынша кең көлемли реформалар, 2030-жылға шекем ҳаўаға ыссыхана газлериниң шығарылыўын 35 процентке азайтыў режесиниң ислеп шығылғаны ҳәм бул миннетлемени 2050-жылға шекем және де кеңейтиўге байланыслы көрсетпелер мәмлекетимиз жетекшисиниң дүнья дәрежесиндеги реформатор, күшли стратег, ҳақыйқый келешек дөретиўшиси, адамгершилик идеяларының дөретиўшиси екенин әмелде және бир мәрте дәлилледи. Буннан тысқары, Аралбойы регионының социаллық-экологиялық машқалаларын шешиў, "жасыл" экономиканы раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаўға қаратылған бес басламаның алға қойылыўы дүнья мәмлекетлериниң итибары ҳәм тән алыўына себеп болды. Әлбетте, бүгинги күнде пүткил дүнья илимпазлары планетамыздың тәбийий жасыл келешегин сақлап қалыў ушын гүреспекте. Бул бағдарда Лондондағы Халықаралық әмелий системалы таллаў институты (IIASA) ҳәм Нью-Йорктағы Колумбия университетиниң илимпазлары тәрепинен климатқа байланыслы қәўип-қәтерлер жүзеге келетуғын аймақлардың дәслепки глобаллық картасының жаратылыўы әҳмийетли ўақыя болды. Бул карта климаттан ең көп зыян көрген аймақларды анықлаў ҳәм мисли көрилмеген ыссылық себепли артып баратырған қәўипти сапластырыў жолындағы әҳмийети менен актуал.

    Мәмлекетимизде соңғы жылларда "Жасыл мәкан", "Жасыл белбеў", "Мениң бағым" улыўма миллий жойбарлары шеңберинде мәҳәлле бағларын жаратыў, сондай-ақ, мектеп ҳәм бақшалар, жоқары оқыў орынлары ҳәм емлеўхана аймақларына көплеген мийўели ҳәм саяманлы тереклер егиў, мәдений тоғайлар жаратыў бойынша болып атырған реформалар халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм тәбийий қатламлар менен байланыслы глобал машқалаларды нәзерде тутқан ҳалда экология тараўында жаңа форматтағы заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер тийкарында потенциаллы, инновациялық қәнигелер ҳәм экспертлерди таярлаў, "жасыл" экономикаға өтиў мақсетинде бир қатар стратегия ҳәм концепциялар қабыл етилмекте. Атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) шөлкемлестирилгени ҳәм ўәлаятларда усы жоқары оқыў орны филиаллары, техникумларының жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы әмелий жумыслар елимиз тәбиятын сақлаўға қаратылған гезектеги әҳмийетли қәдем болып есапланады. Қуўанышлы тәрепи, енди бул илимий дәргай халықаралық рейтинглерде жетекши орынларды ийелеген дүньяның "жасыл" университетлери менен стратегиялық бирге ислесиў байланысларын орнатыўы ҳәм экология, қоршаған орталықты қорғаў, тоғай хожалығы ҳәм гидрометеорология тараўында жетик қәнигелерди, ана тәбиятты қорғаўшы "исенимли қоллар"ды таярлаўы мүмкин. Бундай ийгиликли жойбарларды жаратыў ҳәм әмелге асырыў жумыслары мәмлекетимизде даўам етпекте, "Жасыл мәкан", "Жасыл экономика" түсиниклери халқымыздың санасына терең кирип барды.

    Бәршемиз дурыс түсинген бир ҳақыйқат бар, жасыл планета - инсанияттың улыўма үйи, ўатаны ҳәм әўладлардың ертеңги күни. Кислородтың есап-санақсыз дәреги болған қутқарыўшы жасыллықтың қурыўына ҳеш қашан жол қоймаўымыз, душши суўды үнемлеўимиз, зәҳәрли шығындылардың тәбиятты аяўсыз қырып атырғанына тым-тырыс қарап турмаўымыз шәрт. Оның ушын, бәринен бурын, өзимизде экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, зиялы сыпатында әтирапымыздағы инсанларды ана тәбияттың тазалығы жолында изимизге ертиў ҳәм биргеликте ҳәрекет етиўимиз тийкарғы инсаныйлық миннетимиз болып табылады.

    Баҳодиржон ШЕРМУҲАММАДОВ,

    педагогика илимлериниң докторы, профессор

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates