Аўыл хожалығын модернизациялаў

    19 желтоқсан 2024 9

    Президент қарары бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады

    Фермер хожалықлары ҳәм агрокластерлерди үнемли, арзан, санлы басқарылатуғын технологиялар менен тәмийинлеў - дәўир талабы. Бул болса жаңа техникаларды жойбарлаў, үлгилер жаратыў ҳәм дала сынақларын өткериў жумысларын системалы жолға қойыўды талап етеди.

    Президентимиздиң усы жыл 12-декабрьдеги "Аўыл хожалығын механизациялаў дәрежесин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге хызмет етеди.

    Аўыл хожалығын механизациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм бул процессте жәҳән илим жетискенликлеринен кеңнен пайдаланыў турақлы раўажланыўға жол ашады. Дүнья тәжирийбеси ҳәм мәмлекетимизге тән өзгешеликлерди есапқа алыўды зәрүрликке айландырған бул процесс тек ғана аўыл хожалығында емес, ал социаллық-экономикалық турмыста түпкиликли өзгерислер ҳәм инновациялық жаңалықлар менен байланыслы модернизацияны қамтып алады. Заманагөй Өзбекстан аўыл хожалығын механизациялаўдың әҳмийети болса бир қатар факторлар ҳәм зәрүрликлер менен белгиленеди. Бар техникалардың ескиргени, жарамсыз жағдайға келип қалғаны, қаржы ресурсларының жетиспеўшилиги, заманагөй технологияларға шекленген кириў имканияты ҳәм кадрлар менен байланыслы машқалалар механизация тармағын модернизациялаў зәрүрлигин жүзеге шығарады.

    Қарар тийкарында аўыл хожалығында төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў имканияты және де кеңейеди:

    • аўыл хожалығы техникалары ҳәм үскенелери парклерин жаңалаў ҳәм көбейтиў, жоқары өнимли, энергия үнемлеўши техникадан пайдаланыўды хошаметлеў;
    • автоматластырыў ҳәм робототехникадан аўыл хожалығы өндирис процесинде пайдаланыў ҳәм де өндирис процесин мониторинг етиў ҳәм басқарыў ушын мәлимлеме технологияларын қолланыў;
    • бул бағдарды қаржылай қоллап-қуўатлаў, жаңа техникалар сатып алыў ушын жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар бағдарламаларын енгизиў, мәмлекетлик-жеке меншик сектор инвестицияларын тартыў;
    • кадрларды оқытыў, қәнигелигин арттырыў, фермерлер ҳәм механизаторлар ушын оқыў ҳәм қайта таярлаў бағдарламаларын әмелге асырыў, оқыў орайларын шөлкемлестириў ҳәм тренинглер өткериў;
    • инфраструктура ҳәм сервис хызметлерин раўажландырыў, аўысық бөлеклер ҳәм жумсалыўшы материаллар үзликсизлигин тәмийинлеў;
    • тәбийий ресурсларды сақлаўға жәрдем беретуғын экологиялық таза технология ҳәм усылларды қолланыў, аўыл хожалығының қоршаған орталыққа тәсирин азайтыўға қаратылған илажларды ислеп шығыў;
    • нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, бул бойынша мәмлекетлик бағдарламалар менен басламаларды енгизиў;
    • халықаралық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлер менен бирге ислесиўди орнатыў, аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылған жойбарлар менен бағдарламаларда белсене қатнасыў.

    Булардың нәтийжесинде тек ғана аўыл хожалығын механизациялаў дәрежеси ҳәм нәтийжелилиги артып қоймастан, ал аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми де көбейеди. Сапасы жақсыланып, өндирис қәрежети де азаяды. Рентабеллик артады.

    Ҳәзирги ўақытта қарарға муўапық, айырым аўыл хожалығы техникалары бажы ҳәм утилизация жыйымынан азат етиледи. Соның ишинде, 2025-жыл 1-январьдан аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериўде әмелдеги нызамшылыққа муўапық қолланылатуғын жеңилликлер (субсидия, салық ҳәм бажыхана жеңиллиги ҳәм қаржылай жәрдем) тек ғана жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм дилерлер арқалы айланысқа шығарылатуғын аўыл хожалығы техникаларына қолланылады.

    2027-жыл 1-январьға шекем болса белгиленген талапларға жуўап беретуғын пахта териў комбайнлары, өзи жүретуғын от-жем жыйнаўшы ҳәм бағшылық комбайнлары, нәл көмиў, ашыў техникалары, сырт елден алып келинетуғын әне усындай техникалар бажыхана бажысы ҳәм утилизация жыйымынан азат етиледи.

    Сондай-ақ, келеси жылы 1-марттан жеңилликлерден пайдаланған ҳалда сатып алынған, соның ишинде, республикамызда ислеп шығарылған ҳәм импорт етилген жаңа тракторлар, комбайнларды GPS қурылмасын орнатпаған ҳалда мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм пайдаланыў қадаған етиледи. 2028-жылдан баслап болса шигит ҳәм бийдайды анық даналап екпейтуғын сеялкалардан пайдаланыўға жол қойылмайды.

    Аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши исбилерменлердиң буйыртпасы (талабы) бойынша халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларының жолланбасына тийкарланып жумыссыз жасларды заманагөй аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши қәниге сыпатында ҳәм усы техникаларды басқарыўшы операторлыққа (тракторшы-машинист) оқытыў ҳәм қайта таярлаў қәрежетлери Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды есабынан қапланады. Бул бағдарда дерлик бир әсирлик дәстүрге ийе илимий орай - "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университети айрықша орын ийелейди. Усы мақсетте заманагөй аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши инженер-техник хызметкерлерди ҳәм усы техникаларды басқарыўшы операторларды таярлаўда алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында материаллық-техникалық база ҳәм оқыў-норматив ҳүжжетлер таярланған. Жергиликли өндирис кәрханаларының техникалары, сондай-ақ, Германияның “CLАAS”, Қытайдың “4MZ-4 CRCC”, “Case New Holland”, “Jhon Deer” компанияларының трактор ҳәм комбайнлары, техникалық қураллары, агрегатларын ислетиў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм диагностикалаў тәртиби үйретилмекте.

    Заманагөй аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши қәнигелер ҳәм усы техникаларды басқарыўшы операторлыққа таярлаў ушын курслар ашылған. Қурамалы ишки жаныў двигателлерин оңлаў ҳәм жанылғы майлаў материалларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша инженер-техникалық кадрлар өз алдына таярланады. Оларға заманагөй аўыл хожалығы техникасы операторы, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оны оңлаў бойынша бирден-бир түрдеги гүўалық бериледи.

    Президентимиздиң қарары аўыл хожалығының барлық тармағында сапасын тәмийинлейтуғын жаңалықларды үзликсиз әмелиятқа енгизиў арқалы турақлы өсиўди тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Баҳодир МИРЗАЕВ,

    техника илимлериниң докторы, профессор